Ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер ҳәм фермер хожалықларының талабын толық қаплайтуғын жетерли муғдардағы жанылғы биржа саўдаларына қойылып, сатылмақта.
Комитет ислеп шығарыўшы кәрханалар ҳәм тийисли уйымларға егис жумысларына таярлық көриў ҳәм оны әмелге асырыў дәўиринде фермерлердиң талапларына өз ўақтында мүнәсибет билдириўди усыныс етеди.
Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар ҳәм фермер хожалықлары жанылғының зәрүр көлемин тәмийинлеў менен байланыслы мәселелер келип шыққан жағдайда Бәсеки комитети аймақлық уйымларына мүрәжат етиўи мүмкин.
Нефть өнимлери баҳаларының қәлиплесиўи үстинен қадағалаў Комитет ҳәм оның аймақлық уйымлары тәрепинен биржа саўдалары даўамында турақлы түрде әмелге асырылады.