Кейинги жылларда әмелге асырылған реформалар ҳәм системалы илажлар нәтийжесинде ўәлаят экономикасында структуралық трансформация жүз берди. Ўәлаят экономикасы диверсификацияланып, аграр тараўдан санаат, хызмет көрсетиў ҳәм заманагөй агрокластерлерге өтилди. Тоқымашылық, қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы, электротехника ҳәм туризм сыяқлы жаңа өсиў драйверлери қәлиплести.
Жалпы аймақлық өнимде санааттың үлеси 9,1 проценттен 18,8 процентке артты, аўыл хожалығының үлеси 50 проценттен 36 процентке азайды. Жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежеси сәйкес түрде 4,9 ҳәм 5,8 процентке азайды. Экспорт 1,8 есеге, хызметлер көлеми 1,6 есеге, санаат өнимлерин ислеп шығарыў 1,9 есеге өскен.
Бир жылда 25 ири, сондай-ақ, 533 орта ҳәм киши инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 1,4 миллиард доллар сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Экспортёрлардың саны 160 қа жетип, экспорт көлеми 285 миллион долларды қураған.
Мәжилисте кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық дәрежесин және де қысқартыў, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығында жедел өсиўди тәмийинлеўге қаратылған режелер көрип шығылды.
Атап айтқанда, 2026-2027-жылларда жалпы аймақлық өнимниң өсиў пәтин 8,5 процентке жеткериў, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин 8 процентке арттырыў, 5 миллиард доллар сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм жыллық экспортты 500 миллион долларға жеткериў мөлшерленген.
Бурын инвестициялар тийкарынан шийки зат қазып алыў ҳәм әпиўайы жыйнаў кәрханаларына қаратылған болса, келешекте жоқары қосымша қунлы жойбарларға тийкарғы әҳмийет қаратылатуғыны атап өтилди.
Буннан тысқары, усы жылы жумыссызлықты 3 процентке, кәмбағаллықты 2,8 процентке түсириў, 182 мәҳәллени жынаячтшылықтан жырақ аймаққа айландырыў нәзерде тутылған.
Президентимиз бул мақсетлерге мәҳәллелерди терең қәнигелестирместен ерисип болмайтуғынын атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен келеси еки жылда ўәлаятта раўажланыўдың жаңа модели енгизиледи. 304 мәҳәллениң салыстырмалы үстинликлери талланып, бағшылық, шарўашылық, овош-палыз жетистириў, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм туризм бағдарларына қәнигелестириў бағдарламасы ислеп шығылды.
Бағдарлама шеңберинде 5 мың гектар ески бағ ҳәм жүзим атызларына сертификатланған нәллер егиў, 4 мың 600 гектар индустриал плантациялар шөлкемлестириў, 10 мың гектар қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринде өнимдарлы ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер жетистириў, 101 мың бас қара малдың нәсилин жаңалаў, 5 микро санаат орайын шөлкемлестириў, 6 ири туризм комплексин қурыў, ҳәр бир район орайында дем алыў бағлары ҳәм абаданластырылған жәмийетлик орынлар шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
"Драйвер" жойбарлардың инфраструктурасын беккемлеўге усы жылы 200 миллиард сум қаратылатуғыны атап өтилди. Санаатты раўажландырыў мақсетинде 2026-2027-жылларда улыўма нырқы 2,7 миллиард долларлық ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Онда аймақтағы қорғасын, цинк, вольфрам, алтын ҳәм басқа да руда емес пайдалы қазылма кәнлеринен нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте Замин районында мәккени қайта ислеп, жоқары қосымша қунлы өнимлер, соның ишинде, жоқары фруктозалы сироп ҳәм аллюлоза ислеп шығарыўды нәзерде тутатуғын аграр-илимий индустриаллық паркти шөлкемлестириў жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, шарўашылықты раўажландырыў, нәсилли қарамал сатып алыў, түйешиликти раўажландырыў, "Жайылма" каналын реконструкциялаў илажлары да нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаяттағы таўлы ҳәм шөл аймақларының потенциалын айрықша көзқараслар тийкарында жүзеге шығарыў зәрүрлигин атап өтти. Атап айтқанда, усы жылы 25 мың гектар суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жерлерди пайдаланыўға киргизиў, жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығыў режелестирилген.
Мәжилисте Жиззақ ўәлаятының туризм потенциалы да талланды. Айдар-Арнасай көллери системасы, Бахмал, Фориш, Зафарабад, Шараф Рашидов ҳәм Ғаллаорол районларының имканиятларынан толық пайдаланылмай атырғаны көрсетип өтилди.
Усы мүнәсибет пенен бул аймақларда туризм комплекслерин шөлкемлестириў, Арнасай аэропортын кеңейтиў, халықаралық автомобиль жоллары бойында саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплекслерин қурыў режелери көрип шығылды.
Мәҳәллелерде социаллық объектлер, жоллар, ишимлик суўы, канализация ҳәм электр тармақларын қурыўға усы жылы 30 миллион доллар, келеси жылы және 10 миллион доллар қаратылады.
Бул қаржылар есабынан 14 мәҳәлледе социаллық тараў объектлери, 28 алыс мәҳәллени байланыстыратуғын 105 километр жол, 50 километр ишимлик суўы ҳәм электр тармақлары, 13 мәҳәлледе 65 километр ақаба тармақлары қурылады ҳәм оңланады.
Қала қурылысы тараўында аймақлық режелестириў тийкарында Бахмал, Зафарабад ҳәм Ғаллаарал районларының мастер-режелерин ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, Жиззақ қаласы ҳәм Шараф Рашидов районы бирден-бир агломерация сыпатында раўажландырылады. Бас реже шеңберинде транспорт жүгин азайтыў мақсетинде 10 километр айланба жол қурыў, жәмийетлик транспорттың бирден-бир системасын жаратыў, мәмлекетлик шөлкемлер ушын бирден-бир ҳәкимшилик имарат қурыў нәзерде тутылған.
Мәжилис жуўмағында жуўапкерлерге ўәлаяттың раўажланыўы шеңбериндеги ҳәр бир жойбардың орынланыўын бәнтликтиң артыўы ҳәм халықтың турмыс дәрежесиниң жақсыланыўы менен байланыстырған ҳалда тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.