Соннан келип шығып талқыласақ, Өзбекстанды имканиятлар, халықшыл реформалар, әдил нызам үстин мәмлекет, деп тән алыўға арзыйды. Әлбетте, елимизде әмелге асырылып атырған избе-из реформалардың негизинде халықтың разылығы, инсан мәпи жәмленгенин бүгин турмыстың өзи дәлиллемекте. Узақты гөзлеп алып барылып атырған бүгинги әдил сиясат тараўлардың раўажланыўы, сондай-ақ, мәмлекет раўажланыўын жаңа басқышқа алып шыққанына гүман жоқ.
Усы жерде, жаңаланып атырған Өзбекстанда Қарақалпақстан да әлле қашан жаңаланыў басқышына қәдем қойғанын мақтаныш пенен атап өтиў керек. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан жерине, халқына болған жоқары итибары, жаратылып атырған имканиятлар себепли, Қарақалпақстан пүткиллей жаңадан реформаланды, десек, қәте болмайды.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 49-статьясында беккемленгениндей, қала қурылысы жойбарлары нызамда белгиленген тәртипте әмелге асырылып, жаңадан-жаңа имаратлар, медицина орынлары, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў, мәҳәлле гүзарлары, IТ парк, ҳәттеки, алыс районлардағы туристлик объектлер, мийман үйлери заманагөй типте бой тикленгени буның әмелий тастыйығы болмақта.
Тиришиликтен қанаатланыў сезими
Жаңа редакциядағы Конституция инсан абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм ҳуқықларының беккем кепиллиги болып есапланады. Бунда халықтың түрли социаллық топар ҳәм қатламларының мәплери есапқа алынады. Соған муўапық, жоқарыда атап өтилгениндей, жаңа Өзбекстан - социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет, деп атап өтиў орынлы.
Бүгинги күнде инсан қәдир-қымбатын, оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў идеясы мәмлекетимиздиң пүткил ишки ҳәм сыртқы сиясатының қалаў тасына, жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған демократиялық реформалардың ең әҳмийетли ҳәрекетлендириўши күши ҳәм бул ийгиликли ҳәрекетлерди өз-ара байланыстырып туратуғын әҳмийетли факторға айланды. Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелерине байланыслы нормалар 3 есеге көбейди. Ең әҳмийетлиси, Тийкарғы нызамымызда биринши мәрте "Өзбекстан - басқарыўдың республика түрине ийе болған суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет" деген норма белгиленди.
Социаллық мәмлекет дегенде, бәринен бурын, өз пуқараларына белгили бир минимал абаданлықты кепиллейтуғын мәмлекет түсиниледи. Жаңа Өзбекстанның тийкарғы мақсети - ҳәр бир пуқараға ғамхорлық етиў, инклюзив раўажланыў, халықтың барлық қатламы ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеўден ибарат. Оған мысал ретинде Қарақалпақстанда инсан мәпи, әсиресе, ҳаял-қызлардың қәдири улығланып, социаллық жақтан қоллап-қуўатланып атырғанын келтириў мүмкин. Халқымызды разы етиўдей уллы мақсетке ерисиў ушын ҳаял-қызлардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бағдарында енгизилген ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған система әлле қашан өзин ақлағанын турмыслық мысалларда көриў мүмкин.
Соның ишинде, усы жылдың усы күнине шекем "Ҳаял-қызлар дәптери"ниң 5-басқышында дерлик 33 мың жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. Бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы болған ямаса сондай перзент тәрбиялап атырған 20 мыңнан аслам ҳаял-қызға 24,5 миллиард сумнан аслам муғдарда бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары берилди, 70 ҳаял-қыз социаллық ҳәм басқа да дәреклер есабынан турақ жай менен тәмийинленип, 555 ҳаял-қызға "Ҳаял-қызлар дәптери" қоры есабынан 749,1 миллион сумлық ижара компенсация пулларының төлеп берилгени ҳаял-қызларға көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамқорлықтың нәтийжеси болып есапланады.
Санларға тоқталсақ, Кегейли районындағы "Мәденият" аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Рано Толыбаеваға 33 миллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылыўы есабынан тигиўшилик бағдарында исбилерменлик жумысын баслады ҳәм өзи менен қатар ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинледи.
