Кейинги ўақытларда медицина тараўындағы реформалар, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллекттиң избе-из енгизилиўи Өзбекстанды Орайлық Азияның жетекши медицина хабына айландырыўға хызмет етпекте. Институционаллық өзгерислер узақты гөзлеген стратегиялық сиясат, медициналық инфраструктураны жаңалаў ҳәм жоқары маман кадрлар таярлаўға қаратылған анық илажлардың нәтийжеси болып есапланады.

Халықаралық стандартлар тийкарында диагноз ҳәм емлеў протоколлары енгизилип, жоқары технологиялы клиникалар және қәнигелескен орайлар қурылмақта. Жасалма интеллектке тийкарланған санлы диагностика системалары диагноз анықлығын кескин арттырып, шыпакерлердиң жүклемесин азайтпақта. Соның ишинде, маммография, КТ ҳәм МРТ сыяқлы бағдарларда жасалма интеллект платформаларының 98 процентке шамалас исенимлилиги әмелият нәтийжелилигин сезилерли арттырмақта.

Медициналық билимлендириўде де модернизация даўам етпекте, жоқары оқыў орынлары жасалма интеллектке тийкарланған оқыў платформаларына өтпекте, илимий орайлар болса жоқары технологиялы лабораториялар менен тәмийинленбекте. Nvidia компаниясы менен биргеликте қурылып атырған суперкомпьютер кластери ҳәм лабораториялар елимизде медицина илиминиң жаңа бағдарларын раўажландырыў ушын әҳмийетли тийкар жаратады.

Және бир инновациялық тәрепи - медициналық туризмниң өсиўи, сырт елли наўқаслар ушын жоқары сапалы хызметлер усынатуғын заманагөй клиникалардың көбейиўи мәмлекетимизди регионда бәсекиге шыдамлы медицина орайына айландырмақта. Технологиялық раўажланыў усындай пәтте даўам етсе, Өзбекстанның медицина хабы сыпатындағы абырайы жақын келешекте беккемлениўи тәбийғый.

Президентимиздиң жасалма интеллект бойынша халықаралық форумдағы шығып сөйлеген сөзинде тек ғана жасалма интеллекттиң бүгинги әҳмийети емес, ал оның келешекте экономика, илим, билимлендириў, медицина ҳәм социаллық турмыс ушын қандай трансформация күшине айланыўы мүмкин екенлиги терең таллаў тийкарында айтып өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы жаслар тәрепинен жаратылған жасалма интеллект жойбарлары менен танысып, мәлимлеме технологияларының мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы, миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм глобал инновациялық процесслерде мүнәсип орын ийелеўдеги шешиўши әҳмийетин айрықша атап өтти. Елимизде әмелге асырылып атырған санлы реформалар, миллий ЖИ стратегиясының қабыл етилиўи, инвестицияның артыўы, заманагөй билимлендириў бағдарламалары ҳәм оқыў лабораторияларының шөлкемлестирилиўи жаңа Өзбекстанның илимий-технологиялық қүдирети барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.

Жасалма интеллект технологияларының инсан өмирине ең тез ҳәм нәтийжели тәсир көрсетип атырған бағдарларынан бири медицина болып есапланады. Бүгин санлы диагностика системалары енгизилиўи нәтийжесинде елимизде 50 мыңнан аслам наўқасқа жасалма интеллект жәрдеминде анық диагноз қойылғаны, бул процесс ўақты бир неше күннен саатларға қысқарғаны, шыпакерлердиң жүклемеси кескин азайғаны тараў имканиятлары қаншелли кеңейгенин айқын көрсетеди. Маммография, онкология ҳәм кардиологияда жасалма интеллект платформалары тәрепинен берилген жуўмақлардың 98 проценти шыпакерлер тәрепинен тастыйықланғаны бул технологияның исенимлилиги, илимий тийкарланғанлығы ҳәм әмелий қунын және де беккемлейди. Атап айтқанда, Қарақалпақстандағы "Саламатлық марафоны" шеңберинде маммографиялық тексериўлердиң 70 проценти жергиликли ЖИ платформалар арқалы талланыўы, диагноз қойыў ўақтының 5-7 есеге қысқарыўы санлы медицинаның келешеги қаншелли үлкен екенин көрсетти.

Жасалма интеллекттиң бундай жетискенликлери медициналық әмелиятты заманагөй дәрежеде индивидуалластырыў, қәўип факторларын алдыннан болжаў, кеселликлер динамикасын реал ўақыт режиминде бақлап барыў ҳәм жәмийет саламатлығын стратегиялық басқарыў имканиятын жаратпақта. Инсан қәдири ҳәм халық мәплери үстин болған бүгинги реформалар процесинде медицинаны диверсификациялаў тек ғана емлеў нәтийжелилигин арттырып қоймастан, ал профилактика, яғный кеселликлердиң алдын алыў системасын да жаңа басқышқа алып шығады. Сол себепли жасалма интеллект енди медициналық билим, санлы мағлыўматлар анализи, клиникалық қарар қабыл етиў ҳәм лабораториялық изертлеўлерди автоматластырыўдың тийкарғы факторына айланбақта.

Президентимиз тәрепинен жәрияланған "5 миллион жасалма интеллект жетекшилери" бағдарламасы әйне ЖИ тараўында маман кадрларды системалы түрде таярлаў, жоқары ҳәм улыўма билимлендириўде жасалма интеллект саўатлылығын күшейтиў, мектептен баслап университетке шекем бирден-бир илимий-инновациялық экосистеманы жаратыўды нәзерде тутады. Заманагөй лабораториялар, шөлкемлестирилетуғын суперкомпьютер кластери, халықаралық тәжирийбе алмасыў платформалары, қәбилетли жаслар ушын таңлаўлар ҳәм стажировкалар - булардың барлығы мәмлекетимизди тек ғана технологиялардың тутыныўшысы емес, ал оларды жаратыўшы, экспорт етиўши ҳәм дүнья көлеминде бәсекилесе алатуғын орайға айландырыў жолындағы үлкен қәдемлер болып есапланады. Әсиресе, медицина тараўында жасалма интеллект технологияларына тийкарланған арнаўлы лабораториялардың шөлкемлестирилиўи үлкен әҳмийетке ийе. Бундай лабораториялар клиникалық мағлыўматларды интеллектуаллық таллаў, санлы диагностика алгоритмлерин жаратыў, алдынғы нейротармақ моделлери ҳәм машиналық үйрениў технологияларын жергиликли шараятқа бейимлестириў, медициналық сүўретлерди автоматикалық танып алыў, фармакологияда индивидуал емлеў моделлерин ислеп шығыў сыяқлы бағдарларда елимиздиң илимий потенциалын жаңа басқышқа алып шығады. Бул болса мәмлекет медицинасын бәсекиге шыдамлы, жедел, инновациялық ҳәм жоқары нәтийжели системаға айландырыў имканиятын береди.

Жасалма интеллектти билимлендириў, илим, өндирис ҳәм медицина менен терең интеграциялаў стратегиялық зәрүрлик болып есапланады. Себеби ЖИды тек ғана технология сыпатында емес, ал илимниң жаңа парадигмасы, миллий раўажланыўдың тийкарғы драйвери ҳәм инсан саламатлығын сақлаўда күшли қурал сыпатында көриў ўақты келди. Оның имканиятларынан толық пайдаланыў ушын кадрлар таярлаў системасы, заманагөй инфраструктура, тәжирийбели қәнигелер, лабораториялар, санлы мағлыўматлар базасы, илимий бирге ислесиў ҳәм халықаралық тәжирийбе алмасыў сыяқлы элементлер бирден-бир мақсетке үнлес ислесиўи керек.

Ата-бабаларымыз илим жаратқан. Биз болса оны даўам еттириў, заманагөй технологиялар менен байытыў, жаңа илимий бағдарларды ашыў, мәмлекетимизди интеллектуаллық потенциалы жағынан жаңа басқышқа көтериў ҳәм келешек әўладқа мазмуны бай, илимий тийкарланған, заманагөй ой-пикирге ийе мийрас қалдырыў жуўапкершилигин мойнымызға алған әўладпыз. Илим - мәңги дәрья, ағысы тоқтамайды. Бизиң ўазыйпамыз оның жағалықларын кеңейтиў, оны жаңа дәреклер менен байытыў ҳәм инсан турмысы және жәмийеттиң раўажланыўы ушын және де үлкен пайда келтириў болып табылады.

Жасалма интеллект инсан ақылының логикалық нызамлықлары ҳәм таллаў қәсийетин алгоритмлер арқалы қайта тиклеп, үлкен көлемдеги мағлыўматлардан ғәрезсиз үйренип баратуғын интеллектуал система болып, ол заманагөй медицинада "дәлилленген медицина"ның жаңа басқышын қәлиплестирмекте. Бурын шыпакер, әсиресе, қурамалы операцияға кирисиўден алдын, тийкарынан, тәжирийбеси, устазларының көрсетпелери ҳәм шекленген клиникалық мағлыўматларға сүйенген. Инсан тәжирийбеси қаншелли бай болмасын, оның яды, дыққат имканияты ҳәм анализлеў күши белгили дәрежеде шекленген.

Жасалма интеллект болса инсан имканиятларын шексиз мағлыўматлар дәреклери менен толықтырып, клиникалық қарар қабыл етиў процесин жоқары анықлық дәрежесине көтереди. Себеби ЖИ миллионлап наўқаслар тарийхы, мыңлап клиникалық тексериўлер, рентген, МРТ, УТТ сыяқлы көринислер, лабораториялық анализлер, биологиялық көрсеткишлер ҳәм уқсас операциялар нәтийжелерин бир ўақыттың өзинде салыстырып, олардан нызамлылықларды анықлайды ҳәм шыпакерге илимий тийкарланған жуўмақларды усынады. Бул процесс инсан ақылы ушын оғада қурамалы ҳәм жыллар талап ететуғын ўазыйпаларды бир неше секунд ямаса минутларда орынлаў имканиятын береди.

Сол себепли жасалма интеллект "дәлилленген медицина"ның логикалық даўамына айланды. "Дәлийлленген медицина" ҳәр бир клиникалық қарарды илимий дәлиллер, статистикалық таллаў ҳәм тәжирийбеге сүйенген ҳалда қабыл етиўди талап етеди. Жасалма интеллект мине усы дәлиллер базасын кескин кеңейтип, оны анық, қалыс ҳәм системалы таллаўға жәрдем береди. Инсан көзи көре алмайтуғын нәзик белгилерди, тоқыма дүзилисиндеги микроөзгерислерди, қәўипсиз операция жолын ямаса асқыныў қәўипи жоқары болған ноқатларды алдыннан анықлап, шыпакерге усыныс етеди. Мәселен, хирургиялық операция алдынан жасалма интеллект тийкарында дүзилген 3Д моделлестириў системалары органлардың анық жайласыўын, қан тамырлары тармағының индивидуал дүзилисин көрсетеди ҳәм операция тактикасы ушын ең оптимал вариантты таңлаў имканиятын береди. Маммография ҳәм онкологияда болса жасалма интеллект қурамалы сүўретлерде шыпакер көзи қыйыншылық пенен ажырата алатуғын микроскопиялық өзгерислерди де анықлай алады.

Бундай илимий тийкарланған, жоқары анықлыққа ийе жуўмақлар шыпакердиң жумысын жеңиллестирип ғана қоймастан, наўқасқа көрсетилетуғын медициналық хызмет сапасын да сезилерли дәрежеде арттырады. Диагноз қойыў ўақтының қысқарыўы, операция қәўипи азайыўы, емлеў процесиниң индивидуал түс алыўы, кеселликлерди ерте басқышта анықлаў имканиятларының кеңейиўи жасалма интеллекттиң әмелий үстинликлерин айқын көрсетеди. Оның ең әҳмийетли тәреплеринен және бири сонда, ол шаршамайды, дыққатын жоғалтпайды, сезим тәсиринде қарар қабыл етпейди ҳәм ҳәр бир таллаўды бирдей турақлы анықлық пенен орынлайды.

Жуўмақлап айтқанда, жасалма интеллект медицинада клиникалық қарарлар қабыл етиўди илимий дәлиллер менен беккемлейди, шыпакердиң имканиятларын миллионлаған клиникалық тәжирийбелер тийкарында қәлиплескен интеллектуаллық база менен байытады. Ол шыпакердиң орнын ийелемейди, бирақ оның кәсиплик потенциалын кеңейтеди, инсан факторына байланыслы қәтелерди минималластырады ҳәм заманагөй медицинаны жоқары анықлық, оперативлик ҳәм нәтийжелиликке тийкарланған жаңа басқышқа алып шығады. Сонлықтан, жасалма интеллектти үйрениў, оны клиникалық процесслерге терең интеграциялаў ҳәм оның имканиятларынан толық пайдаланыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли илимий ҳәм әмелий талапларынан бирине айланды. Бирақ бул процесс тек ғана медицина ишиндеги реформалар менен шекленбейди. Бундай үлкен инновациялық өзгерислер, жоқары технологиялы инфраструктураны жаратыў ҳәм тараўға үлкен муғдарда инвестицияларды қаратыў нәтийжесинде жаңа Өзбекстан медицинасы регионда стратегиялық әҳмийетке ийе медицина хабына айланыў ушын реал имканиятқа ийе болды. Заманагөй лабораториялар, суперкомпьютер кластерлери, роботластырылған операция ханалары, жоқары технологиялы қәнигелескен орайлардың қурылысы мәмлекетке тек ғана өз талабын қанаатландырыў емес, ал қоңсы мәмлекетлерден жоқары сапалы медициналық хызмет излеп келетуғын наўқасларды қабыл етиў имканиятын да жаратады.

Бул болса әмелиятта бир неше әҳмийетли үстинликке ийе:

- регионда маман кадрлар тәрепинен әмелге асырылатуғын қурамалы операциялар ҳәм жоқары технологиялы медициналық хызметлерди усыныў;

- медициналық хызметлер арқалы қосымша қун жаратыў ҳәм тараўдың экономикалық нәтийжелилигин арттырыў;

- медициналық туризмди раўажландырыў есабынан мәмлекетке валюта түсимлерин көбейтиў;

- миллий медицина мектебиниң абырайын арттырыў, илимий-изертлеў потенциалын күшейтиў.

Медицина тараўын санластырыў ҳәм жасалма интеллектти кеңнен енгизиў тек ғана денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялап қоймастан, ал мәмлекет экономикасы ушын да стратегиялық әҳмийетке ийе болған жаңа қосымша қун шынжырын қәлиплестиреди. Жаңа Өзбекстан медицинасы мине усы интеграциялық қатнас арқалы Орайлық Азияның жоқары технологиялы медицина орайына айланыў жолында избе-из ҳәм беккем қәдемлер менен алға илгерилеп бармақта.

Шухрат БАЙМУРАТОВ,

Ташкент мәмлекетлик медицина университети ректоры.