Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, банк-финанс, мәденият - ол кирип бармаған тараў жоқ. Ең қызығы, жасалма интеллект барған сайын жетилисип, ҳәр күни жаңа қырларын көрсетип, инсаниятты өзине тартып қоймақта. Соның менен бирге, ол тартыслардың тийкарғы темасына да айланған. Кимдур оның жумыс нәтийжелилигин арттырып, экономикаға үлкен пайда алып киятырғанын мақтаса, кимдур жумыссызлықты көбейтип атырғаны, жумыс сапасының төменлиги ҳәм басқа да унамсыз тәреплерин санап өте баслайды.

Бирақ бул тартыслардан ҳеш қандай пайда жоқ. Себеби 20-30 жыл алдын интернет қаншелли додаланбасын, унамсыз тәреплери саналмасын, бәрибир жыл сайын ғалабаласып барды. Ҳәттеки қысқа ўақыт ишинде раўажланыўының шоққысына шығып, бүгин орнын жасалма интеллектке босатып та бермекте. Заманагөй технологияларды мақтаған да, жаманлаған да пайда көрмейди. Керисинше, жаңалықты тезирек өзлестиргенлер, турмыс тәризи, жумыс искерлигин оған бейимлестиргенлер утады. Жақында Президентимиз мәмлекетлик басқарыў, экономика тармақлары ҳәм аймақларда жасалма интеллект технологияларын жедел енгизиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде "…Бүгин инсаният жаңа цивилизация басқышына - жасалма интеллект дәўирине исенимли қәдем қоймақта. Қайсы тараў болмасын, бул процессте қатты изленип, анық нәтийже ислесе, бир қәдем алдында жүрсе, шек соныки болады", деп дурыс атап өтти.

Сөзсиз, заманагөй технологиялардан жедел пайдаланыў дәўир талабы. Бирақ және бир пикир бар. Бул жаңа цивилизация басқышы, жасалма интеллект дәўири инсанлары жетик кадр болыўы ушын қандай жол тутыўы, нелерди оқып-үйрениўи зәрүр екенлиги мәселеси болып табылады. Себеби бүгинги жаслар тек ғана бир-бири менен емес, ал заманагөй жасалма интеллект технологиялары менен де бәсекиде жеңилип қалмаўы талап етиледи.

Жетинши сезим қәдири

Әййемги заманларда бир бай баласын өз қаласындағы ең атақлы уламалардың қасына шәкиртликке алып барып, бар илимин үйретиўин сорапты. Алым болса өспирим менен сәўбетлесип, оның әкесине бираз кешиккенин, баласына бар билимди үйрете алыўы, бирақ ол зыялылар қатарынан орын ала алмайтуғынын айтади.

- Неге, - деп таңланыпты әке.

- Өйткени оның парасаты кем. Парасат инсанда туўма болады ямаса жүдә киши жаслардан қәлиплеседи, - деп жуўап берипти улама.

Әке болса уламалардың сөзлерине қулақ аспай, улын шәкиртликке алыўын өтиниш етипти. Улама илажсыз разы болыпты. Әке үш-төрт жылдан кейин баласын көриўге келипти. Сөйлесиў ўақтында оның қаншама илим алғанын сынап көрмекши болыпты. Алақанына маржанның бир баўын жасырып, улынан "қолымда не бар?" деп сорапты. Бала үйренген барлық илимин иске салып, атасының қолындағы гезлеме домалақ екенлигин таўыпты. Атаның қуўаныштан басы көкке жетеди ҳәм баласына сораў нәзери менен қарайды. Бала және ҳәр қыйлы әмеллерин иске салып оның ортасы тесик екенин анықлапты, бирақ жуўмақ бериўде алжасып, әкесиниң алақанында моншақ емес, дигирман тасы бар екенин айтады.

Әкениң кеўилсизленип, улама баланы жетеклеп келгенде айтқан сөзлерин ядына алыпты. Қулласы, шәкирттиң төрт жыл үйренген билими атасының қолындағы буйымның формасын анықлаўға жетипти, бирақ дигирман тасының алақанға сыймайтуғынын аңламапты...

Гейде жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын ChatGPTтен қандайда бир мағлыўматты сорасам, пүткиллей байланысы жоқ гәплерди үйип таслайды. Усындай жағдайда жоқарыдағы рәўият қыялымнан өтеди. Айырымлар ол жетилисип атыр, кейин ала кемшиликлери жоғалады, деп атыр. Болыўы мүмкин, бирақ, мениңше, бәри бир жасалма интеллект қаншелли жетилискен болмасын, логикалық пикирлеў, таллаў, жуўмақ шығарыўда инсан ақылына жете алмайды. Себеби ол таллаўда сайыз мағлыўматларға сүйенеди. Инсан факторы, айрықша жағдайларды есапқа ала алмайды. Бир сөз бенен айтқанда, технологияда инсан туўры қарар қабыл етиўине түртки беретуғын "жетинши сезим" болмайды. Келешекте де инсан дөретиўшилик ҳәм логикалық пикирлеў, сезиў қәбилети менен ҳәр қандай технологиядан үстин болып қала береди.

Оқыў емес, уғыў керек

Жақында дайымның үйине қонаққа бардым. Дастурхан әтирапындағы гүрриңлесиўде дайым жай алыў нийетин айтып қалды. Бирақ қолы бираз келтелик етип атыр екен. Ипотека кредити алыўын мәсләҳәт бердим. Интернеттен жаңадан қурылып атырған жайлар ҳәм банклердиң төмен процентли ипотека кредитлери менен таныстырдым. Дайым менен кредиттиң бас, айлық төлеми, жәми суммасы қанша болатуғынын есаплаўда бираз қыйландық. Сонда математикаға қәнигелестирилген мектепте оқыйтуғын жийенимди жәрдемге шақырдық. Ол жай алыў шәртлерин еки-үш мәрте оқып шықты да: "Маған қайсы цифрды қайсы цифрға көбейтиў ямаса қайсысынан процент шығарыў кереклигин айтып турың", деди ҳәм өзиниң есап-санақ етиўге шеберлигин, сөзлерден гөре цифрларды жақсырақ түсинетуғынын айтып өтти.

Ол айтқанларымызды есаплағышлардан да шешти. Бирақ мен оған текстли мысал көринисинде келтирип бердим. Жийеним бунда қыйналды. Бәлким, буны оның билимсизлигине жорарсыз. Лекин мен анық пәнлерден билими күшли көп жаслардың сабақлық ҳәм үйренген китапларынан басқашарақ шәртлердеги мәселеге дус келгенде қыйланып қалғанын көп мәртебе бақладым.

Әлбетте, математикалық мысалларды қәтесиз шешиў, формула, нызам-қағыйда яки басқа мағлыўматларды ядтан билиў үлкен мийнет, оқып-излениўди талап етеди. Бәлким 30-40 жыл алдын бундай инсанлар қәдирленген шығар. Бирақ бүгин дәўир пүткиллей басқаша. Себеби, бир ғана ChatGPT технологиясының өзи-ақ бизге бир заматта ҳәр қандай тема бойынша мағлыўматларды үйип таслаўы ямаса ҳәр қандай қыйын теңлемени де бир заматта орынлай алыўы мүмкин.

Бүгин кадрларға талап бираз артқан. Енди оларға жоқарыдағы қәбилетлердиң өзи жеткиликли емес, жас кадрлар математикалық мәселелерди қәтесиз шешиў менен бирге, санларды сөйлете алыўы да керек. Формулаларды ядтан билиўи жетерли емес. Оларды әмелиятта қолланыў қәбилети, нызам-қағыйдаларға жәмийетлик турмыста әмел етилиўин тәмийинлеў ушын жаңа жойбарларды турмысқа енгизиўге жететуғын кең көзқарас зәрүр. Бир сөз бенен айтқанда, жас әўладтан тек ғана оқыў емес, уғыў талап етиледи.

Тил қурал - мақсет емес

Жақында өзбек тилине бағышланған сәўбетлердиң биринде әдебияттаныўшы илимпаз, профессор Қазақбай Йўлдошев тартыслы бир пикирди ортаға таслады. Ол пүткил дүньяда шет тилин үйрениўге қурал сыпатында қаралатуғынын, бирақ айырым ўатанласларымыз буны мақсетке айландырып атырғанын атап өтти. Тилдиң дүнья илимлериниң гилти екенин атап өтип, жас өзбек ул-қызлары тил үйрениў менен бирге басқа тараўдағы билимлерин де байытып барыўы бүгинги күнниң зәрүрлиги екенин билдирди. Халқымызда "Тил инсанға қанат, билимге күш береди", "Бир тил - бир инсан, еки тил - еки инсан", деген мәнили ҳикметлер бар. Ҳақыйқатында да, шет тилин үйрениў үлкен мийнет нәтийжеси. Бирақ оннан өнимли пайдалана алыў адамды "алхимик"ке айландырады. Автобуста бир жас өспирим жигиттиң инглис тили сабақлығын оқып баратырғанын көрдим. Ерксиз сораўға туттым.

- IELTS иң бар ма?

- Яқ, соның ҳәрекетиндемен.

- Ҳәрекет ет, зор, - дедим мен.

- Өзи қайсы илимге қызығасаң, - азырақтан кейин тағы қызығып сорадым.

- Инглис тили.

Аўа, ол тил ғой, сен қайсы бағдарға қызығыўыңды айт, анық илимлер ме, тәбийғый ма, социаллық па?

- Як, тек инглис тили, - деп жуўап берди ҳәм сөзин даўам етти. Әкем тил билсең болды, ҳәр тараўда биринши боласан, утасан, дейди.

- Және бир тараўды баслаў керек, - дедим жигиттиң гәплеринен ойланып.

- Бул ески дәўирдиң гәпи, ҳәзир тил әҳмийетли. Тил үйрениўге қанша жеңиллик берилип атыр. Пайдаланып қалыў керек, - деди жигит.

Бала бул гәплерди әкеси бәрқулла тәкирарлайтуғынын айтты.

Дурыс, тил билген жақсы, кәни пайда, бирақ тек ғана тил билиў менен инсан ақыллы болып қалмайды. Жигит мәмлекетимиз басшысының жасларды тил үйрениўге шақырыўлары ҳәм шет тилин үйрениўге жаратылған имканиятлар ҳаққында айтты. Ҳақыйқатында да, Президентимиз жасларға шет тилин үйретиў системасына үлкен итибар қаратпақта. Бирақ бул бағдардағы бағдарлама ҳәм жойбарлар тек ғана шет тилин үйрениў емес, оның жәрдеминде сырт елде оқып келип жетик қәниге болыў мақсетинде турмысқа енгизилген. "Жарқын келешек" ямаса "Эл-юрт умиди" қорының жойбарларының барлығы усы мақсетке бағдарланған.

Реформалар нәтийжесинде шет тилин үйрениўге кирискен жаслардың саны жыл сайын артып бармақта. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, соңғы 3 жылда тил үйренип атырған жаслардың саны 2 миллионға жеткен болса, IELTS имтиханынан жоқары балл алғанлар 5 есеге көбейген. Әлбетте, ерисилген санлар қуўанышлы.

Бирақ айырым оқыў курслары "3 айда IELTSтан жети алып беремиз", деп тил үйретиў емес, тек ғана имтиханлардағы сораўларды жуўаплары менен ядлатпақта. Бул билим әўмети келген жасларға имтиханда пайдаланып атырған болыўы мүмкин. Бирақ жүзеки оқыў жаслардың келешектеги оқыў ҳәм жумыс искерлигине ҳеш қандай пайда келтирмейди.

