Тийкарынан шағымлар төмендегилерге тийисли еди:
шығындылардың өз ўақтында алып кетилмегени,
хызмет сапасының төменлиги,
шәртнама шәртлерине әмел етпеў,
исбилерменлик субъектлери тәрепинен тийкарсыз түрде қарыздарлық есапланып, пуқараларды электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша шекленген.
Тексериў айырым аймақларда шығындыларды тасыўдың белгиленген ең аз мүддетине әмел етилмей атырғанын, пуқараларға тийкарсыз түрде қарыздарлық есапланып атырғанын көрсетти. Мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги Наманган, Қашқадәрья, Жиззақ, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларына туўра келген.
Усы мүнәсибет пенен, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде Комитет Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляциялық экономиканы раўажландырыў агентлигине сораў жиберип, төмендегилерди талап еткен:
шығындылардың өз ўақтында ҳәм сапалы алып шығылыўын тәмийинлеў;
тийкарсыз қарыздарлықлардың жүзеге келиўиниң алдын алыў;
тийкарсыз қарыздарлықлар себепли электр энергиясы ушын ҳақы төлеўге енгизилген ўақтынша шеклеўлерди қайта көрип шығыў.
Әмелдеги нызамшылыққа бола, қатты турмыслық шығындыларды тасыў бойынша хызметлер белгиленген мүддетлерде ҳәм дәўирлиликке әмел еткен ҳалда көрсетилиўи керек. Хызмет көрсетилмеген ямаса сапасыз көрсетилген жағдайда тутыныўшы тийисли дәўир ушын ҳақы төлеўден азат етиледи.
Еслетпе:
Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 6-февральдағы 95-санлы қарарына муўапық: шығындыларды алып шығыўдың ең аз дәўирлилиги мәжбүрий (16-б.); хызметлерге әмел етилмеген жағдайда тутыныўшы төлемнен азат етиледи (33-б.).
"Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы нызам:
4-статья - толық ҳәм исенимли мәлимлеме ҳәм сапалы хызметлерден пайдаланыў ҳуқықы;
19-статья - хызметлер шәртнама ҳәм қағыйдаларға муўапық көрсетилиўи керек;
21-статья - көрсетилмеген хызметлер ушын ҳақы алыў қадаған етиледи.
Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 16-октябрьдеги 648-санлы қарарында Агентликтиң шығындыларды басқарыў тараўындағы қарыздарлықты есапқа алыў, таллаў ҳәм сапластырыў бойынша ўазыйпалары белгиленген.
"Исбилерменлик хызмети еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында"ги Нызам (9-статья) хизмет көрсетиў субъектлеринен шәртнама шәртлерине ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларына әмел етиўди талап етеди.
Комитет пуқаралардан хызмет сапасы бузылыўы анықланғанда мүрәжат етиўди сорап, бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте.