Бул ҳаққында "Өзгидромет" хабар берди.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, 1-2-июльде айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, шаң-тозаң менен бақланады.
Температура 30-июньда түнде 18-23 градус, күндиз 32-37 градус, 1-июльда түнде 20-25 градус, күндиз 36-41 градус, 2-июльда түнде 22-27 градус, күндиз 36-41 градус болады.
Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, 2-июльде айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, шаң-тозаңлар менен бақланады.
Температура 30-июньда түнде 20-25 градус, күндиз 34-39 градус, 1-июльда түнде 20-25 градус, күндиз 35-40 градус, 2-июльда түнде 22-27 градус, күндиз 37-42 градус болады.
Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларында ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, 2-июльде айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, шаң-тозаң менен бақланады.
Ҳаўаның температурасы түнде 20-25 градус, күндиз 30-июньда 32-37 градус, 1-2-июльда 34-39 градус болады.
Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, 2-июльде айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди, шаң-тозаң менен бақланады.
Ҳаўаның температурасы түнде 22-27 градус, күндиз 30-июньда 36-41 градус, 1-2-июльда 37-42 градус болады.
Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи.
Ҳаўаның температурасы түнде 20-25 градус, күндиз 30-июнь-1-июльде 32-37 градус, 2-июльде 34-39 градус болады.
Республиканың таўлы аймақларында ҳаўа бираз бултлы, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Ҳаўаның температурасы түнде 12-17 градус, күндиз 30-июньда 25-30 градус, 1-2-июльда 27-32 градус болады.