Оның үстине, соңғы жыллары жасалма интеллектке тийкарланған сондай бағдарламалар иске қосылмақта, текст, аудио көринисиндеги материалларды бир заматта ол тилден басқасына аўдармалаўыңыз мүмкин. Бәлким, бир неше жыллардан кейин микротехнологиялар арқалы инсанлар қайсы тилден пайдаланыўына қарамастан, ҳеш қыйыншылықсыз байланысқа кирисе алыў имканияты пайда болар. Соның ушын, ата-аналар перзентлерин дурыс бағдарлаўы оғада әҳмийетли. Себеби әўладларымыз бизден де заманагөйрек бир дәўирде жасап өтеди. Перзентиңизди тек ғана "чай демлейтуғын жин"ге айландырып қойыўдан абайлы болың.

Машқаланың түбири неде?

Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында билимлендириў системасында әмелге асырылган реформалардан бири жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында тесттен пайдаланыў еди. Бул системаға өтилиўиниң тийкарғы себеби жоқары билимлендириў мәкемелери кириў имтиханларында коррупция, таныс-билислик кеңейип кетиўи, институтлар имтиханларды алыў шәртлерин өзлери белгилеўи, орайласқан системаның жоқлығы еди. 1993-жылы жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханлары тест формасына өткерилген болса, 1994-жылы бул бойынша жуўапкер орайдың жумысы жолға қойылды.

Бирақ өткен дәўирде бул система да тараўды параличлеп атырған коррупция ҳәм таныс-билислик иллетиниң тамырына балта ура алмады. Керисинше, және де ҳәўиж алыўына тийкар жаратты. Оның үстине, узақ жыллар даўамында жаңа система билимлендириўдиң тийкарын ядлаўға бейимлестирди. Жаслар темаларды түсиниў, таллаўдан гөре ядлаўды абзал көрип қалды. Ҳәтте айырым оқытыўшылар оқыўшыларға "университетке кирип атырғанында теманың мәнисин сеннен ҳеш ким сорамайды", деп бақырып, қағыйда ҳәм формулаларды ноқат, үтирге шекем сабақлық пенен бирдей етип айтып бериўди талап ететуғын еди.

Бул процессти басымнан өткергеним ушын жақсы билемен. Бундай зорлап, үйретилген мағлыўматлар ойымызда узақ ўақыт сақланбайды. Педагог, шыпакер, қаржышы, юрист - ҳәммесин бирдей өлшемлерде баҳалаў тараўларда жаңаша көзқарас, ҳәр қыйлы пикирлеўдиң болмаўы, тармақлар өзгериссиз қатып қалыўына себеп болды. Бул кәсип ийелери ҳәр қыйлы қәбилетке ийе болыўы зәрүр. Мәселен, педагоглар шешен, бала психологиясын жақсы түсиниўи талап етиледи.

Билимлендириў системасындағы түпкиликли реформалар нәтийжесинде 2019-2020-жылларға келип жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларындағы коррупция ҳәм таныс-билислик иллетине пүткиллей шек қойылды. Буған тараўдың санластырылыўы, имтиханларға онлайн бақлаў ҳәм басқа да заманагөй технологиялардың тартылыўы арқалы ерисилди. Сондай-ақ, және бир үлкен ўақыя - дөретиўшилик қәбилет талап ететуғын бағдарларға дөретиўшилик имтиханлар алыў системасы енгизилди.

Халықаралық тәжирийбеге итибар қарататуғын болсақ, Қубла Кореяда жоқары билимлендириў мәкемелери имтиханлары оғада қурамалы ҳәм көп басқышлы (эссе, аўызеки сораўлар, санлы тестлер) өткериледи. Европа мәмлекетлериниң көпшилигинде оқыўшының мектеп дәўириндеги өзлестириўи (баҳалары) шешиўши әҳмийетке ийе. Басқышпа-басқыш Өзбекстанда да бул тараўда өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар әмелге асырылмақта. Мәселен, сертификатларға ийе болыў арқалы жоқары билимлендириў мәкемесине кириў ушын балл топлаў, ямаса, келеси оқыў жылынан 9 ҳәм 11-класс оқыўшылары ушын бирден-бир мәмлекетлик имтиханларының өткерилиўи пикиримизди дәлиллейди.

