Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине қосымша ўазыйпа ҳәм функциялар жүкленди

    18 ақпан 2025 1364

    "Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары жумысында заманагөй шөлкемлестириў системасын енгизиў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-22-санлы, 14.02.2025-сан) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси Өзбекстан фермерлери кеңеси етип қайта аталды.

    Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине дийқан хожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлерин раўажландырыўға байланыслы төмендеги қосымша ўазыйпа ҳәм функциялар жүкленди, соның ишинде:

    - халықтың қыйтақ жерлери ҳәм дийқан хожалықларындағы жер майданларын толық хатлаўдан өткериў ҳәм оларда жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң есабын жүргизиў және “Online mahalla” платформасында анық ҳәм толық мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;
    - район ҳәм мәҳәллелердиң қәнигелесиў бойынша потенциалы ҳәм имканиятларынан келип шығып, қыйтақ жерлерде жоқары дәраматлы өнимлер жетистириўди жасыл ҳәм инновациялық қатнаслар тийкарында шөлкемлестириў арқалы халықтың жоқары дәраматлы мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды кәмбағаллықтан шығарыў.

    Қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықларының жумысын раўажландырыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша кеңес дүзилди.

    Фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў қоры және Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанында Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates