2025-жылдың ақырына шекем Өзбекстанда иске қосылған барлық электр станцияларының орнатылған қуўатлылығы 28 ГВтқа жетеди

    4 қараша 2025 439

    Усы жылы 3 мың мегаваттан аслам қуяш ҳәм самал электр станциялары, 1 мың 167 мегаватт ыссылық электр станциялары (ИЭС), 1 мың 500 мегаваттан аслам энергия сақлаў системаларын иске қосыў режелестирилген.

    Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, гүз-қыс мәўсиминде мәмлекетимиз бойынша электр энергиясынан пайдаланыў дерлик 47 млрд кВт/с, орташа суткалық пайдаланыў 257 млн кВт/с, максимал жүклеме болса суткасына 290-300 млн кВт/с болыўы күтилмекте.

    Газ тараўында модернизация жумыслары алып барылды:

    553,8 км магистраль ҳәм орта басымлы газ қубырлары жаңаланды.

    971 газ бөлистириў пункти реконструкцияланды.

    Жыл басынан берли 512,7 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип берилген болса, жылдың ақырына шекем және 142,4 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип берилиўи режелестирилген. Сондай-ақ, аймақларда 29 мыңнан аслам қосымша турмыслық газ баллонлары резерви жаратылды.

    Газ қуйыў шақапшаларының қәўипсизлиги ҳәм ашық-айдынлығын қадағалаўды тәмийинлейтуғын «UGaz» системасы иске қосылды. Барлық процесслер реал ўақыт режиминде дизимге алынбақта, жылдың ақырына шекем мәмлекетимиздеги барлық газ қуйыў шақапшаларын санластырыў жуўмақланады.

    Мәўсим ушын 10 миллион тонна жергиликли көмир ҳәм 2 миллион тонна импорт көмир, сондай-ақ, 995 мың тонна автобензин жеткерип бериў режелестирилген. Тутыныў кескин артып кеткен жағдайлар ушын 65 мың тонна автобензин резерви жаратылды.

    Энергия нәтийжелилиги тийкарғы бағдар болып қалмақта: 2025-жылы 6 миллиард кВт/саат электр энергиясы ҳәм 4,4 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў режелестирилген.

    Тек ғана ири қуяш ҳәм самал электр станцияларында 9,1 миллиард кВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылып, 2,7 миллиард куб метр газ үнемленди. Жыл ақырына шекем қосымша 5,6 млрд кВт•саат ислеп шығарылып, және 1,7 млрд куб метр тәбийғый газ үнемлениўи күтилмекте.

    Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында ҳәм барлық тармақларда энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте, бул болса энергия қәўипсизлигин беккемлеў ҳәм тәбийғый ресурсларға болған жүкти азайтыў имканиятын бермекте.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates