Мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў, жаңа өндирис қуўатлықларын жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, санааттағы бар имканиятлардан толық пайдаланыў, иске қосылған кәрханалардың турақлы жумысын тәмийинлеў, олардың өндирис ҳәм експорт потенциалын арттырыў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.
Презентацияда ҳәр қыйлы себеплерге бола толық қуўатлылықта ислемей атырған ямаса түсимлери азайған кәрханалардың жумысын үйрениў нәтийжелери көрип шығылды. Бундай жағдайлар тийкарынан тоқымашылық, қурылыс, азық-аўқат, нефть-химия, электротехника ҳәм басқа да тармақларда бақланбақта.
Бундай кәрханалардың жумысына айланыс қаржыларының жетиспеўшилиги, коммуналлық инфраструктура мәселелери, жойбарлардың кешигип атырғаны, әсбап-үскенелердиң ескиргени, шийки зат жеткерип бериў шынжырындағы үзилислер ҳәм өнимлерге болған талаптың азайыўы сыяқлы фактор ҳәм машқалалар унамсыз тәсир етип атырғаны көрсетип өтилди.
Кәрханаларда өндиристи тиклеў ҳәм бар қуўатлықларды толық иске қосыў есабынан қосымша 65,6 триллион сумлық өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў мүмкин екенлиги есап-санақ етилген.
Соның ушын ҳәр бир кәрхананың жағдайын индивидуал үйрениў, қуўатлықларды толық иске қосыў бойынша жаңа система енгизилетуғыны белгиленди. Буның ушын тийисли уйымлар ҳәм банклердиң қатнасыўында Республикалық штаб шөлкемлестириледи. Штаб ўәкиллери еки ҳәпте даўамында орынларға шығып, кәрханалардың жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларды анықлап, оларды сапластырыў илажларын көреди.
Жумысын тиклеў мүмкин болған кәрханаларға банклер ҳәм жуўапкер уйымлар биргеликте зәрүр кредит қаржыларын ажыратыў, айланыс қаржылар менен тәмийинлеў, инфраструктура ҳәм шийки зат мәселелерин шешип береди.
Презентацияда коммерциялық банклердиң балансындағы ири активлер мәселесине айрықша тоқтап өтилди.
Бүгинги күнде банклердиң балансында баҳасы 10 миллиард сумнан аслам 70 объект бар. Бул активлерди экономикаға тартыў, мүнәсип инвесторларды таңлап, олардың тийкарында өндирис майданларын шөлкемлестириў бойынша өз алдына механизм ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Презентацияда инвестициялық бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылған жойбарлардың есабы ҳәм нәтийжелилигин баҳалаў мәселеси де көрип шығылды. 2021-2025-жылларда дерлик 17 мың жойбарды әмелге асырыў шеңберинде иске қосылған кәрханалардың бир бөлеги өз жумысын салық ҳәм статистика есабатларында толық көрсетпей атырғаны көрсетип өтилди. Жуўапкерлерге ҳәр бир жойбарды таллап, олардың дурыс салыққа тартылыўын ҳәм статистикалық есабатларда дурыс сәўлелендирилиўин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.
Исбилерменлик орталығына унамсыз тәсир етип атырған, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен наразылықларға себеп болып атырған айырым мәселелер ҳәм оларды шешиў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлери тәрепинен белгилер ҳәм бренд белгилери орнатылыўы, улыўма аўқатланыў ҳәм саўда объектлерине айырым ҳәкимшилик талаплар, мийнет қатнасықлары тараўындағы тәртип-қағыйдалар, нақ пулсыз есап-санақлар, салық жеңилликлерин қолланыў, финанслық жәриймалар, сондай-ақ, сыртқы экономикалық хызметтеги артықша ҳүжжетлер ҳәм басқа да мәселелер додаланды.
Мәселен, әмелдеги тәртипке бола, айырым жағдайларда кәрхананың атамасы, жумыс түри ямаса саўда белгиси сәўлеленген көринислер де реклама сыпатында баҳаланып, олар ушын өз алдына паспорт рәсмийлестириў ҳәм тийисли төлемлерди әмелге асырыў талап етиледи. Бул тек ғана исбилерменлерге қосымша ҳәкимшилик жүк емес, ал саўда ҳәм сервис объектлериниң танылыўына, қарыйдарлар ағымы ҳәм түсимге тәсир етпекте.
Усы мүнәсибет пенен имаратта жайластырылған исбилерменлик субъектиниң аты ҳәм жумыс түри ҳаққындағы мағлыўматларды рекламаға киргизбеў, тийисли паспортларды рәсмийлестириў әмелиятын бийкар етиў усынысы билдирилди. Исбилерменлердиң усынысларынан келип шығып, реклама ҳәм басқа да мәлимлеме белгилерин жайластырыўға байланыслы дизайн талапларын басқышпа-басқыш енгизиў, сондай-ақ, юридикалық тәреплерге тийисли транспорт қуралларында өз саўда белгилерин жайластырыў тәртибин әпиўайыластырыў басламасы алға қойылды.
Сондай-ақ, улыўма аўқатланыў кәрханалары ушын қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў тәртибин әпиўайыластырыў, айырым саўда, улыўма аўқатланыў ҳәм хызмет көрсетиў объектлери ушын экологиялық экспертиза ҳәм компенсация төлемлери менен байланыслы тәртиплерди жеңиллетиў усыныс етилди. Буннан тысқары, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет қатнасықларындағы айырым тәртиплерди анықластырыў усыныс етилди.
Санластырыў ҳәм нақ пулсыз төлемлерди кеңейтиў мәселелерине де итибар қаратылды. Бир қатар товарлар ҳәм хызметлер бойынша есап-санақлар көбирек нақ пулсыз түрге өтип атырғанын есапқа алып, банк инфраструктурасын раўажландырыў, комиссия ҳәм кешбек системасын жетилистириў арқалы бундай төлемлерди пуқаралар ҳәм бизнес ушын максимал дәрежеде қолайлы етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бир физикалық шахстың банк карталары арасында пул өткермелерин комиссиясыз әмелге асырыў имканиятын енгизиў, халық ушын қолайлы нақ пулсыз төлем түрлерин кеңейтиў, сондай-ақ, улыўма аўқатланыў, алкоголь, темеки өнимлери ҳәм жанылғы сатыў тараўларында касса чеки бойынша кешбекти тез төлеў имканиятын жаратыў усыныс етилди. Сондай-ақ, банк карталары бойынша операциялардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде енгизилген "антифрод" системасының SMS-хабарнамалары менен байланыслы қәрежетлерди қайта көрип шығыў, мобил қосымшаларға хабарнама жибериў ямаса биометрикалық идентификациялаў сыяқлы альтернатив усыллардан пайдаланыў имканиятын көрип шығыў усыныс етилди.
Салық ҳәкимшилиги ҳәм финанслық жәриймалар тараўында салық жеңилликлерин қолланыўда келип шығатуғын тартыслы жағдайларды сапластырыў, салық қарыздарлығы бойынша пеня тийкарғы қарыз муғдарынан артпаўы керек екенлиги ҳаққында норма киргизиў усыныс етилди. Буннан тысқары, чек берилмегенлиги ҳаққында хабардар етиў системасын қәте ислеўдиң алдын алыў, сондай-ақ, ҚҚС төлеўшиси гүўалығының әмел етиўин тоқтатып турыў тәртибин жетилистириў усыныс етилди.
Сыртқы экономикалық жумысты әпиўайыластырыў мақсетинде импорт процесинде бир-бирин қайталайтуғын ҳүжжетлерди қысқартыў, исбилерменлерге шет елде саўда үйлери, филиаллар ҳәм ўәкилханалар ашыўдың қолайлы тәртибин жаратыў, миллий өнимлерди халықаралық базарларға кеңнен алып шығыўда "Өзэкспоорай" имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлик ушын артықша тосқынлықларды қысқартыў, қадағалаў ҳәм тәртипке салыў механизмлерин әпиўайыластырыў, санластырыў процесслерин бизнеске артықша жүк емес, ал исбилерменлерге қолайлық жаратыўшы ҳәм олардың жумысын жеңиллестириўши қуралға айландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге бар өндирис қуўатлықларын толық иске қосыў, кәрханаларды финанслық саламатландырыў, өндирис ҳәм экспорт көлемин арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, исбилерменлерге қолайлы шараятларды кеңейтиў бойынша анық тапсырмалар берилди.