Қоңыратлы Гүлзар Қазақбаеваға 35 миллион сум кредит берилди, тахиатаслы Амангүл Бектаева денсаўлығын тиклеўи, берунийли Насиба Алимоваға операциясы ушын 40 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, Хожели районында жасайтуғын Нигора Атамаматоваға исбилерменлигин жолға қойыў ушын 100 миллион сум кредит ажыратылды ҳәм ол ҳәзирги ўақытта исбилерменлик пенен шуғылланбақта.
Төрткүлли еки майыплығы болған перзентти тәрбиялап киятырған Розигүл Авезованың үйи шиферлап берилди, сондай-ақ, жалғыз баслы ҳаял Галина Йўлдашева жеңиллетилген турақ жай менен тәмийинленди, Беруний районында жасап атырған 2-топар майыплығы, жәрдемге мүтәж ҳаяллардан және бири Сапура Жумабаева да 3 ханалы турақ жайға ийе болды. Бундай жумыслар ҳаял-қызларға көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамқорлықтың нәтийжеси, әлбетте. Бул дизимди және узақ даўам еттириў мүмкин. Булардың барлығы, ҳаял-қызлардың турмыстан разылығы ҳәм турмысына жаңаша мазмун киргени, келешекке үмити ҳәм исеними артқаны ҳаял-қызларымыздың қәлбинде шүкиршиликти оятпақта.
Аралбойындағы реформалардың тийкары
Конституцияның 49-статьясында "Мәмлекет турақлы раўажланыў принципине муўапық, қоршаған орталықты жақсылаў, тиклеў ҳәм қорғаў, экологиялық теңсалмақлылықты сақлаў бойынша илажларды әмелге асырады", деп белгиленген. Оған жуўап ретинде Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, регионды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша әмелге асырылған реформалардың нәтийжеси, әсиресе, Мойнақ районында айқын көзге тасланып атырғанын атап өтиў орынлы. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Аралбойы регионы апатшылығының унамсыз ақыбетлерин азайтыў, аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўы ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша кең көлемли илажлар ислеп шығылып, жасыл аймақларды көбейтиў, көклемзарластырыў жумыслары әмелиятқа енгизилди.
Сондай-ақ, Арал теңизиниң қурыған ултанында дерлик 2 миллион гектардан аслам майданда қурғақшылыққа ҳәм шорға шыдамлы өсимлик нәллери егилди ҳәм туқымлары себилди. Нәтийжеде сексеўилзарлар жаратылып, шаң тозаңның әтирапқа тарқалыўының алды алынды.
Инсан тәбияттың ажыралмас бир бөлеги. Турмыслық зәрүрликлеримиз ушын керек болған барлық нәрсени тәбияттан аламыз. Мәмлекетимиз бойлап алып барылып атырған "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары усы районда да шөлкемлескенлик пенен даўам еттирилип, бул ҳәрекетте барлық шөлкемлер баслама көрсетпекте.
Соның ишинде, районлық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен 300 түп нәл көп қабатлы турақ жайлардың әтирапына, 1400 түп нәл Шағырлы аўылына егилди. Төрткүл районы да басламаны қоллап-қуўатлап, "Аналар бағы"н шөлкемлестирди, аймақларда "Мәҳәлле бағы", "Жаслар бағы" жаратылды. Усы тәризде миллий қәдириятларымыз ҳәм дәстүрлеримизге садықлық тымсалы сыпатында мәмлекетимиз аймағын баққа айландырыў арқалы жаңа Өзбекстанның "жасыл" раўажланыўы ушын ҳәр бир пуқара өз үлесин қосып атырғаны қуўанышлы.
2025-жыл елимизде "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланғаны жаңа Өзбекстанда ана тәбиятты қәстерлеп сақлаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылып атырған жоқары итибардың әмелдеги және бир көриниси болып есапланады.
Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай
Усы жылдың өткен дәўири даўамында Аралбойында кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды, керек болса, усы бағдардағы жумыслар тарийхый жаңа басқышқа көтерилди.
Атап айтқанда, быйыл 23-сентябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында"ғы пәрманы ҳәм оның нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған қарары менен "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги ис-илажлар режеси тастыйықланды. Оған муўапық, 2024-жылдың қалған дәўиринде 500 мың, 2025-жылы 1 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў белгиленди.
Қарақалпақстандағы барлық шөлкемлердиң басшылары кәмбағаллықты қысқартыў, бул бағдарда халықтың потенциалын жүзеге шығарыў ушын имканият жаратыўға қаратылған "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыўға кирискен. Соның ишинде, Беруний районындағы Шимом мәҳәллесиниң "жетилиги" ҳәм нураныйлары аймақта жеңиллетилген кредит алып, исбилерменлик жумысын баслаған шаңарақлардың шараятын үйренбекте. Әлбетте, усы жылдың өзинде 35 жас шаңарақ аукцион арқалы 30 сотихтан жер майданын алып, палыз өнимлерин жетистирип, шаңарағына қосымша дәрамат алып келгени бул бағдарламаның әмелдеги көринисинен дәрек береди.
Буннан тысқары, Президентимиздиң 2024-жыл 9-январьдағы "2024-жылы жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў бағдарламасы ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстанда усы жылы 120,7 мың халықтың турақлы, мәўсимлик ҳәм ўақтынша жумысларда бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасы тастыйықланған. Бул бағдарламаға тийкарланып усы жылдың январь-сентябрь айларында Қарақалпақстан Республикасы бойынша 112,8 мың, соның ишинде, хызмет көрсетиў тараўында 53,6 мың, аўыл хожалығы бағдарында 52,8 мың, қурылыс тараўында 4,2 мың, инвестициялық жойбарларды иске қосыў арқалы 2,2 мың халық жоқары дәраматлы жумыс пенен тәмийинленди.
Жаслар ертеңги күнимиздиң даўамшылары
Конституцияның 79-статьясында мәмлекет жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм басқа, соның ишинде, интеллектуаллық, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жағынан қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ушын, олардың билим алыўға, денсаўлығын сақлаўға, турақ жайға, жумысқа орналасыўға, бәнтлик ҳәм дем алыўға болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын керекли шараятларды жаратады, делинген. Халқымыз әзелден меҳир-мүриўбетли. Усы мақсетте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти Бону Даўлетоваға "Кәсиплик аўқамлары стипендиясы" ажыратылған болса, Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалы студенти Айтуған Шаниязов санаторияға бийпул жоллама менен тәмийинленгени пикиримиздиң дәлили болып есапланады.
Буннан тысқары, "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша бир қатар ўазыйпалар орынланды. Соның ишинде, исбилерменлик пенен шуғылланып атырған, IТ тараўын раўажландырыў мақсетинде жумыс баслаған жасларға кредитлер ажыратылмақта, жаслардың ҳәр тәреплеме билимли ҳәм саламат әўлад болып камалға келиўи ушын зәрүр болған барлық илажлар исленбекте. Нәтийжеде, илим, спорт пенен дүньяға танылып атырған жасларымыздың қатары күннен-күнге кеңейип бармақта. Мениңше, олар менен ҳақылы түрде ҳәр қанша мақтансақ арзыйды.
"Биз - Өзбекстан пуқаралары жәмийетимиздиң сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық көриниси жеделлик пенен өзгерип, турмысымызда жаңаша қатнасықлар, жаңа имканият ҳәм қәдириятлар қәлиплесип атырғанын ҳәммеден де көбирек сезип атырмыз. Әсиресе, "инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери", "нызам үстинлиги", "ашық-айдынлық", "сөз еркинлиги", "дин ҳәм исеним еркинлиги", "жәмийетшилик қадағалаўы", "гендер теңлиги", "жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығы", "экономикалық жумыс еркинлиги" сыяқлы фундаментал демократиялық түсиниклер ҳәм турмыслық көнликпелер ҳәзирги ўақытта реал ўақыяға айланып атырғаны итибарлы болып есапланады", деген еди Президентимиз Шавкат Мирзиёев "Янги Ўзбекистон" газетасының бас редакторына берген интервьюинде.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде жаңа Өзбекстан демократиялық өзгерислер, кең имканиятлар ҳәм әмелий жумыслар елине айланып бармақта. Мине, усы процесс реформаларымыздың ең үлкен нәтийжеси болып есапланады.
Улуғбек ЖАЛМЕНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының
Қарақалпақстан кеңесиниң баслығы