Жаңа Өзбекстандағы кең көлемли стратегиялық реформалар шешиўши басқышқа кирип атырған бүгинги шараятта жынаятлардың жүз бериўине шараят жаратып атырған ҳәр қандай иллетке қарсы маўасасыз гүресиў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз, күнделикли тәшўишимизге айланыўы керек.

Дүньяның түрли мәмлекетлеринде жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарындағы изертлеўлер нәтийжелери жаңаша раўажланыў басқышлары жынаятлардың жаңа көринислериниң қәлиплесиўине түртки болып атырғанлығын көрсетпекте. Атап айтқанда, санластырыўдың жоқары пәтлерде раўажланыўы тәсиринде жынаятлар түрлери ҳәм оны ислеў усыллары заманагөйлесип, мәлимлеме технологиялары шахсқа ҳәм оның мүлкине қол урыўға қаратылған ҳуқықбузарлықлар, сондай-ақ, кибержынаятшылықтың жүз бериўинде тийкарғы фактор болмақта.

Сол себепли ҳәзирги ўақытта пүткил дүньяда кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳуқық қорғаў уйымлары жумысындағы ең әҳмийетли машқалалардан бири сыпатында қаралмақта. Кибержынаятлардың түрлери ҳәм бул жынаятты ислеп атырған шахслардың саны артып атырғаны жаңа қәўиплердиң пайда болыўы менен түсиндириледи.

Таллаўлар ҳәм статистикалық мағлыўматларға бола, 2024-жылы кибержынаятлардың артынан келетуғын жыллық глобал зыян 11,4 триллион долларға тең болған, 2026-жылға келип 120 процент өсип, 25,8 триллион долларға жетиўи болжанбақта. Айырым дәреклерде атап өтилиўинше, 2026-жылға келип кибержынаятлар глобал трансмиллий жынаятлардың улыўма санынан 5 есеге көбирек жүз бериўи күтилмекте.

Буннан тысқары, 2030-жылға барып дүньяда кибержынаятларға қарсы гүресиўши структуралар мәмлекетлик ҳәм жеке меншик серверлер, бултлы мағлыўматлар орайлары, жеке компьютер ҳәм қурылмаларда сақланатуғын жәми 2 мың зеттабайтлық (еки триллион терабайт) мағлыўматлардың қәўипсизлигин тәмийинлеўи керек болады. Себеби кибержынаятшылықтың ҳәўиж алыўы ақыбетинде қәлеген кәрхана-шөлкемниң мағлыўматлар базалары киберҳүжимге ушыраў итималын бийкарлап болмайды. Сол себепли бул бағдарда беккем қорғаныў илажларын көриў талап етиледи.

Өз гезегинде, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўде бул түрдеги жынаятлардың латентлигин есапқа алыў керек болады. Қәнигелердиң пикиринше, кибержынаятлардың латентлиги АҚШта 80 процент, Уллы Британияда 85 процент, Германияда 75 процент, Россияда 90 проценттен жоқары көрсеткишти қурайды. Бул болса кибержынаятлардың жүз бериўи бойынша реал жағдайлар статистикасы буннан да жоқары көрсеткишлерди қураўы мүмкин екенлигин көрсетпекте.

Глобалласыў ҳәм санластырыў орталығында санлы технологиялар жәрдеминде исленип атырған жынаятлар жылдан-жылға көбейип, дәстүрий жынаятлардың кибержынаятларға трансформациясы елимизде де кеңейип атырғаны бақланбақта.

Атап айтқанда, мәмлекетимизде соңғы бес жылда кибержынаятлар 68 есеге, тек ғана өткен жылы болса 2023-жылдағыға салыстырғанда 9,1 есеге артқан. Усы дәўирде кибермәкандағы ҳуқықбузарлықлар бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түсип атырған мүрәжатлар саны 34 есеге көбейген.

Бул жынаятлар нәтийжесинде пуқаралардың 1 триллион 909 миллиард сумнан аслам қаржысы талан-тараж етилген.

2019-жылы мәлимлеме технологиялары арқалы 18 түрдеги 863 жынаят жүз берген болса, 2024-жылы 62 түрдеги 58 мың 800 жынаят дизимге алынғаны және кибержынаятлардың улыўма жынаятшылықтағы үлеси сезилерли дәрежеде артқаны олардың алдын алыў зәрүрлигин және де әҳмийетли етпекте.

2023-жылы кибержынаятлардың улыўма жынаятшылықтағы үлеси 6,2 процентти қураған болса, 2024-жылы 44,4 процентке жетип, дерлик ҳәр еки жынаяттың бири мәлимлеме технологиялары арқалы исленген. Бул жағдай олардың алдын алыў системасын турақлы, жылдан-жылға жетилистирип барыўды талап етпекте.

Кибержынаятлардың тийкарғы бөлегин (98 проценти) банк карталары менен байланыслы жынаятлар (киберурлық ҳәм кибералдаўшылық) қурамақта.

Кибержынаятлар тийкарынан төмендеги усылларда әмелге асырылмақта:

- 60 проценти зыянлы силтемелер ҳәм программалар жибериў арқалы банк картасы ямаса мобиль қурылма басқарыўын қолға киргизиў жолы менен;

- 16 проценти ҳәр қыйлы алдаўлар менен банк картасы ҳәм мобиль қосымшалардағы есап бетлерди басқарыўды тастыйықлаўшы SMS кодты қолға киргизиў жолы менен;

- 4 проценти шахс атына онлайн кредит рәсмийлестириў арқалы;

- 11 проценти онлайн саўда платформаларындағы алдаўшылық арқалы;

- 9 проценти ҳәр қыйлы усылдағы алдаўшылық схемалары арқалы пуқаралардың пул қаржыларын тартып алыў тәризинде жүз бермекте.

Жоқарыда келтирилген таллаўлар ҳәм статистикалық мағлыўматлар тийкарында мәлимлеме-коммуникация технологияларының кең тарқалыўы ҳәм реал ўақыт режиминде шексиз мәлимлеме алмасыў имканиятларының артып барыўы шараятында кибержынаятлар қыйын трансмиллий машқалаға айланып баратырғанын көриў мүмкин. Бул болса кибермәканда қәўипсиз орталықты жаратыў ушын инновациялық көзқараслар тийкарында кибержынаятларға қарсы гүресиў усылларын ислеп шығыўды талап етпекте.

Бүгинги күнде дүньяда илимий изертлеўлер шеңберинде кибержынаятлардың алдын алыў ҳәм кибермәканда қәўипсиз орталықты жаратыў ушын түрли көзқараслар ҳәм усыллар усыныс етилмекте.

Атап айтқанда, кибержынаятларды тергеў жумысы менен шуғылланыўшы Group-IB компаниясының президенти Илья Сачковтың атап өтиўинше, егер пайдаланыўшы киберқәўипсизлик қағыйдаларын билсе, ол кибермәканда бәрқулла қәўипсиз болады. Group-IB компаниясы тәрепинен он жыл даўамында кибер алдаўшылар жеке мағлыўматларды өзлестирмеўин нәзерде тутатуғын арнаўлы еслетпелер ислеп шығылды. Бирақ бул ескертиўлердиң жәмийетте жүдә әсте тарқалыўы себепли бул усыл өз нәтийжесин бермеди.

Усы бағдардағы жетекши изертлеўши У.Дизард мәлимлеме жәмийетиниң санлы трансформациясы шараятында бир қатар машқалалы мәселелерди шешиў ушын жаңа технологиялар усынатуғын имканиятлар бәрқулла есапқа алыныўы ҳәм оларға қарсы гүресиўи керек болған потенциал қәўиплерди өз ишине алыўы зәрүрлигин усыныс еткен.

Оның пикиринше, бул мәселе бойынша раўажланыў стратегиясы белгили дәрежеде техникалық ҳәм экономикалық қарарлар қабыл етилиўи менен белгилениўи керек.

Бир қатар илимпазлар нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жаза илажларын күшейтиў арқалы кибержынаятлардың алдын алыў мүмкин екенлигин атап өткен болса, басқалары кибержынаятлардың алдын алыў машқалалары билимлендириў процеси субъектлериниң санлы саўатлылығы менен байланыслы екенлигин тийкарлап берген. Олар өз илимий жуўмақларында кибержынаятлардың алдын алыўда санлы билимлендириў орталығының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўды, пән бағдарламаларына "Киберқәўипсизлик тийкарлары" оқыў пәнин барлық оқыўшылар ушын мәжбүрий пән сыпатында киргизиўди усыныс еткен.

Кибержынаятлардың алдын алыў машқалаларының әҳмийетли мәселелери бойынша жетик илимпазлар тәрепинен илимий изертлеўлер алып барылып, бул бойынша инновациялық көзқарасларға байланыслы пикирлер билдирилген.

Бул бойынша тек илимий орайлар ҳәм изертлеў мәкемелери емес, ал айырым раўажланған мәмлекетлерде де жетерли дәрежеде стратегиялық усыллар ислеп шығылғаны бақланған.

