24 Apr 2025
02:09

    Кристофер Дугган Канаданың Өзбекстандағы елшиси етип тайынланды

    Усы жылдың 18-февраль күни Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Сыртқы ислер министрлигинде Канаданың Өзбекстандағы жаңадан тайынланған елшиси Кристофер Дугганнан исеним жарлықларын қабыллап алды.

    Ушырасыўда, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери тез пәт пенен сыртқы сиясат алып барып атырғаны, регионымыздың глобал роли де кеңейип атырғаны додаланды.

    "Биз еки мәмлекет байланысларында еле жүзеге шықпаған үлкен потенциалды көрмектемиз. Елши мырзаға жумысы даўамында мәмлекетлеримиз арасындағы бар көпирлерди беккемлеў ҳәм жаңаларын қурыўда табыслар тилеймиз", - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech