Бул бағдарда жаслардың имканияты кеңейип атырғаны дыққатқа ылайық. Президентимиздиң 2021-жыл 1-апрельдеги "Илим тараўындағы мәмлекетлик сиясат ҳәм инновациялық раўажландырыўдағы мәмлекетлик басқарыўды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы ҳәм Министрлер Кабинетиниң "Илимий ҳәм инновациялық жумыс пенен шуғылланып киятырған қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы қарарлары болса бунда қолланба болмақта. Атап айтқанда, пайдалы жойбарлар, жаңаша идеялардың авторы болған жасларға мәмлекетимиз тәрепинен керекли қаржы ажыратылмақта. Түрли мәмлекетлерде стажировка өтеп келген жаслардың айырымлары менен сәўбетлесиўден бул бағдардағы инвестициялар орынлы жумсалып атырғанын сездик.

"Жылына бир мәрте болса да көзиңизге қараң"

Кейинги жылларда көз шыпакерине мүрәжат ететуғин наўқаслар саны артып бармақта. Республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медицина орайындағы нәўбетти көрип, не ушын сонша адамның көзинде машқала бар екен, деп қәўетерге түсесең. Тилекке қарсы, солай. Олардың арасында жас балалар да көп. Наўқаслардиң көпшилиги жүдә кеш мүрәжат етип атырған болса да, көзлери жақсы көриўин қәлейди. Әне соның ушын да Ҳиндстанда еки мәрте тәжирийбе арттырып келген Темур Саидовқа мүрәжат етиўшилер көп.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлигиниң грантын қолға киргизген Темур Саидов тийкарында бундай әмелият өтеўди 5-6 жыл алдын режелестирген еди. Себеби ол сол ўақыттағы статистикалық мағлыўматлар, өзи ислейтуғын емлеўханаға мүрәжатлар, район емлеўханаларын үйренгенде, адамлар арасында тийкарынан қантлы диабет, көздиң ишки басымы артып баратырғанының гүўасы болған.

- Ең ашынарлысы, қанша профилактикалық жумысларды алып барсақ та, наўқасларымыз өз ўақтында мүрәжат етпейди. Олардың санасын өзгертиў жүдә қыйын болып атыр. Айырымлары жүдә кеш келеди. Нәтийжеде бул жүдә машқалалы кеселлик диабетик ретинопатия, яғный көзсизликке алып келеди. Буннан тысқары, жүдә көп кеселликлер, жарақатлар барлығы себепли наўқаслардың тийкарғы бөлими көре алмайды. Сол себепли, бул тараўды толық үйрениўге ҳәрекет етип атырман. Бизде гәўҳар алмастырыў, лазер хирургиялық әмелиятын ҳәр қыйлы қәнигелер ислейди. Бул операцияны орынлаў ушын болса екеўин де жетик билиў керек. Биринши операциямызда гаўҳар және шийше тәризли дене (витрэктомия) алмастырылды ҳәм лазер әмелияты орынланды, - дейди сәўбетлесимиз.

