Көплеген питкериўшилер жетерли дәрежеде әмелий таярлыққа ийе емеслиги себепли кадрлар жетиспеўшилиги, заманагөй технология ҳәм инновацияға байланыслы көнликпелердиң төменлиги бақланды. Бул болса өндирис тармақларында импорт технологияларға терең ғәрезлиликти келтирип шығарды. Жергиликли қолланба ҳәм илимий нәтийжелерди әмелиятта қолланыўды кескин төменлетип жиберди. Бирақ 2023-жылы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң шөлкемлестирилиўи мәмлекетлик билимлендириў сиясатында түпкиликли бурылыс жасады. Неге? Себеби, бул арқалы үш бағдар бир системаға бирлестирилди. Яғный, илимий потенциалды раўажланыўдың тийкарғы драйверине айландырыў, илимди раўажландырыў арқалы билимлендириўдиң мазмунын жаңалаў, инновацияларды экономикаға интеграциялаў ўазыйпасы қойылды.

Ҳақыйқатында да, илим ҳәм илимий жумыстың жоқары билимлендириўдиң тийкарғы ҳәм ажыралмас бөлегине айланыўы раўажланыў ушын ең әҳмийетли стратегиялық факторлардан бири болып есапланады. Себеби, жәҳән тәжирийбеси инновацияға тийкарланған экономикаға ийе мәмлекетлер әйне университетлерди күшли илимий қолланбалар орайына айландырыў арқалы жоқары раўажланыўға ерискенин көрсетеди.

Дүньяда университетлердиң илимий изертлеў потенциалынан нәтийжели пайдаланылады. Мәселен, АҚШта ҳәзирги ўақытта әмелде болған жоқары технологиялық исленбелердин 90 процентке жақыны MIT (Massachusetts Institute of Technology), Стенфорд, Гарвард яки Беркли университетлеринде жаратылған яки усы шөлкемлер илимий изертлеў хызметинде тийкар болған. Стэнфорд университети әтирапындағы изертлеў лабораториялары ҳәм стартап орталығы өз ўақтында Силикон алабының жаратылыўына тийкар жаратқан еди. Бүгин болса Силикон алабы АҚШ экономикасындағы экспортқа жарамлы инновациялардың 40 проценттен асламын тәмийинлейди.

Европада да тап сондай раўажланыў бақланады. Мысал ушын, Германияда Мюнхен техника университети ҳәм Фраунгофер институтының жәмәәти экономиканың заманагөй санаат кластерлерин жаратқан. 2019-жылы Фраунгофер институтының илимий изертлеўлери ҳәм олар тийкарында шөлкемлестирилген киши инновациялық кәрханалар Германияға 25 миллиард евро қосымша жалпы ишки өнимди киргизиўге үлес қосқан. Финляндияда Aalto University әтирапындағы илимий ҳәм стартап орталығы миллий технологиялық экспорттың 30 процентке шамалас бөлегин тәмийинлейди.

Бүгинги күнде халықаралық билимлендириў майданында жетекшиликти мақсет еткен мәмлекетлер (Сингапур, Қубла Корея, Қытай) университетлерин тек ғана кадрлар таярлаўшы емес, ал изертлеў ҳәм инновация орайы сыпатында қайта шөлкемлестирип, олардың бюджети ҳәм материаллық-техникалық базасын санаат пенен интеграцияламақта. Айтайық, Сингапурда NUS (National University of Singapore) университети илимий изертлеў ҳәм стартаплардан жылына 2 миллиард доллардан аслам дәрамат алады.

Сонлықтан, Өзбекстанда да университетлердиң илимий-изертлеў потенциалын күшейтиў заман талабына айланған. Билимлендириўди өндириске байланыслы ҳалда шөлкемлестириў, оқыў процесин кредит модул талаплары тийкарында "күн даўамында билим алыў" системасына, яғный горизонталь (сменалы) оқыў процесинен вертикал (сменасыз) ға өткериў мақсетке муўапық. Студентлер саны көп болса да, оқыў процесин вертикал системаға өткериў жүдә әпиўайы. Бул студентлердиң илим, пән ҳәм өндириске болған қызығыўшылығын арттырады. Бос ўақтын билим алыўға ҳәм тараўы бойынша өндириске бағдарлаў имканиятын береди.

"Илим арқалы билим" модели. Усы көзқарастан, бизиңше, ҳәр бир университетте илимий лабораториялар, изертлеў орайлары ҳәм киши өндирис кәрханаларын жаратыў тек ғана профессор-оқытыўшылардың потенциалын арттырып қоймастан, ал студентлердиң илимий қолланбалардағы қатнасын тәмийинлейди. Бундай орталықта билимлер жасалма, яғный тек теориялық материал ямаса аўдарылған мақалалар арқалы емес, ал ҳақыйқый изертлеў нәтийжелери, тәжирийбе ҳәм әмелий жаңалықлар арқалы қәлиплеседи. Нәтийжеде питкериўши лабораторияда бир неше тәжирийбе өткерген, патентлеў процесинде қатнасқан, стартап идеялар менен таныс ҳәм қолланбаны енгизиў механизмлерин билетуғын қәниге сыпатында жетисип шығады. Бул университеттиң халықаралық рейтингин кескин көтериўде шешиўши фактор болып есапланады.

Бул усыл бизге таныс. Гәп сонда, өзим жумыс алып барып атырған Гүлистан мәмлекетлик университети Агробиотехнологиялар ҳәм биохимия илимий-изертлеў институтындағы 7 илимий лабораторияға 6,5 миллион доллар муғдарында инвестиция тартылып, олар жоқары анықлықта анализлейтуғын үскенелер менен тәмийинленди. Лабораторияларымыз халықаралық аккредитация сертификатына ийе. Әмелге асырылып атырған изертлеў ҳәм әмелий таллаўлар тийкарында жергиликли өндирис кәрханалары қатарында Германия, Түркия, Тәжикстан, Қазақстан, Россия, Пакистан, Қырғызстан, Қытай, Греция университетлери ҳәм илимий орайлары менен де бирге ислесиў жолға қойылған.

"Әмелият/өндирис арқалы билим" модели - "4+2" бағдарламасы. Питкериўши әмелий көнликпе ямаса сүўретлеўсиз өндириске барса, ақыбети белгили. Сонлықтан, көплеген раўажланған мәмлекетлердиң университетлеринде шараятқа сәйкес механизмлер ислеп шығылған. Мәселен, Сеул университетинде студентлер ҳәптениң 2-3 күни өндирис кәрханаларында әмелий шынығыў өтеди. Германия, АҚШ ҳәм Қытайдың көплеген университетлеринде билимлендириў процеси илимий изертлеў ҳәм өндирис пенен байланыслы ҳалда өтеди.

"4+2" бағдарламасы университетте теориялық ҳәм лабораториялық сабақлар, 2 күн өндиристеги әмелий сабақлар тийкарында көнликпелер арттырыў имканиятын береди. Ҳәптениң еки күнинде студенттиң өндирис ямаса илимий-изертлеў лабораторияларында болыўы оның маманлығын қәлиплестиреди, оқыў дәўиринде-ақ жумысқа орналасыў имканиятын береди. Қалаберди, бул арқалы питкериўши өндириске тәжирийбе үйрениўши ямаса ассистент сыпатында емес, таяр қәниге сыпатында барады. Олар экономикада сапа өзгерисине алып келетуғын исенимли механизм сыпатында инновациялық раўажланыўға хызмет етеди.

Ҳабибжан ҚУШИЕВ.

биология илимлериниң докторы, профессор