Жиззақ ўәлаяты сессиясында шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша тийкарғы режелер белгиленди

    Сиясат 2 желтоқсан 2025 898

    Халық депутатлары Жиззақ ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти 2-декабрь күни халық депутатлары Жиззақ ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

    - Бүгин Жиззақтың ҳәр бир районында үлкен өзгерислер болып атырғанын, адамлар қуўанып атырғанын көргенде, ўәлаятты қыйын жағдайдан алып шыға алғанымыздан қуўанышлыман ҳәм мақтанышлыман, - деди мәмлекетимиз басшысы мәжилисти ашып.

    Өткен дәўирде Жиззақ елимиздеги ең жедел раўажланып атырған санаат аймақларынан бирине айланды. Сегиз жылда бул жерде 6,5 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар әмелге асырылған болып, оның 45 проценти санаатқа туўра келеди. Ўәлаятта жылына 175 мың автомобиль ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылған.

    Замин, Фориш, Арнасой районлары ҳәм Жиззақ қаласында қысқа ўақытта улыўма баҳасы 2 миллиард долларлық 500 ден аслам туризм ҳәм сервис объектлери пайдаланыўға тапсырылды. 300 миллион долларлық жойбарлар есабынан Арнасай ҳәм Замин районларында жыл даўамында ислейтуғын дем алыў орынлары иске қосылды, аэропортлар қурылды. Соның нәтийжесинде Жиззақ ең тартымлы туристлик бағдарлардан бирине айланды.

    Буннан сегиз жыл алдын ўәлаяттағы жумыс орынларының 42 проценти аўыл хожалығы тараўына туўра келетуғын еди. Бүгинги күнде аймақтың 310 мыңға шамалас халқы санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында жоқары дәраматлы жумыс орынларында мийнет етпекте.

    Узақ ўақыт пахташылыққа бағдарланған аўыл хожалығы да терең диверсификацияланды. Бахмал, Ғаллаорол, Зомин, Янгиобод ҳәм Форишда 28 мың гектар жаңа бағ ҳәм жүзимзарлықлар жаратылды. Мырзашөл, Дослық, Зафарабад, Зарбдор, Пахтакор ҳәм Арнасой сыяқлы далалы жерлерде және 12 мың гектар бағ ҳәм овош жетистириў жолға қойылды.

    Улыўма, кейинги сегиз жылда Жиззақта санаат 2,5 триллион сумнан 25 триллион сумға, хызметлер 2,5 триллион сумнан 20 триллион сумға, аўыл хожалығы 9 триллион сумнан 30 триллион сумға артқан.

    - Әлбетте, бул кең көлемли реформаларымыздың басланыўы. Жиззақты социаллық-экономикалық раўажландырыў жолында еле үлкен жумысларды әмелге асырыўымыз керек, - деди Президент.

    Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Мәмлекетимиз басшысы Жиззақ ўәлаяты ҳәкими лаўазымына ўәлаят ҳәкими ўазыйпасын атқарып киятырған Улуғбек Мустафоевтың кандидатурасын усыныс етти. Даўыс бериў нәтийжелери бойынша оның кандидатурасы мақулланды.

    Президентимиз санаат, инвестиция, туризм, аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша жаңа басламаларды көрсетип өтти.

    Улыўма миллий автомобиль санаатында Жиззақтың үлеси 25 процентке жетти. Ендиги ўазыйпа автомобиль заводлары әтирапында түрлес тармақларды раўажландырыў, локализация дәрежесин арттырыў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыў екени атап өтилди.

    Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди: таяр өндирислик имаратларды қолайлы шәртлерде бериў, комплектлеўши бөлеклерди валидлеў қәрежетлериниң 50 процентин қаплап бериў.

    Ўәлаятта жылына 1 мың тонна вольфрам қазып шығарыў жойбары әмелге асырылмақта. Ғаллаорол ҳәм Нурабадтағы жойбарлар иске қосылғаннан соң, Өзбекстан дүньядағы жетекши вольфрам ислеп шығарыўшылар қатарына кириўи мүмкин.

    Жуўапкер уйымларға Ғаллааралдағы перспективалы алтын майданына инвестор тартыў, Фориштеги қорғасын-цинк кәнинде геологиялық-излеў жумысларын жуўмақлаў, Арнасай районындағы уран кәнин өзлестириў бойынша техникалық-экономикалық тийкар таярлаў бойынша тапсырмалар берилди.

    "Жиззақ" еркин экономикалық зонасында улыўма баҳасы 510 миллион долларлық 30 жойбардың әмелге асырылыўы есабынан 10 мыңға шамалас халықтың бәнтлиги тәмийинленген. Бул жерде 540 миллион долларлық жойбарлар бойынша жумыслар даўам етпекте. Исбилерменлер санаат зонасын жетерли энергия қуўатлылығы менен тәмийинлеў ҳәм қурылыс жумысларын алып барыў бойынша мүрәжат етти.

    Энергетика министрлигине бул жерге 40 километр жоқары күшлениўли электр тармағын тартыў ҳәм 40 мегаваттлы подстанция қурыў ўазыйпасы қойылды. 2026-жылға мөлшерленген санаат зоналарының инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасында "Жиззақ" еркин экономикалық зонасында баҳасы 100 миллиард сумлық тазалаў имаратларын қурыў нәзерде тутылады.

    Санааттың энергия тәмийнатын арттырыў мақсетинде быйыл 200 мегаватт, келеси жылы және 300 мегаватт қуўатлықлар жаратылады. Сондай-ақ, жәми қуўатлылығы 30 мегаватт болған 150 киши ҳәм мини ГЭСлер иске қосылады.

    Келеси жылы инфраструктура ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын ўәлаятқа дерлик 10 триллион сум ажыратылады.

    Бахмал ҳәм Зоминниң таўлы аймақларын бирден-бир туристлик айланбаға бирлестириў жүзлеген сервис объектлерин иске қосыў, мыңлаған адамларды жумыс пенен тәмийинлеў, туризм хызметлериниң экспортын бир неше есеге арттырыў имканиятын беретуғыны атап өтилди. "Замин-Бахмал-Ғаллаорол" жолының 158 километр бөлегин оңлаў жумысларын келеси жылы баслаў бойынша тапсырма берилди. Бахмалда 39 гектар майданда баҳасы 40 миллион долларлық туризм кластерин шөлкемлестириў басламасы қоллап-қуўатланды. Районға туристлик статусы бериледи.

    Арнасай аэропортын ири самолётларды қабыллаў ушын модернизациялаў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди. Буннан тысқары, Айдар-Арнасай көлине темир жол тартылады.

    Президентимиз аўыл хожалығы мәселелерине айрықша итибар қаратты. 900 мың гектар суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жерлерден 110 мың гектары резервте екени, оларды азықлық, майлы егинлер ҳәм санаат бағлары ушын пайдаланыўға киргизип, кеминде 20 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин екени атап өтилди.

    Ўәлаят фермер ҳәм шарўалары насослар ушын электр энергиясы ушын субсидияны айдың басынан төлеп бериўди сорап мүрәжат еткен. Бундай системаны пүткил республика бойынша енгизиў бойынша тапсырма берилди.

    Жиззақ картошка жетистириў бойынша үлгили аймақ болыўы керек. 2026-жылдан баслап картошка жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлери енгизиледи: төгин, техника ҳәм жанылғы ушын 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 12 процентлик кредитлер; кредит суммасының 50 процентине кепиллик; насослар ушын қуяш панеллерин орнатыў қәрежетлериниң ярымы қаплап бериледи. Сондай-ақ, келеси жылдан баслап насосларға кететуғын электр қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи. Картошка егиў ҳәм жыйнаў ушын алып келинген техникалар бажыхана бажысынан азат етиледи.

    Сондай-ақ, супер элита ҳәм элита туқымларды фермерлерге тапсырғанша музлатқышлы қоймаханаларда сақлаў қәрежетлериниң 50 процентин қаплап бериў механизми енгизиледи.

    Бахмал бағшылары ушын қосымша қоллап-қуўатлаў илажлары жәрияланды: интенсив бағ жаратыў ушын 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жыл мүддетке 14 процентлик жеңиллетилген кредитлер; шпалер ушын 20 мың сумнан 70 мың сумға шекем субсидия. Музлатқышлы қоймаханалар ушын процент ставкасының бир бөлеги - базалық ставкадан 8 процентке шекемги бөлеги қаплап бериледи. Мийўе-овош экспорт етиўшилерге ҳәм бағманларға қадақлаў қәрежетлериниң 50 процентин қаплаў ушын субсидия төленеди.

    Улыўма, Бахмалда өзиниң бағшылық тәжирийбеси жаратылады, кейин ала бул жеңилликлер пүткил республикамызға енгизиледи.

    АҚШлы бирге ислесиўшилер менен биргеликте Зоминда жылына 9 миллион дана инкубациялық мәйек ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе 100 мың ана бас туқымгершиликке мөлшерленген ири нәсилли қусшылық фабрикасы шөлкемлестирилмекте. Бул сийрек ушырасатуғын жойбар мәмлекетимиздиң қусшылық тараўын жаңа басқышқа алып шығады.

    Президентимиз қурылыс ҳәм инфраструктура мәселелери ҳаққында сөз етип, социаллық хызметлер, мийнет базары ҳәм инфраструктураны алыс мәҳәллелер халқына жақынластырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

    Урбанизация бойынша миллий комитет ҳәм ўәлаят ҳәкимлигине европалы экспертлерди тартқан ҳалда, Жиззақ қаласы ҳәм Шараф Рашидов районын бирден-бир агломерация сыпатында раўажландырыўдың бас режесин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

    Халықтың талабынан келип шығып, Жиззақта транспорт ағымын түсириў ушын 10 километр айланба жол қурылады. Даштабад посёлкасы ҳәм Ховос районы арасындағы темир жол үстинде жаңа көпир қурыў жумыслары басланды.

    - Бүгин сизлер менен ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша жаңа ўазыйпаларды белгилеп алдық ҳәм әҳмийетли мәселелерди додаладық. Барлық ис-ҳәрекетлеримизден, қабыл етип атырған қарарларымыздан бир ғана мақсет - бул жерде жасап, мийнет етип атырған адамларды разы етиў, ўәлаятты ҳәр тәреплеме раўажланған аймаққа айландырыў, - деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы мәжилисти жуўмақлап.

    Сессия даўамында ўәлаят ҳәм район ҳәкимлериниң есабаты, белсендилердиң пикирлери тыңланды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates