Жарыстың дәслепки күнинде-ақ Өзбекстан сайланды командасы 3 алтын ҳәм 1 бронза медалларын қолға киргизди.

Грек-рим гүреси бойынша болып өтип атырған беллесиўлерде Айтжан Халмаханов (-63 кг), Арам Варданян (-77 кг) ҳәм Жалғасбай Бердимуратов (-87 кг) алтын медалларға ийе болған болса, Ихтиёр Ботиров (-55 кг) бронза медаль менен сыйлықланды.

Бүгин және 5 салмақ категориясында беллесиўлер өткериледи. Онда гүресетуғын жерлеслеримиз ҳәм олардың дәслепки қарсыласлары менен танысың:

-60 кг: Алишер Ғаниев - Али Абдуносир (Иордания) / Зиюе Си (Қытай)

-67 кг: Нозимжон Бойқўзиев - Мунтхир Жанду (Саудия Арабстаны)

-72 кг: Абдулло Алиев - Бегмират Нобатов (Түркменстан) / Аҳмед Барахман (Саудия Арабстаны)

-82 кг: Муҳаммадқодир Расулов - Моҳаммад Нағуси (Иран)

-97 кг: Беҳруз Барноев - Иброҳим Фаллатаҳ (Саудия Арабстаны)