Атап айтқанда, санлы технологияларды енгизиў ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша алдынғы тәжирийбеге ийе Сингапур, АҚШ, Қубла Корея, Япония, Германия, Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлер тәрепинен узақ жыллық стратегиялық мәселелер қойылып, кибержынаятлардың алдын алыў машқалаларының айырым мәселелери шешилген.

Бул бағдар халықаралық шөлкемлер, атап айтқанда, НАТО тәрепинен де глобал машқала сыпатында атап өтилген. Бул машқаланың әҳмийети блоктың соңғы жылларда қабыл етилген барлық басқарыў ҳүжжетлеринде өз көринисин тапқан. Буннан тысқары, балалар кибержынаятлар тәсирине түсип қалыўының алдын алыў мақсетинде ЮНИСЕФ тәрепинен де бир неше ири жойбарлар әмелге асырылған.

Жоқарыдағы таллаўлар нәтийжесинен көринип турғанындай, кибержынаятлардың жаңа түрлери ҳәм түрлери жүзеге келип атырғанлығы оларға қарсы гүресиў системасын жетилистириўди талап етпекте.

Президентимиздиң усы жыл 30-апрельдеги қарары елимизде мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз берилетуғын кибержынаятларға қарсы гүресиў жумысын буннан былай да күшейтиўдиң пүткиллей жаңа механизмлерин енгизиў, кибержынаятлардың жүз бериўине себеп болып атырған машқалаларды системалы илажлар арқалы шешиў, кибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарында бирден-бир жумыс ислеў әмелиятын жолға қойыў, бул бағдарда барлық жуўапкер мәмлекетлик уйымлар менен мәкемелердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм мәнзилли бирге ислесиўин шөлкемлестириў бойынша ўәкилликли уйымды белгилеў және халықта жеке қәўипсизлик сезимин қәлиплестириў бағдарындағы нәтийжели илажлардың гезектеги әҳмийетли ҳуқықый тийкары болып хызмет етеди.

"Мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз берилетуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын және де күшейтиўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы усы қарарға тийкарланып, кибержынаятлардың ерте алдын алыў бағдарында төмендеги илажларды көриў белгиленди:

Бириншиден, банклер тәрепинен гүманлы финанслық операциялар ҳаққында ҳуқық қорғаў уйымларына оператив хабар бериў системасы жолға қойылады. Онда Орайлық банкте гүманлы өткермелерди анықлаў механизми ислеп шығылады ҳәм мағлыўматлар электрон мағлыўматлар алмасыў системасы арқалы Ишки ислер министрлигине жибериледи. Нәтийжеде пуқаралардың алдаўшылық схемаларына инвестиция киргизиў ҳәм алданып қалыў жағдайларының ерте алдын алынады, алдаўшылық жынаятлары, соның ишинде, "финанслық пирамида" арқалы өзлестирилген пуллардың 80 процентин өз ийелерине қайтарыў имканияты пайда болады.

Екиншиден, ең көп кибержынаят дизимге алынған банклер ҳәм төлем шөлкемлериниң дизимин жәмийетшиликке жәриялаў әмелияты енгизиледи. Ишки ислер министрлиги тәрепинен жынаятлардың анализи тийкарында автоматикалық ҳәм ашық-айдын қәлиплесетуғын рейтинг системасы ислеп шығылады ҳәм ҳәр ай жуўмағы бойынша нәтийжелер интернеттеги рәсмий сайтларда ҳәм ғалаба хабар қуралларында кең жәмийетшиликке жәрияланып барылады. Бул банклер ҳәм төлем шөлкемлери өз қәўипсизлик системасын беккемлеў бойынша қатаң илажлар көриўге түртки береди, пуқараларда қорғаў системасы беккем болған банклер ҳәм төлем қосымшаларын анықлаў ҳәм таңлаў имканияты пайда болады.

Үшиншиден, жалған қоңыраўларды шеклеў (телеком антифрод) системасы толық енгизиледи. Бүгинги күнде мобиль қурылмалардан пайдаланыўшы пуқаралардың дерлик 95 процентине салыстырғанда жалған қоңыраўлар арқалы алдаўлар менен жеке мағлыўматларын урлаўға урыныўлар жүз бермекте. Нәтийжеде жалған қоңыраўлар арқалы әмелге асырылатуғын алдаўшылықтың толық алдын алыў имканияты пайда болады.

Төртиншиден, ҳәр жылы "Кибермәдениятты жоқарлатыў айлығы" комплексли үгит-нәсиятлаў илажлары өткериледи. Кибержынаятларды таллаў олардың 95 процентинде жәбирлениўшилердиң өзи жынаятқа шараят жаратып бергенин көрсетпекте. Кибер саўатлылығы жетерли болмағаны себепли пуқаралардың өзлери жеке мағлыўматларын алдаўшыларға бермекте ямаса социаллық тармақлардан зыянлы программаларды жүклеп алмақта.

Соған бола, ҳәр жылдың ноябрь айында кибер үгит-нәсият айлығын өткериў, үгит-нәсиятлаўды алып барыўда барлық мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетлик емес ҳәм жәмийетлик мәкемелердиң жуўапкершилигин арттырыў ушын жыллық бағдарламаны Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықлаў тәртибин енгизиў белгиленген.

Бесиншиден, халықтың хабардарлығын арттырып барыў бойынша барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес ғалаба хабар қуралларында турақлы үгит-нәсият жумыслары алып барылады. Кибержынаятлардың түрлери ҳәм усыллары тезлик пенен жаңаланып, қысқа мүддетте көплеген пуқаралардың жәбирленип атырғаны бақланбақта.

Бул, өз гезегинде, жаңа түрдеги киберқәўиплерден халықтың барлық қатламын ескертиў арқалы унамсыз ақыбетлердиң ерте алдын алыў мүмкин екенлигин көрсетпекте.

Соған бола, жедел ҳәм тәсиршең үгит-нәсиятлаў алып барыў бойынша барлық ҒХҚ ҳәм интернет басылымларының жуўапкершилигин ҳәм интәкерлигин арттырыў, ҳәр бир инсанда басқаларды жаңа қәўип-қәтерден ескертиў, "социаллық пайдалы жумыс" сыпатында қатнас жасаўды қәлиплестириў, пуқаралардың жеке белсендилигин оятыў талап етиледи.

Алтыншыдан, үгит-нәсиятлаўда интернет тармақларынан мақсетли пайдаланыў ҳәм үгит-нәсият илажларын жаслар арасында улыўма миллий ҳәрекет сыпатында шөлкемлестириў.

Бүгин жаслар тийкарғы ўақытын социаллық тармақларда өткериўи ҳәм миллий қәдириятларымызға жат идеяларды үгит-нәсиятлаў кең тарқалыўы бақланбақта. Интернетте мақсетли (таргет) рекламалар тийкарында үгит-нәсиятлаўды алып барыў қәрежет талап етсе де, тәсиршең есапланатуғыны дәлилленип атыр.

Жетиншиден, "Мәлимлеме технологияларынан пайдаланып исленип атырған жынаятларға қарсы гүресиў ҳаққында"ғы нызамды ислеп шығыў. Кибержынаятларға қарсы гүресиў бойынша Ҳуқық қорғаў уйымы, банклер, мәпдар уйымлар ҳәм жәмийетлик мәкемелердиң өз-ара бирге ислесиўин шөлкемлестириў ҳәм тараўдағы жумысын мәнзилли бағдарлаў тәртиби енгизилмеген. Бул тараўдағы қатнасықларды тәртипке салатуғын бирден-бир нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жоқ, әҳмийетли мәселелер белгилеп берилмеген. Жаңа нызам қабыл етилиўи менен кибержынаятларға қарсы гүресиў бойынша жуўапкер ҳәм көмеклесиўши мәкемелер, олардың ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлери белгиленеди, кибержынаятлардың ерте алдын алыў мақсетинде комплексли илажлар көрип барыў системасы жаратылады ҳәм бул Өзбекстанның халықаралық рейтингтеги имиджин арттырыўға хызмет етеди.

Жоқарыдағылардан көринип турғанындай, пуқараларды киберқәўиплерден ерте ескертиў, оларда киберқәўипсизликтиң дәслепки элементлерине әмел етиў көнликпелерин қәлиплестириў кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарындағы ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.

Қәўипсиз кибермәкан жаратыў ҳәм кибержынаятлардың ерте алдын алыў ҳәр бир пуқараның жуўапкершилигин аңлаў ҳәм биргеликте ислеўин талап ететуғын қурамалы процесс болып есапланады. Кибермәкан қәўипсизлигин тәмийинлеў, кибержынаятлар жүз бериўиниң себеп ҳәм шараятларын анықлаў мақсетинде тергеўге шекем тексериў ҳүжжетлерин, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди және жынаят ислерин илимий көзқараслар тийкарында үйрениў арқалы тийкарланған усынысларды ислеп шығыў ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына енгизиўде заманагөй технологиялардан пайдаланыў әҳмийетли факторлардан бири болып есапланады.

Азиз ТОШПЎЛАТОВ,

ишки ислер министри,

генерал-майор