Жоқары билимлендириў мәкемелери кириў имтиханларының түри, мазмун-мәниси өзгермекте. Демек, машқала бир-еки жылда сапластырылады, деўге асықпаң. Себеби, бириншиден, сертификатларға таярлаўда оқыў орайлары, мектеплер ядлатыў усылынан пайдаланбақта. Буннан тысқары, мектеплердеги оқыў процесслеринде де қадағалаў жумыслары көбирек тест системасында алынады.

Жасалма интеллектке тийкарланған бүгинги технологиялар раўажланып атырған, ҳәттеки биринши класс оқыўшыларында да соңғы моделдеги телефон бар болған бир дәўирде тест арқалы қадағалаў жумысын алыў оқыўшылардың билим дәрежесин анықлаўда жәрдем бере алмай атыр. Аўызеки қадағалаўлардан көбирек пайдаланыў орынлы. Билим бериўдиң мақсети ҳәм усылларын да өзгертиў талап етиледи.

Ядлап алыўға емес, ойлаўға үйретиў керек

Билимлендириў системасы раўажланған мәмлекетлер оқыўшыларға билим бериўде логикалық пикирлеў, дүньяқарасты кеңейтиў, таллаў қәбилетин өсириўге айрықша итибар қаратпақта. Бул тараўда жетекши мәмлекетлерден бири Финляндия билимлендириў системасында интеграцияласқан билимлендириў моделинен нәтийжели пайдаланылады. Бул қандай модель? Бул системада сабақ процеслери пәнлерге емес, темаларга бөлинеди. Мәселен, "суў" темасы бойынша оқыўшыларға бир ўақыттың өзинде суўдың химиялық қәсийетлери, физикалық қәсийети, географиялық, экологиялық әҳмийети үйретиледи. Бир сөз бенен айтқанда, бир тема түрли ракурсларда көрип шығылады. Бул оқыўшыда тема бойынша толық түсиникти қәлиплестиреди.

Бақлаў жумысларында айырым мәмлекетлер билимлендириў системасында жергиликли киши машқала таңланады. Мәселен, усы аймаққа тийисли шығынды ямаса ҳаўаның патасланыўы, жапырақлардың жағылыўы сыяқлы жағдайлардың шешимин табыў ўазыйпасы бериледи. Оқыўшылар бул машқаланы шешиў бойынша өз жойбарын презентация етип береди ҳәм олар пайдалылығына қарап баҳаланады. Жоқарыда айтқанымыздай, бүгинги заманагөй технологиялар дәўиринде инсан қәдири оның инновациялық, креатив пикирлеўи, талқылай алыў қәбилети менен баҳаланады.

***

Бир байдың еки хызметкери болған екен. Бай олардың биреўине он теңге, екиншисине бир теңге айлық береди екен. Кем алатуғыны бир күни байға арыз етип, бирдей жумысты орынласа да, шериги оннан он есе көп ҳақы алатуғынын түсинбейтуғынын айтыпты. Бай жуўап орнына оған "Көшеге шығып қара, не шаўқым екен?" деп ис буйырыпты.

Хызметкер қайтып келип, көшеге саўдагерлер келгенин айтыпты. Бай "қайдан келипти", деп сорапты. Хызметкер сорамағанын билдирипти. Кейин бай он теңге алатуғын хызметкерин шақырып, оған да тап сондай жумысты тапсырады. Хызметкер бир барыўдың өзинде байға саўдагерлер қай жерден келип, қайда кетип атырғаны, не сатып, не алып атырғаны ҳаққында толық мағлыўмат алып келипти...

Бул рәўияттан пәми, илим ҳәм ақылдың пайдасын билиў мүмкин. Жуўмақлап айтатуғын болсақ, жасалма интеллект раўажланған бир дәўирде әўладларымыз "тәбийғый" билимлерге ийе болыўы дәўир талабы. Өзбекстан билимлендириў системасының мақсети "он теңге" алатуғын әўладларды тәрбиялаў болыўы керек. Сонда ғана олар жаңа Өзбекстанды қуратуғын алтын әўлад болатуғыны сөзсиз.

Санжар ЭШМУРОДОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы