Телеграм мессенджерине интеграцияланған ҳәм жасалма интеллектке тийкарланған чат-бот пуқараларға мәмлекетлик хызметлер ҳаққындағы мағлыўматлардан пайдаланыўды аңсатластырыў ушын жаратылған.
Оның иске қосылыўы "1148" исеним телефоны операторларының жүгин сезилерли дәрежеде азайтыў ҳәм пайдаланыўшылардың сораўларына реал ўақыт режиминде жедел жуўап бериў имканиятын жаратады.
Мағлыўмат ушын, "1148" исеним телефоны арқалы 2024-жылы пуқаралардың 135 мыңға шамалас қоңыраўы қабыл етилген. Соннан дерлик 128 мың мүрәжат ямаса 95 проценти бойынша қәнигелер тәрепинен ҳуқықый түсиник берилген.
Чат-боттың қандай имканиятлары бар?
Мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў тәртиплери, талаплар ҳәм процеслер ҳаққында толық мағлыўматты усынады.
Керекли ҳүжжетлер ҳәм арзаларды табыўға жәрдем береди.
Қайсы мәселе бойынша қай жерге мүрәжат етиўди түсиндиреди.
Келешекте чат-боттың функционал имканиятлары ҳәм жумыс шеңберин кеңейтиў нәзерде тутылған.
Чат-боттың абзаллықлары:
Аңсат ҳәм қолайлы - ҳүжжетлерди бетлеп шығыў шәрт емес, барлық керекли мағлыўматлар бир жерде.
Тез ҳәм нәтийжели - бот сизге керекли мәсләҳәт ҳәм жуўапларды бир заматта усынады.
Турақлы жетилисиў - жасалма интеллект пайдаланыўшылардың усыныс ҳәм пикирлери тийкарында раўажланып барады.