2025-жыл 1-ноябрьден Өзбекстанда қандай өзгерислер күшке киреди?

    28 қазан 2025 920

    Өзбекстанда 2025-жыл 1-ноябрьден миллий нызамшылықта бир қатар өзгерислер күшке киреди.

    - Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар;

    Төмендегилерди нәзерде тутатуғын қосымша қураллар енгизилмекте:

    • өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы жойбарларға банклер арқалы миллий ҳәм сырт ел валютасында 10 миллиард сумға шекем кредит ажыратыў ушын ресурсларды жайластырыў;
    • киши исбилерменлик субъектлериниң өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм "жасыл" экономика бағдарындағы микрожойбарлары ушын банклер тәрепинен ажыратылған 500 миллион сумға шекемги кредитлерди төмендеги шәртлерде қайта қаржыландырыў:

    - ажыратылған кредиттиң процент ставкасын 6 процентке шекем, бирақ оннан жоқары ставкада Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 4 процентлик пунктине шекем төменлетиў;

    - 5 ҳәм оннан артық жаңа жумыс орынларын жаратыўды нәзерде тутатуғын, кеминде 1 жыл жумыс ислеп атырған ҳәм 2 жумысшысы болған исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына усыныў.

    Халықты дизимге алыў басланады

    Халықтың айырым категорияларын дизимге алыў Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Қорғаныў министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Сыртқы ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Дин ислери бойынша комитет тәрепинен басланады.

    Мәмлекетлик хызметлер - мобил қосымшалар арқалы;

    Мобил байланыс операторлары, коммерциялық банклер ҳәм төлем шөлкемлери тәрепинен электрон мәмлекетлик хызметлер порталында мобил қосымшалар арқалы ҳақы төленетуғын электрон мәмлекетлик хызметлер киберқәўипсизлик талапларына әмел еткен ҳалда көрсетиледи.

    Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў жетилистирилмекте.

    Физикалық шахслардың жеке мағлыўматлары олардың жеке кабинети арқалы бирден-бир порталға реал ўақыт режиминде бериледи, олар қағаз түриндеги мағлыўматларға теңлестириледи. Сондай-ақ:

    мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен усы мағлыўматлардың қағаз түриндеги көринисин, егер бул мағлыўматлар Бирден-бир порталының мобил қосымшасынан пайдаланған ҳалда усынылған болса, талап етиў қадаған етиледи;

    Пенсионерлер, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм үш жасқа шекемги баласы менен келген пуқаралар Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат еткенде мәмлекетлик хызметлерден нәўбеттен тыс пайдаланыў бойынша жеңиллик бериледи;

    физикалық шахсларды Бирден-бир идентификациялаў системасына (OnelD) альтернатив түрде дизимнен өткериўде шахсты биометрикалық идентификациялаў (Face ID) тәртиби енгизиледи;

    мәмлекетлик хызметлер орайларына халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине Бирден-бир портал арқалы енгизилген барлық мәмлекетлик хызметлер бойынша хызметлер көрсетиў ҳуқықы бериледи.

    Корпоратив этика бойынша комиссия ислейди

    Корпоратив келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў механизмлерин жетилистириў ҳәм судларға жүклемени азайтыў мақсетинде Президент жанындағы Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў жәмийетлик кеңеси қурамында Корпоратив этика бойынша комиссия дүзилмекте.

    Республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының штатлары қысқартылмақта.

    Президенттиң 04.10.2025-жылдағы ПП-178-санлы Пәрманы менен 2025-жыл 1-ноябрьден баслап республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының басқарыў штат бирликлериниң оптималластырылған саны тастыйықланды.

    Ашық-айдын "Ашық бюджет"

    Санластырыў арқалы ашық-айдынлықты арттырыў мақсетинде "Ашық бюджет" порталында жеңимпаз болған барлық жойбарлардың интерактив картасы кең жәмийетшилик ушын иске қосылмақта.

    Жеке меншик кәрханалар ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахсларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа илажлар

    Универсал санлы платформалар жаратылып, олар арқалы төмендегилерге ерисиў мүмкин болады:

    ЖИ ҳәм өзин-өзи бәнт еткенлерди аралықтан турып биометриялық мағлыўмат алыў арқалы дизимнен өткериў;

    ҳүжжетлерге электрон санлы қолтаңбасы (ЭРИ) сиз қол қойыў;

    толық электрон ҳүжжет айланысы ҳәм финанслық цикл.

    Майыплығы болған шахслар ушын жумыс орынлары

    Хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен тек ғана майыплығы болған шахслар, шаңарақтағы (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахслар, "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген шаңарақ ағзалары, жетимлер қатарында болған, жайластырыўдың альтернатив түрлеринде тәрбияланған шахслар, ата-ана қарамағынан айырылған шахслар ушын жумыс орынларының мәжбүрий резерви қәлиплестириледи. Бунда мәжбүрий резервлеў:

    - хызметкерлер улыўма санының 3 процентинен аспаўы керек;

    - хызметкерлер саны 100 адамнан артық болған шөлкемлерге қолланылады.

    Қосымша билим алыў ваучерлери

    Қәнигелигин арттырыў ямаса қосымша кәсип ийелеўди қәлеген шахсларға қосымша билим алыў ушын "кәсиплик ваучер" бериў басланады.

    Ваучер ссуда сыпатында бериледи. Шахс оқыўды тамамлап, сертификат алғаннан ҳәм жумысқа киргеннен кейин еки жыл мүддетте алынған кредитти (Майыплығы болған шахслар ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақ ағзаларынан тысқары) Бәнтликке көмеклесиў қорына қайтарады.

    Жер категориясын өзгертиў бойынша жаңа тәртип киргизилмекте.

    Тоғай фонды жер майданларының категориясын өзгертиў тек ғана Президент қарарына муўапық әмелге асырылады.

    Халықаралық туризм ҳәптелиги өткериледи

    2025-жылдан баслап ҳәр жылы ноябрь айының үшинши ҳәптесинде Халықаралық туризм ҳәптелиги өткериледи.

    Бажыхана комитетинен жаңа қосымша

    Бажыхана комитети өткериў пунктлерин кесип өтип атырған жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде жолаўшы бажыхана декларациясының мобил қосымшасын иске қосты.

    Пахта бойынша фьючерс шәртнамаларының тәртиби өзгермекте

    2025-жыл пахта өниминен баслап фьючерс шәртнамалары хожалықлар ҳәм қайта ислеўшилер арасында календарь жылдың 1-ноябрьинен баслап кейинги жылдың 1-июньине шекем биржада еркин қәлиплестирилетуғын, бирақ жәрияланған басланғыш баҳадан төмен болмаған баҳаларда дүзиледи.

    «Norma» мәлимлеме-ҳуқықый порталы


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates