Бул ҳаққында Deutsche Welle хабар бермекте.
Басылымның жазыўынша, Канада Қытай менен еркин саўда келисимин дүзиўге умтылмай атыр. Бул ҳаққында 25-январь күни журналистлерге мәмлекет бас министри Марк Карни мәлим етти.
Оның атап өтиўинше, бундай ҳүжжет Дональд Трамптың биринши президентлик мүддетинде АҚШ, Мексика ҳәм Канада тәрепинен қол қойылған Арқа Америкада еркин саўда ҳаққындағы келисимге (USMCA) қайшы келетуғын еди.
Карнийдиң айтыўынша, Қытай менен келисимлер тек ғана еки мәмлекет саўдасындағы машқалалы мәселелер, яғный Қытайда ислеп шығарылған электромобиллер, аўыл хожалығы өнимлери ҳәм балық өнимлерине байланыслы болған.
"Биз соңғы бир неше жылда пайда болған Қытай менен байланыслы айырым машқалаларды сапластырдық", - деди Карни.
Сондай-ақ, ол Канада USMCA шәртнамасы бойынша "өз миннетлемелерин ҳүрмет ететуғынын" атап өтти.
Кеше АҚШ президенти Дональд Трамп Оттава Қытай менен саўда келисимин дүзсе, Канада өнимлерине 100 процентлик бажы төлемлерин енгизетуғынын айтқан еди, деп хабар бермекте nur.kz.
Алдынырақ Трамп Канада бас министриниң Тынышлық кеңесине мирәтин бийкар еткени ҳаққында хабар берилген еди. Буның себеби Карниниң Давостағы форумдағы шығып сөйлеген сөзи болыўы мүмкин, онда Канада бас министри уллы мәмлекетлердиң белгиленген қағыйдаларға әмел етиўден бас тартыўы себепли "дүнья тәртибиниң бузылыўы" ҳаққында айтқан еди. Карни Трамптың сиясатын нәзерде тутқан деп болжанбақта.