Фаррух Карабаев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кең көлемли экономикалық реформалар шеңберинде бизнес ушын теңдей шараятларды қәлиплестириў ҳәм бәсеки орталығын беккемлеў бағдарында үлкен жетискенликлерге ерисилгенин атап өтти.
Реформалардың тийкарғы бағдарлары мәмлекеттиң экономикадағы ролин қысқартыў, эксклюзив ҳуқықларды бийкарлаў, бәсекиге шыдамлылық принциплерин енгизиў ҳәм бәсекиге қарсы минез-қулықтың алдын алыўдың заманагөй қуралларын нәзерде тутатуғын Жаңа бәсеки ҳаққындағы нызамның қабыл етилиўин (2023-жыл) өз ишине алады.
Ерисилген нәтийжелер арасында:
- мәмлекеттиң экономикадағы үлеси 2020-жылдан берли 55 проценттен 30 процентке шекем қысқарды;
мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў муғдары 22 проценттен 9 процентке азайған;
мәмлекетлик кәрханалар саны 67 процентке азайған;
киши ҳәм орта кәрханалардың саны 1,5 есеге өсип, 485 мыңға жетти.
Өзбекстан баҳаларды либералластырыў, энергетика ҳәм авиацияда тәбийғый монополияларды структуралық жақтан ажыратыў, еркин тармақ регуляторларын шөлкемлестириўди де табыслы әмелге асырмақта. Бул пуқаралық авиациясы ҳәм аўыл хожалығынан баслап санлы базарларға шекемги 25 тен аслам тармақта бәсекини арттырыў имканиятын берди.
Реформалардың кейинги басқышында 17 тармақты монополиядан шығарыў, энергетика ҳәм транспорт тараўларын толық либералластырыў, бәсекиге шыдамлылықты және де күшейтиў нәзерде тутылған. 2030-жылға шекем жалпы ишки өнимди 2 есеге арттырыў, жеке меншик сектордың үлесин 85 процентке жеткериў мақсет етилген.
Сөзиниң жуўмағында Комитет ўәкили Өзбекстанның миллий нызамшылықты ЖСШ принциплерине муўапықластырыў, ҳадал бәсеки тийкарында турақлы ҳәм инклюзив өсиўди тәмийинлеў мақсетинде халықаралық шериклер менен бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы умтылысларын тастыйықлады.



