Фестивалда Россия, Беларусь, Өзбекстан ҳәм Қазақстаннан мектеп бириншиликлери жеңимпазлары қатнасты. Сондай-ақ, Россия аймағында жасап атырған ҒМДА мәмлекетлери диаспораларының командалары да қатнасыўға мирәт етилди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Фестиваль Россия Олимпиада комитети, Россия спорт министрлиги, Москва ўәлаяты ҳүкимети жәрдеминде өткерилди.
Жарыслар бағдарламасына мектептеги ең ғалабалық спорт түрлери: баскетбол, мини-футбол, волейбол, шахмат, стол тенниси, спорт гүреси киргизилди.
Атап өтиў орынлы, Өзбекстан ўәкиллериниң командасы илаж жуўмағында спорт түрлери бойынша беллесиўлерде сыйлы орынларды ийеледи.
Мәдений-ағартыўшылық бағдарлама шеңберинде қатнасыўшылар Москва қаласы бойлап қызықлы саяхатларды әмелге асырды.
Фестиваль жуўмағында фестивалдың салтанатлы жабылыў ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.