Тексериў нәтийжелери төмендегилерди көрсетти:

2023-жылы 397 тексериўден 24 инде сапасыз өнимлер бар екенлиги анықланған;

2024-жылы 560 тексериўден 95 инде талапларға муўапық емеслик анықланған;

2025-жылы 618 тексериўден 123 партия стандартларға сәйкес келмейтуғыны анықланған.

Усы ўақыт даўамында комитетке тутыныўшылардан 2 мың 345 тен аслам мүрәжат келип түскен болып, соннан 337 си (14 проценти) диеталық қураллар ҳәм азық-аўқат қосымшаларына байланыслы. Ең көп шағымлар пуқаралардың телевидение, радио ямаса социаллық тармақлардағы рекламаларға исенип қалғаны менен байланыслы: қосымшалар күтилген нәтийжени бермеди ямаса ҳәттеки денсаўлығына унамсыз тәсир көрсетти.

Есте сақлаў керек: биологиялық актив қосымшалар дәри емес ҳәм кеселликлерди емлеўге арналмаған. Олар тек организмниң искерлигин сақлаў ямаса алдын алыў ушын қолланылады. Қосымшаларды қолланыўдан алдын, әлбетте, шыпакер менен мәсләҳәтлесип алың.

Тутыныўшылар ушын усыныслар:

БАҚты дәри сыпатында көрсететуғын рекламаларға исенбең;

"Барлық кеселликлерди бир айда емлейди" сыяқлы ўәделерден абайлы болың - бул алдаўшылық.

Тек ғана Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен дизимнен өткерилген ҳәм рәсмий сертификатларға ийе өнимлерден пайдаланың.

Есте сақлаң: денсаўлық - ең қымбатлы нәрсе. Рекламаларға емес, ал исенимли медициналық мағлыўматларға исениң!