"Өзгидромет"тиң мағлыўматларына бола, 17-июльде республиканың арқасында, қубласында ҳәм шөл аймақларында, 18-20-июльде аймақтың үлкен бөлиминде ҳаўа температурасы 40-43 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 44-45 дәрежеге шекем көтериледи.
Хош, бундай ҳаўа-райы шараятында қандай усынысларға әмел етиўи керек?
- Ыссыда, бәринен бурын, балалар, кекселер, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм созылмалы кеселликлерден қыйналып атырған наўқаслар өз денсаўлығына және де итибарлы болыўы зәрүр, - дейди Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Экологиялық дипломатия бөлиминиң баслығы Абдуқаюм Тўхтақулов. - Себеби бундай ыссы ҳаўа себепли организмниң терморегуляция системасына жүклеме түседи.
Бул болса бар болған созылмалы кеселликлер күшейиўи ямаса ыссылық пенен байланыслы кеселликлер, атап айтқанда, организмниң улыўма ҳәлсиреўи ҳәм өмир ушын қәўипли болған қуяш урыўына себеп болыўы мүмкин.
Ыссы, әсиресе, жүрек-қан тамыр системасына унамсыз тәсир көрсетеди. Бундай ўақытта инсанның жүрек соғыўы тезлесип, қан басымы көтериледи. Сондай-ақ, организм температураны нормада услаў ушын көбирек энергия сарплайды. Ақыбетинде инсан күшли терлейди. Бул болса денениң суўсызланыў қәўпин және де арттырады. Сол себепли ыссы ҳаўада бир қатар сақлық илажларын көриў усыныс етиледи.
Бәринен бурын, күнниң ең ыссы ўақты - 12:00 ден 16:00 ге шекем илажы барынша жабық имаратларда ямаса салқын жерлерде болыў керек. Бул ўақытта қуяш нурлары ең күшли болып, денениң қызып кетиўи ҳәм қуяш урыў қәўпи жоқары болады. Егер көшеге шығыў зәрүрлиги туўылса, сая жерлерде жүриў, зонтиктен пайдаланыў ҳәм белсендиликти күнниң салқынлаў ўақытлары - азанда ямаса кеште режелестириў мақсетке муўапық.
Сондай-ақ, үй шараятында салқынлықты тәмийинлеў де жүдә әҳмийетли. Мәселен, күндиз қуяш түсетуғын тәрептеги терезелерди жабық ҳалда сақлаў, түнде ҳаўа салқынлағанда терезелерди ашып, ханаларды самаллатыў, күнниң ең ыссы ўақытларында печь, кир жуўыў машинасы, кептиргиш сыяқлы өзинен-өзи ыссылық шығаратуғын турмыслық техникалардан пайдаланыўды шеклеў керек.
Ыссыда дурыс кийим таңлаў да әҳмийетли. Жеңил, кең пишимли, ҳаўаны жақсы өткизетуғын тәбийий гезлемелерден (пахта, жипек) тигилген кийимлерди кийиў усыныс етиледи. Керисинше, синтетикалық кийимлерден сақланыў керек. Имканияты болғанша ашық реңли кийимлерди таңлаў мақсетке муўапық. Себеби олар қуяш нурын жақсырақ қайтарады.
Көшеге шыққанда кең саяманлы бас кийим кийиў ҳәм қуяштан қорғаўшы көз әйнек тағыў шәрт. Ал басты қуяш нурынан сақлаў зәрүр. Себеби бас мийдиң қызып кетиўи ыссы урыўына алып келиўи мүмкин.
Күн даўамында тез-тез салқын душ ямаса ванна қабыл етиў де дене температурасын төменлетиўге жәрдем береди. Бирақ жүдә суўық суўдан пайдаланбаў керек. Себеби температураның кескин өзгериўи организм ушын стресс болыўы, ҳәттеки, пневмонияға алып келиўи мүмкин. Бөлме температурасындағы ямаса бираз салқын суў ең мақул вариант болып есапланады.
Сондай-ақ, териге, әсиресе, бас ҳәм мойын аймақларына ығал сүлги ямаса шүберек қойыў да организмди нәтийжели суўытады.
Қалаберди, ыссыда аўыр физикалық мийнет ямаса спорт пенен шуғылланыў суўсызланыў, күшсизлениў ҳәм қуяш урыў қәўипин сезилерли дәрежеде арттырады. Бундай шараятта жүрек-қан тамыр системасына түсетуғын жүк артады, бул болса таярлығы болмаған адамларда жүрек соғыўы ямаса инсульт қәўпин пайда етеди.
Имканият болса, спорт пенен кондиционерли жабық имаратларда шуғылланған абзал. Шынығыў ўақтында организмди тыңлаў, тез-тез дем алыў, жетерли муғдарда суйықлық ишиў зәрүр. Бас айланыўы, кеўил айныўы ямаса күшли ҳәлсизлик сыяқлы белгилер пайда болса, шынығыўды дәрҳал тоқтатыў керек.
Созылмалы кеселликлери (гипертония, жүрек кеселликлери, семизлик) бар адамлар ыссыда физикалық белсендилик пенен шуғылланыўдан алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесиўи керек.








