Презентацияда усы жылы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм жақын келешектеги режелер ҳаққында мәлимлеме берилди. Олардан тийкарғы мақсет генерация, модернизациялаў ҳәм энергия нәтийжелилигин тәмийинлеў болып есапланады. Атап айтқанда, республика бойынша жылдың ақырына шекем 12 қуяш ҳәм 4 самал электр станциясы, 12 энергияны сақлаў системасы иске қосылатуғыны атап өтилди. Оларға жәми 5 миллиард доллардан аслам инвестиция жумсалып, дерлик 9 миллиард киловатт-саат қуўатлылыққа ийе болатуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен энергияны үнемлеў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў, әсиресе, ири санаат кәрханаларында энергия нәтийжели үскенелер орнатыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте электр тутыныўы жоқары 18 тармақты өзин-өзи энергия менен тәмийинлейтуғын системаға өткериў илажлары додаланып, социаллық мәкемелерде қуяш энергиясынан пайдаланыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Бул мәжилисте Алмалық кән-металлургия комбинатына да кешиктирип болмайтуғын бир қатар ўазыйпалар белгиленди.

Бүгинги күнде комбинат жылына 3 миллиард киловатт-саат электр энергиясын пайдаланады. 2030-жылға барып жаңа өндирислик қуўатлықлардың иске қосылыўын есапқа алғанда, бул көрсеткиш 7,6 миллиард киловатт-саатқа жетеди.

Бул өсиў қайсы дәреклер есабынан қапланады? Президентимиз 2026-жылға барып "жасыл" энергетика есабынан энергия тутыныўының қанша бөлеги тәмийинлениўин аналитикалық тәризде есап-санақ етиў бойынша тапсырма берди. Усы мақсетлерде комбинатта 12 кәрхананың энергоаудити жуўмақланды ҳәм бесеўинде жедел алып барылмақта. Онда энергоаудит илажлары есабынан жылына 100 миллион киловатт-саат электр энергиясын үнемлеп қалыў имканияты анықланды.

Буннан тысқары, Аҳангаран районында 150 МВт қуўатлылыққа ийе қуяш фотоэлектр станциясы ҳәм 75 МВт қуўатлылыққа ийе электр энергиясын сақлаў системасын қурыў жойбары әмелге асырылады. Президентимиз бул жойбарды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Өзбекстан географиялық жайласыўы бойынша қуяш нурланыўының жоқары дәрежесине ийе. 300 ден аслам қуяшлы күн оннан нәтийжели пайдаланыў ушын әжайып имканият. Экономиканың раўажланыўы ҳәм халықтың санының өсиўи менен энергияға талап та артып бармақта. Соның ушын дәстүрий энергия дәреклери менен бирге, қуяш энергиясын кеңирек тартыў зәрүр. Қуяш энергиясы таза ҳәм қоршаған орталыққа зыян жеткермейтуғын энергия дереги болып, Өзбекстанда экологияны жақсылаў ҳәм ыссыхана газлери шығарылыўын азайтыўда әҳмийетли рол атқарады.

Өндирис өзине түсер баҳасын түсириў, ескирген технологиялық үскенелерди энергия үнемлеўши заманагөйлерине алмастырыў, технологиялық өндирис процесине "жасыл" энергетиканы енгизиў, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен көбирек пайдаланыў, әсиресе, қуяш фотоэлектр станцияларын орнатыўды және де көбейтиў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Комбинатымызда 2025-жылы жанылғы-энергетика ресурсларын үнемлеў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынған еди. Соның ишинде, быйыл көрилген илажлар нәтийжесинде 140,7 миллион киловатт-саат электр энергиясы үнемленеди.

Усы жылдың январь-май жағдайына өндирис процесин оптималластырыў есабынан 17 миллион киловатт-саат, өндирислик технологияны модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў есабынан 21 миллион киловатт-саат электр энергиясы үнемленди. Бунда жийиликти басқарыў қурылмалары арқалы басқарыў, руданы тасыўда транспорт-логистика схемалары ҳәм қурылмаларын өзгертиў арқалы электр энергиясынан пайдаланыўды азайтыў, энергия үнемлеўши насос агрегатларын орнатыў сыяқлы илажлар көрилди. Сондай-ақ, ЭКГ-15 маркалы экскаваторлардың үскенелерин жаңалаў ҳәм тәмийинлеў схемаларын өзгертиў есабынан режеден тысқары тоқтаў жағдайлары азайтылды.

Мыс еритиў заводында 7 үнемли компрессор алмастырылыўы есабынан жылына 2 миллион киловатт-саат электр энергиясы үнемленбекте.

Комбинат бойынша 2026-жылы 4,3 миллиард киловатт-саат, 2030-жылы 7,6 миллиард киловатт-саат электр энергиясын пайдаланыў нәзерде тутылған. Поп, Ханабад, Аҳангаран ҳәм Бўка қуяш фотоэлектр станциялары және Шоуксин ҳәм Фориш самал электр станцияларының иске қосылыўы есабынан 2025-жылы 1,2 миллиард киловатт-саат, 2030-жылы 7,6 миллиард киловатт-саат "жасыл" энергия пайдаланылады.

Сондай-ақ, комбинат объектлеринде орнатылған жәми 9 МВт қуўатлылықтағы қуяш панеллери арқалы жылына 10 миллион киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Жаңадан қурылып атырған 2-мыс еритиў заводында пуў турбинасы орнатылыўы есабынан қосымша 64 миллион киловатт-саат энергия алынады.

"Жасыл" энергетикаға өтиў бағдарындағы жумыслар нәтийжесинде өним ислеп шығарыўдың өзине түсер баҳасы да төменлеп барады. Тийкарғы өнимимиз болған мыс катоды мысалында алып қарайтуғын болсақ, 2025-жылы 1 тонна мыс катодын ислеп шығарыўдың өзине түсер баҳасы 4 мың АҚШ долларын қураған болса, 2026-жылы 3,5 мың доллар, 2028-жылы 3,1 мың доллар, 2030-жылы болса 2,7 мың доллар болыўы прогноз етилмекте.

"Жасыл" энергетикаға өтиў нәтийжесинде кәнлерде руда қазып алыўда, мыс байытыў фабрикасында байытыўда ҳәм мыс еритиў заводында мыс катодын ислеп шығарыў процесинде электр энергиясының жумсалыўы жылдан-жылға азайып бармақта.

Бул тараўдағы жумысларымыз избе-изликке ийе болып, екилемши энергия ресурсларынан электр энергиясын ислеп шығарыў кеңейтиледи. Атап айтқанда, 10 турбо үскенениң орнатылыўы есабынан суткасына 24 мың, жылына 7,9 миллион киловатт-саат электр энергиясы үнемленеди. Сондай-ақ, 5 пуў генераторы орнатылып, жылына 1,5 миллион киловатт-саат үнемленеди.

Алмалық кән-металлургия комбинаты жумысшы-хызметкерлериниң үйлерине қуяш панеллерин орнатыў мақсетинде өз алдына система да жаратылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген бул тапсырмаларды орынлаў арқалы халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге, жасаў шараятын жақсылаўға ерисемиз. Сонлықтан, комбинат барлық күш ҳәм ресурсларды иске қосқан ҳалда "жасыл" энергетикаға өтиў жумысларын және де жеделлестириў ҳәрекетинде.

Абдулла ХУРСАНОВ,

"Алмалық КМК" АЖ басқармасы баслығы