Жас офталмологтың айтыўынша, бул әмелияттан ҳәмме де даўа таба бермейди. Бирақ еки көзи көрмейтуғын наўқаслар ушын бул екинши имканият. Себеби, бир көзи ашылса да наўқас өмирде өзин өзгерте алады. Тап усы нәрсе Темурға түртки болды. Оған Ҳиндстандағы устазы доктор Сарвана ҳәр бир наўқас өз алдына бир дүнья екени, ҳәр бирине таллаў менен қатнас жасаў керек екенин, ҳәттеки хирургиялық операциясыз да емлеў мүмкин екенин түсиндирип берди. Темур бул усынысларга әмел етиўге умтылады. Ол ҳәр күни наўқаслардың санасын унамлы тәрепке өзгертиўге ҳәрекет етип, жойбарын және де раўажландырып барады. Глоукома бойынша илимий излениўден тоқтамайды. Ташкент медицина академиясының офтальмология кафедрасында магистратураны тамамлаған болса, Иркуцк, Москва қалаларында қәнигелигин арттырды. 2-3 ҳәптеден кейин Россияда витреоретинал хирургия әмелиятина бағышлап өткерилетуғын конференцияда қатнасады. Конференцияда ол өзин қыйнап атырған айырым сораўларға жуўап алып, наўқасларының екинши имканиятын және де беккемлемекши. Себеби офталмологтың өзи айтқанындай, наўқаслар операциядан қорқып ўақытты өткерип жибереди ҳәм бәрибир операция ақырғы қутқарыўшы болады. Оның көзинде машқаласы барлар, әсиресе, жасларға айтатуғыны, гаджетлерден пайдаланыў, әлбетте, көзге унамсыз тәсир етеди. Бирақ арнаўлы гигиенаға әмел етилсе, олардың тәсири кескин кемейеди. Буның ушын көз шынығыўларын орынлаў, қараңғыда гаджетлерден пайдаланбаў керек. Оқыўды болса аралық сақлаған ҳәм дем алған жағдайда әмелге асырыў керек. Әлбетте, офталмолог көригинен кеминде 1 жылда бир мәрте өтип турыў керек. Темур Саидов әтираптағыларға ең болмаса жылына бир мәрте көзлериңизге ғамхорлық етиң, деп айтыўдан шаршамайды.

Қуяш энергиясы - ишимлик суўы жетиспеўшилиги ҳәм энергия жумсалыўына арзан шешим

Бүгинги күнде ишимлик суўы жетиспеўшилиги дүнья көлеминде үлкен машқалаға, дурысырағы, қәўипке айланды. Пүткил дүнья илимпазлары бул үстинде бас қатырып атыр, ҳәр қыйлы шешимлер усыныс етилмекте. Соның ишинде, бул мәселени шешиўде альтернатив энергия дәреклеринен нәтийжели пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, дүнья жүзи бойынша 2 миллиардтан аслам адам таза ишимлик суўынан пайдаланыў имканиятына ийе емес. Бул болса халық санының кескин өсиўи, урбанизация, санааттың раўажланыўы, сондай-ақ, климат өзгериўи ҳәм глобал ысыў себепли қурғақшылық, суў пуўланыўы сыяқлы факторлар нәтийжесинде душшы суў дәреклериниң қысқарыўы менен түсиндириледи. Әне усы машқалалар Ферғана политехника институты доценти Беҳзод Абдукаримовтың илимий излениўлерине тийкарғы түртки болды. Беҳзод бул бағдарда Италия, Түркия ҳәм Қытай сыяқлы мәмлекетлерде илимий стажировкаларды табыслы өтеди. Ҳәзир болса ишимлик суў жетиспеўшилигин сапластырыўға заманагөй усыллар менен шешим табыўға илимий үлес қосып келмекте. Гәп сонда, ол қол урған тема, яғный қуяш энергиясы тийкарында ислейтуғын ҳаўа ысытқыш қурылмалары жәрдеминде суўды душшыландырыў ҳәм ыссы суў алыўға мөлшерленген полигенерациялық технологияларды ислеп шығыў үлкен илимий-әмелий әҳмийетке ийе. Бундай технологияларды, әсиресе, ишимлик суўы жетиспейтуғын аймақларда нәтийжели қолланыў мүмкин. Сондай-ақ, олардан пайдаланыў экологиялық таза, энергия үнемлеўши ҳәм экономикалық жақтан мақсетке муўапық. Сонлықтан, қуяш энергиясынан пайдаланыў тийкарында суўды душшыландырыў технологиясын раўажландырыў ҳәм оны әмелиятқа енгизиў бойынша анық илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыў ҳәзирги ўақытта оғада әҳмийетли.

Изертлеўшиниң айтыўынша, бүгинги күнде қуяш энергиясы тийкарында суўды душшыландырыўдың бир қатар түрлери бар болса да, айырым технологиялар ескиргени, айырымлары болса экономикалық жақтан қымбат ҳәм жумыс нәтийжелилиги төмен екенлиги илимий таллаўлар арқалы анықланған. Ол ислеп шығып атырған полигенерация системасының абзаллығы сонда, системаның жумыс ислеў нәтийжелилиги жоқары, ыссылық энергиясы толық қуяш ҳаўа ысытыўшылары тийкарында алынады, экономикалық жақтан арзан ҳәм узақ жыллар даўамында пайдаланыў имканиятын береди. Буннан тысқары, бул система бир ўақыттың өзинде коммуналлық хожалықлар ушын да ыссы суў алыў имканиятын жаратады.

Беҳзод ҳәзирги ўақытта Ферғана мәмлекетлик техника университетинде докторантура басқышында өзиниң илимий излениўлерин даўам еттирмекте.

Жүзимниң орнын басатуғын жаңа өним

Тез арада жүзимлер писип жетилиседи. Басқа мийўелер сыяқлы жүзимде де инсан организми ушын керекли көплеген витаминлер, әсиресе, глюкоза көп. Бирақ, кимлерге бул мийўени жеў мүмкин емес. Асқазанында машқаласы бар, қантлы диабетке шалынған ҳәм глютенди қабыл ете алмайтуғын адамлар ушын жүзим орнын басатуғын өним үстинде ислеп атырған және бир жас жойбарлаўшымыз Абдуазим Тожибоев. Ол екилемши жүзимди қайта ислеў тийкарында экстракт алып, оннан глютенсиз снэк (жеңил сиңетуғын өним) алыў үстинде бас қатырып атыр. Бул түрдеги өнимде жүзимниң дәми ҳәм ийиси жәмлескен болса да, оны пайдаланған наўқаста глюкоза индекси кескин артпайды.

Жойбар мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан аймағында жүзимгершилик ҳәм виношылық санаатын раўажландырыўға қаратылған қарар ҳәм пәрманларының орынланыўына сәйкеслиги менен әҳмийетли. Оның және бир әҳмийетли тәрепи сонда, жүзимнен шығатуғын екилемши шийки заттың қунын арттырып, шығындысыз жаңа түрдеги өним ислеп шығарыўға хызмет етеди. Ҳәзирги ўақытта болса жүзимниң екилемши шийки заты шарўа маллары ушын төгин ҳәм витамин сыпатында пайдаланылады. Айырым жағдайларда таслап жибериледи. Бул болса жүзим қурамындағы жоқары қунлы элементлердиң жоғалыўына алып келеди. Усы мүнәсибет пенен екилемши жүзим шийки затынан комплексли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў тийкарында жоқары сапалы, төмен калориялы, байытылған өнимлер ислеп шығарыў көлемин арттырыў әҳмийетли миллий экономикалық ўазыйпа болып табылады.

Таллаўлар екилемши жүзим шийки затының жоқары сапалы өним алыў ушын перспективалы екенлигин көрсетеди. Шийки зат экстракти антиоксидант қәсийетлерге ийе болған азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда табыслы қолланылыўы мүмкин.

Ҳәзирги күнде усы жойбар үстинде жумыс алып барылмақта. Снэктиң инсан саламатлығына тәсир дәрежелери лаборатория орталығында үйренилмекте.

***

Биз жумысы менен қызыққан жаслардың заманласлары көп. Олардың барлығы жақын келешекте мақала қаҳарманлары сыяқлы Өзбекстанның ең жетекши жаслары сыпатында тилге алынады, деп ойлаймыз. Себеби, ҳәр бири өзине тән әҳмийетли темалар үстинде ислеп, изленип атыр. Бизге әйне усындай - усы ўатанға, усы халыққа пайда келтириў жолында жүрген жигит-қызлар керек.

Муножат МУМИНОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы