баннер
21 Mar 2025
19:20

    Коммунал ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы ўазыйпалар белгилеп алынды

    Президент Шавкат Мирзиёев 17-март күни ишимлик суўы ҳәм ыссылық тәмийнаты, мәҳәллелердиң абаданлығы ҳәм аўыл хожалығына байланыслы мәселелер бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди.

    Халықтың турмысы сыпатында әҳмийетли болған бундай жумыслардың көлеми кеңейип бармақта. Быйыл 1 мың 619 километр ишимлик суўы, 521 километр ақаба суў тармақларын тартыў, системадағы 162 объектти қурыў ҳәм реконструкциялаў режелестирилген. Булардың нәтийжесинде 715 мың халыққа биринши мәрте таза ишимлик суўы жетип барады, 135 мың шаңарақ ақаба тармағына жалғанады, 157 мың тутыныўшыға заманагөй есаплағыш орнатылады.

    Жақында мәмлекетимиз басшысының Францияға сапары шеңберинде Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында ишимлик суўы бойынша 340 миллион евролық 3 жойбар келисип алынды. Соның ишинде, Францияның “Suez” компаниясы Денаў, Шўрчи, Сариосиё ҳәм Қумқорғандағы ишимлик суўы тәмийнатын жеке меншик басқарыўға алмақта. Нәтийжеде ўәлаятта орайласқан ишимлик суўы менен қамтып алыў 90 процентке жетиўи күтилмекте.

    Ақаба тармағының бар екенлиги қурылыс, санаат ҳәм хызметлердиң раўажланыўы ушын әҳмийетли фактор. Оны кеңейтиў ушын бюджеттен ҳәр жылы триллионлаған қаржы жумсалмақта. Бирақ, буған қарап қалмастан, тараўға жеке меншик секторды кеңирек тартыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

    Мәселен, жергиликли исбилермен Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында Алмалық, Бекабад, Ангрен ҳәм Шыршық қалаларында ақаба суў тазалаў имаратларын қурмақта. Және бир исбилермен Әндижандағы еки районда суў ҳәм ақаба хызметлерин жеке меншик басқарыўға алыў басламасы менен шыққан.

    Усындай жеке меншик шериклик жойбарларын көбейтиў, ири кәрханаларымыздың халықаралық тендерлерде қатнасыў имканиятын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Халықаралық финанс институтларының қатнасыўындағы жойбарларды әмелге асырыў процесин әпиўайыластырыў бойынша қарар қабыл етилди. Енди тендерлерди жеделлестирип, жылдың ақырына шекем 850 миллион долларлық жумысларды орынлаў тапсырмасы берилди.

    Және бир әҳмийетли ўазыйпа - тараўды санластырыў. Оның ушын Азия раўажланыў банкинен 125 миллион доллар тартылыўы белгиленген. Бес жылда ири суў объекти ҳәм магистраль қубырларға 4 мың 800 "ақыллы" есаплағыш, 2 мың 800 телеметрия системасын орнатыў нәзерде тутылған.

    Бул электротехника санааты ушын үлкен базар екени атап өтилип, есаплағыш ислеп шығарыўды көбейтиў, оларға хызмет көрсетиўди басқышпа-басқыш жеке меншик секторға өткериў бойынша көрсетпе берилди.

    Ыссылық тәмийнаты тәбийий газ ең көп жумсалатуғын тараўлардан бири. Сонлықтан 11-март күни бул тараўды түп-тийкарынан реформалаў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша Президент қарары қабыл етилди. Оған муўапық, "Ыссылық тәмийнаты" компаниясы шөлкемлестирилип, аймақлардағы 23 кәрхана оның қурамына өткерилди. Келеси бес жылда ыссылық системаларын тиклеў ушын 19 триллион сум қаратылады. Орайласқан ыссылық тәмийнаты менен қамтып алыў 37 проценттен 58 процентке жетеди.

    Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигине көп қабатлы турақ жайлар ҳәм социаллық мәкемелерде энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша тапсырма берилди. Атап өтилгениндей, 9 мың турақ жай ҳәм имаратлар жабық ысытыў системасына өткериледи. Нәтийжеде ыссылық шығыны 2 есеге, газден пайдаланыў 20 процентке азаяды.

    Мәжилисте бәҳәрги егис илажларына да тоқтап өтилди. Ҳәкимликлердиң резервинде турған жерлерди ажыратыўды әпиўайыластырыў илажлары белгиленди.

    Енди аўыллық жерлерди аукционда бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатыў бийкар етиледи. Аукционда сатылмаған жердиң баҳасы кейинги саўдаларда күнине 10 проценттен төменлетиледи. Қайта аукционда бир қатнасыўшы қатнасса да, жеңимпаз есапланады. Жердиң 10-20 проценти шарўалар ушын от-жем егиўге шығарылады.

    Ҳәзирги ўақытта 93 мыңнан аслам фермерлердиң жумысы исбилерменлик рейтинги арқалы баҳаланбақта. Енди бул рейтинг өнимдарлық, жумысшылар саны, өним көлеми сыяқлы нормалар бойынша өз алдына болатуғыны мәлим етилди.

    Жоқары рейтингтеги фермерлерге кредиттиң қайтпай қалыў қәўпин қамсызландырыў талабы бийкар етиледи. Жер салығы 3 есеге, фермерлер кеңесине төленетуғын төлем 2 есеге азайтылады. Пахта ҳәм ғәлледе нормадан көп өним алғанларға 25 процентке шекем жеринде шарўашылық азық-аўқаты, овош, собықлы ҳәм басқа да егинлерди алмаслап егиўге рухсат бериледи.

    Президент бийлиги менен жәрияланған әҳмийетли бир айлық шеңберинде мәҳәллелерде алып барылып атырған дийқаншылық ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында мәлимлеме берилди.

    Бәҳәрде 125 миллион түп нәл егиў мөлшерленген. Онда егислик жерлерди дурыс таңлаў, суўғарыўды жақсылаў әҳмийетли екени атап өтилди. Соның ишинде, суў тәмийнаты аўыр мәҳәллелерде геомембрана қапламалы ҳәўизлер қурылады.

    Өткен жылы тәжирийбе тәризинде 208 мәҳәлледе "мәҳәлле-сервис" компаниялары шөлкемлестирилип, халыққа 23 түрдеги хызмет көрсетиў жолға қойылған еди. Енди бул система кеңейтилип, және мың усындай компания дүзиледи. Хызметлердиң түри де кеминде 30 ға жеткериледи. Қытай тәжирийбеси тийкарында 5 мың адам мәҳәллеге хызмет көрсетиў бойынша оқытылады ҳәм 15 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди.

    Усы жылдан 208 район ҳәм қала абаданластырыў бөлимлери қурамында ишки жолларды сақлаў участкалары шөлкемлестирилди. Оларға қосымша 5 түрдеги арнаўлы техника сатып алыў ушын 700 миллиард сум ажыратылды. Жуўапкерлерге ишки жолларды оңлаў, мәҳәллелерде энергия тәмийнатын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.

    Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлердиң мәлимлемеси тыңланды.




    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech