Ушырасыўда ықлымның өзгериўи шараятында инсанлардың белсендилигин арттырыў бойынша "Жипек жолы декларациясы"н қабыл етиў басламасын додалаўға тийкарғы итибар қаратылды. Ҳүжжетти 2025-жыл 4-5-апрель күнлери Самарқанд қаласында болып өтетуғын Биринши Самарқанд ықлым форумы шеңберинде тастыйықлаў усыныс етилмекте.
Министр бирге ислесиўди және де тереңлестириў ушын ықлым өзгериўи шараятында таўлы аймақларда миграция машқалаларын үйрениў, биргеликте изертлеўлер алып барыў ҳәм Самарқанд қаласында болып өтетуғын Ықлым конференциясында усынылыўы режелестирилген Аймақлық жасыл раўажланыў концепциясына үлес қосыўды усыныс етти.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер "Ықлым өзгериўи ақыбетинде ҳаўа температурасының көтерилиўи ҳәм ыссы толқынлардың мигрантлардың саламатлығына тәсирин баҳалаў ҳәм Миллий бейимлесиў режесин әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў" биргеликтеги жойбарын әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер режесине қол қойды.
2025-жылдың февралынан 2026-жылдың майына шекем әмелге асырылатуғын жойбардың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
- миграция, экология ҳәм ықлым өзгериўи бойынша еки тәреплеме брифинглер өткериў;
- Өзбекстанның миллий нызамлары, норматив ҳүжжетлери, стратегия ҳәм режелерин карталастырыў ҳәм таллаў;
- Температураның көтерилиўи ҳәм ыссы толқынлардың мигрантлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының саламатлығына тәсири бойынша усынысларды ислеп шығыў;
- Ықлым өзгериўи ақыбетлерин жумсартыўға қаратылған басқа илажлар.
Ушырасыў халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм ықлым өзгериўи нәтийжесинде жүзеге келген экологиялық ҳәм миграция машқалаларын шешиўдиң нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.