Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети қарыйдарлардың мәпи жолындағы бундай басламаларды қоллап-қуўатлайды ҳәм исбилерменлерге ҳуқықый ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўге бәрқулла таяр.
Бирақ айырым субъектлер тәрепинен өз мәплерин гөзлеп, жалған шегирмелер ямаса акциялар жәрияланыўы ямаса шегирме муғдары, акцияда қатнасып атырған товардың саны ҳәм басқа да зәрүр мағлыўматларды бермеў жағдайлары анықланбақта.
Комитеттиң мәлим етиўинше, өткен дәўирде 48 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен болып, олардың үлкен бөлеги тутыныўшыларға дурыс ҳәм исенимли мағлыўмат берилмегени менен байланыслы.
Мәселен, бүгинги күнде "жаңа жыл акциясы", "жаңа жыл шегирмеси", "бирин сатып алсаң, екиншисин бийпул ал", "шегирме жәриялады", "акциямыз басланды", "50% шегирме", "барлық өнимлер ушын акция", "тек ғана бүгин үлгериў" ҳәм басқа да тартымлы акциялар көбейип кеткен.
Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған Усақлап сатыў қағыйдаларына муўапық:
Сатыўшы өз товарларына шегирмелер жәриялап:
товарлар ҳәм баҳалардың есабын жүргизиў;
ақырғы 30 күндеги ҳақыйқый баҳаларды белгилеў;
тутыныўшының талабына муўапық усы мағлыўматларды усыныў.
Шегирме қолланылғанда сатыўшы:
шегирме муғдарын анық процентлерде ямаса суммада белгилеў ҳәм баҳаның әпиўайы ҳәм түсиникли көрсетилиўин тәмийинлеў;
тутыныўшының талабы бойынша шегирмеден алдын товар баҳасы ҳаққында анық мағлыўмат бериў;
шегирме жәрияланыўынан алдынғы 30 күн ишиндеги ең төмен баҳаны ҳүжжет тийкарында тастыйықлаў (аўыл хожалығы өнимлеринен тысқары);
товарлардың саны шекленген, мәўсимлик ямаса айрықша шәртлер (сақланыў мүддетиниң өтип баратырғаны, қадақлаўдың бузылғаны, ески запаслардың сапластырылғаны) болғанда шегирме ҳаққындағы хабарда усы мағлыўматты көрсетиў;
шегирмениң әмел етиў мүддетин (басланыў ҳәм жуўмақланыў сәнесин) анық көрсетиў, егер шегирме белгили бир шәртлерде әмел ететуғын болса, оларды алдыннан көрсетиў;
егер шегирме бериў оларды жыйнаўды талап етсе, шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине бойсыныўы ҳәм мағлыўматларды қайта ислеў мақсетлери ҳәм шәртлери ҳаққында тутыныўшыға мәлимлеме бериўи;
Шегирме жәрияланғанда оның шәртлери ҳәм әмел етиў мүддети анық көрсетилиўи керек.
Хошаметлеў акцияларын өткериўде сатыўшы:
тутыныўшыларға акцияның мүддетлери, қатнасыў шәртлери, товарлардың атамасы ҳәм муғдары ҳаққында анық ҳәм түсиникли мағлыўмат бериў;
акция шәртлерин өзгертпеў ҳәм усыныс етилген шегирмелер, бонуслар ҳәм басқа да жеңилликлердиң ҳақыйқый қолланылыўын тәмийинлеў.
!!️ Алкоголь ҳәм темеки өнимлери, никотин ҳәм темекини тутыныў қурылмаларын сатыўда шегирмелер қолланыў, дәри-дәрмақлар, биологиялық актив қосымшалар, азық-аўқат қосымшалары ҳәм энергетик ишимликлер рекламасында хошаметлеўши акциялар өткериў қадаған етиледи.
!!️ Жоқарыдағылардан келип шығып, Бәсекини раўажландырыў комитети исбилерменлерди нызам ҳүжжетлерине қатаң әмел етиў ҳаққында ескертеди. Ҳуқықбузарлықлар анықланған жағдайда жуўапкершилик илажлары қолланылады.
Еслетпе: "Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында"ғы нызамның 9-статьясына муўапық, исбилерменлик субъектлери бәсеки ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң талапларына әмел етиўи шәрт.





