Бундай товарлар көбинесе ҳәр қыйлы кеселликлерди, соның ишинде, аўыр кеселликлерди емлейтуғыны ҳаққындағы тийкарсыз пикирлер менен байланыслы болып, бул ҳақыйқатқа туўра келмейди.
Көбинесе ислеп шығарыўшы ямаса сатыўшы ҳаққында мағлыўмат болмайды. Жалған силтемелер арқалы пайдаланыўшыға тартымлы реклама усыныс етиледи, буйыртпа берилгеннен кейин сырт ел номери арқалы надурыс мағлыўматларды усынған оператор байланысады. Төлем әмелге асырылады, товар курьер арқалы жеткериледи, бирақ өним нәтийжесиз болса ямаса кери тәсирлерге себеп болса, сатыўшы менен байланысыў әмелде мүмкин емес.
БАҚлар дәрилик затлар емес ҳәм кеселликлерди емлеўге арналмаған. Олар тек организмниң функционал жағдайын сақлаў ушын усыныс етиледи.
Биологиялық актив қосымшаларды қолланыўдан алдын, әлбетте, көрсетпелерди жақсылап үйрениң ҳәм шыпакер менен мәсләҳәтлесип алың.
Мағлыўмат ушын, "Реклама ҳаққында"ғы нызамның 35-статьясында биологиялық қосымшалар рекламасына талаплар белгиленген. Онда биологиялық актив қосымшалар ҳәм азық-аўқат қосымшаларын реклама етиў қағыйдалары көрсетилген:
реклама өним дәри ямаса емлеў қәсийетине ийе екенлиги ҳаққында тәсир бермеўи керек;
реклама адамлар өним арқалы емленгени ямаса жағдайы жақсыланғанын тастыйықламаўы керек;
рекламада тутыныўшылардың миннетдаршылық пикирлери болмаўы керек;
реклама саламат аўқатланыўдан бас тартыўға шақырмаўы керек;
қосымшаларды тексериў ямаса дизимнен өткериўге көрсеткенде олар дәрилик затлардан үстин турады деген тәсирди пайда етпеў;
реклама, әлбетте, өнимниң дәри емеслиги ҳаққында ескертиўди өз ишине алыўы керек.
Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети пуқараларды биологиялық актив қосымшаларды қабыл етиўде абайлы болыўға шақырады. Пайдаланыўдан алдын қурамын үйрениң, сертификатын тексериң ҳәм шыпакер менен мәсләҳәтлең. Социаллық тармақлардағы гүманлы рекламаларға исенбең ҳәм белгисиз дереклерден өнимлер сатып алмаң.