Усы жерде Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған инсан қәдирин улығлаў ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаўға қаратылған басламалар бүгинги күнде өзиниң әмелий көринисин таўып атырғанын атап өтиў орынлы.

Мине, усы ийгиликли мақсетлер шеңберинде пуқаралардың реал талаплары терең үйренилип, ҳәр бир жағдай бойынша индивидуаллық баҳалаў өткерилип, жәрдемге мүтәж шаңарақларға турмыслық техника, асхана буйымлары, тигиў машиналары, дәри-дәрмақ, кийим-кеншек ҳәм басқа да керекли буйымлар берилмекте.

Бул жәрдемлер тек ғана пуқаралардың күнделикли талапларын қанаатландырыўға емес, ал олардың социаллық турақлылығын тиклеў, өз турмысын жаңа басқыштан баслаўға болған исенимин беккемлеўге хызмет етеди.

Алыс аймақ турғынларының машқалалары пуқаралық жәмийети институтлары тәреплеринен де үйренилип барылмақта ҳәм машқалаларға шешим табылмақта.

Президентимиздиң басламасы менен басланған жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған ийгиликли жумысларды әмелге асырыў бойынша берилген тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының финанслық жәрдеми тийкарында “Юксалиш” ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен алыс үш аймақ халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде суў фильтрлери орнатылды.

Атап айтқанда, Тахтакөпир районындағы Қаратерең аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 12-санлы, Қараөзек районындағы Қараөзек аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 25-санлы, Қанлыкөл районындағы Жайхун пуқаралар жыйыны аймағындағы 6-санлы мектепти, 5000 нан аслам усы аймақларда жасаўшы адамларды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде суў фильтрлери орнатылып берилди.

Бул илажларға    “Юксалиш” ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими қәнигелери, район ҳәкимликлери қәнигелери, мәҳәлле баслықлары ҳәм белсендилери, мектеп жәмәәти ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиз усы жылдың 16-февраль күни Рамазан айында жәрдемге мүтәж халықтың социаллық қорғалыўын буннан былай да күшейтиў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерген еди.

Мәжилисте, Мәмлекетимиз басшысы мүбәрек айда алыс аймақлардағы пуқаралардың жасаў шараятын жақсылаў, нураныйлар, жалғыз ҳәм жәрдемге мүтәж пуқаралардың ҳалынан хабар алыў, аўыр жағдайға түсип қалған шаңарақларға әмелий жәрдем бериў жақсы қәдирият екенин атап өтти. Мәжилисте усы мақсетте ислеп шығылған “Рамазан – мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы!” сүрени астындағы комплексли илажлар ҳаққында мәлимлеме берилди. Оларды әмелге асырыў ушын “Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фондына 750 миллиард сум ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлиги арқалы 300 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Ажыратылатуғын қаржылар есабынан мүтәж халықтың жасаў шәраятын жақсылаўға қаратылған қәрежетлерин қаплап бериў нәзерде тутылған.

– Бундай мәселелердиң оғада әҳмийетли екенлиги инабатқа алынып, усы үш аўылды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде 110 миллион сум қаржы ажыратылыўы тәмийинленди. Бул тек ғана бир аймақ халқы ушын қолайлылық жаратып қоймастан, ал, олардың турмыс сапасын ҳәм санитариялық шараятларын жақсылаўға хызмет етеди, – дейди “Юксалиш” ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов.

Әлбетте, бундай ийгиликли жумыслар жәмийетте өз-ара мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм инсаныйлық қәдириятларды және де беккемлеўге хызмет етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.