Күнлер, айлар, жыллар өтип атыр, мәўсимлер алмасып атыр. Буны гә сезип, гә сезбей қалып атырмыз. Ҳәмме өз жумысы, мақсети, режеси менен бәнт. Биреўден ҳал сорап қалсаңыз, "Ўақтым аз, ўақыт жетиспей атыр", деп налынады. Негизинде инсан өмири күнлер, айлар, жыллар менен емес, ислеген жақсы ислери менен өлшенеди.
Ҳәзирет Баҳаўатдин Нақшбанд "Ким ўақтын зая етсе, ўақыт оның душпанына айланады. Солай екен, оның зая болыўына жол қоймаң ҳәм оннан абайлы болың", деген.
Ўақыт көзге көринбейди, оның реңи, ийси, сести жоқ, бирақ оны сезбеў мүмкин емес. Гейпаралар ўақытты саатқа қарап өлшейди. Бирақ ўақыт секундлар избе-излиги емес, инсанның ислеген ислери, топлаған тәжирийбеси, ийгиликли әмеллери, гөззал еске түсириўлери, арзыўлары, өкинишлери ҳәм тәжирийбесиниң жемиси. Ўақытты тез ағып атырған дәрьяға теңеў мүмкин, дәрьяны я тоқтатып, ямаса изге бурыўға болмайды. Инсан болса сол ўақыт дәрьясында жүзиўши. Туўылады, үлкейеди, қартаяды ҳәм бир күн келип өмирден кетеди...
Неге тез өтип атыр?
Соңғы жыллары не ушын ўақыт тез өтип атыр, күнлер, айлар, жыллар қысқарып атырғандай сезилмекте, деген сораўларды бир-биримизге көп берип атырмыз. Негизинде телефонлар, социаллық тармақлар олардан келетуғын мағлыўматлар себепли мийимиз асығыс ислеп атыр. Ойымыз бөлинип, диққатымыз тарқалмақта ҳәм ўақытты сезиўимиз тезлеспекте. Саатлап телефонға үңилиўимиз, социаллық тармақларда ақылсыз жүзиўимиз, басқалардың турмысын бақлаўымыз - булардың барлығы қымбатлы ўақтымызды жеп қоймақта.
Негизинде ўақыт емес, оған мүнәсибетимиз өзгерген. Өмир тезлескен жоқ, биз өмирди дурыслап сезинбей атырмыз. Соның ушын ўақытты әстенлетиўдиң бирден-бир жолы күним өтсе болды деп емес, өтип атырған күнимди пайдалы, мазмунлы өткерейин, изимнен бир жақсылық қалсын деп жасаў болып есапланады.
Ўақыт барлық заманларда қәдирли болған, бүгин болса жеделлик пенен илгерилеп баратырған дәўирде болса оның қуны және де артты. Бәсеки күшейген, мәлимлеме ағымы самалдай есип атырған, перспективалы өзгерислер, айдын келешекке қаратылған жаңаланыўлар ҳәр күни жүз берип атырған усы күнлерде ўақыт инсанның ең әҳмийетли капиталына айланды. Бул инсанлардан өзгерислерге үнлес болыўды, өтип атырған ўақыттан дурыс ҳәм нәтийжели пайдаланыўды талап етеди.
Хош, бул бойынша нураныйлар ҳәм илимпазлар не дейди?
Ўақытты аңлаў - заманды түсиниў
Манзура ВАЛИЕВА,
Ташкент қаласы Шайхантахур районындағы
"Янгиобод" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы,
"Фидокорона хизматлари учун" ордени ийеси:
- Бүгин жаңа Өзбекстан сөзи тек ғана сиясий сүрен емес, ал өзгерислер, жаңаланыўлар, имканиятлар ҳәм зәрүрликлердиң көриниси болып есапланады. Азанда ояныў, китап оқыў, жаңа көнликпелерди ийелеў, кәсип үйрениў, перзент тәрбиясы, мийнет, ҳәрекет - булардың барлығы ўақыт пенен байланыслы. Ўақытты аңлаў негизинде заманды аңлаў болып табылады. Заманды аңлаў болса халыққа хызмет етиў, ўатан раўажланыўына үлес қосыў дегени.
Бирақ бул имканиятлардан өнимли пайдаланыў ямаса пайдаланбаў пуқаралардың ўақытқа болған мүнәсибетине байланыслы. Мен көп илажларда, ушырасыўларда ўақыттың қайтып болмайтуғын байлық екени, оның бир минутын да зая етпеў ҳаққында айтатуғын болсам, айырымлар "Ҳәй, бир минутта не өзгериўи мүмкин", дейди.
Бир минутта инсан қарар қабыл етеди, кимниңдур қәтесин кеширеди ямаса кимгедур жақсы сөз айтып кеўлин көтереди, қолына китап алады, оқымаса да, тек ғана бетлеп шығады. Әне усы минутлардың жыйындысы, керек болса, адамның тәғдирин белгилейди. Ямаса керисинше, турмысымыздағы әҳмийетли бир минутты тек өширип жибериўимиз, бийкарға ысырап етиўимиз де мүмкин. Көпшилик жаслар интернетте саатлап керексиз нәрселерди көрип отырады, үлкен жастағылар болса мәжилислерде, көшеде, шайханада биреўлердиң жүриўи, турыўы, кийиниўин талқылайды. Егер биз инсанлар өз ишки дүньямызға нәзер тасламасақ, өзимизди тыңлап, жақсы тәрепке өзгермесек, ўақытты биймәни сарплай беремиз.
"Ең жақсы ашкөзлик ўақытқа ашкөзлик"
Хакима САЛОМОВА,
философия илимлериниң докторы,
профессор:
- 50 жыллық педагогикалық хызметим себепли ўақыт инсанға берилген ең бийбаҳа байлық екенлиги ҳаққында жуўмақ шығардым. Басқа жемислерди қайта табыў, орнын толтырыў мүмкин, бирақ өткен ўақытты артқа қайтарып болмайды. Тилекке қарсы, өмирдиң мазмун-мәнисин әне усы мәўритлер қурайтуғынын адамлар ўақтында аңлай алмайды. Ар-Разийдиң пикиринше, ўақыт "дәслеп" ҳәм "кейин" деген өлшемлер менен өлшенеди. Ўақыт абсолют ҳәм салыстырмалы көрсеткишлерге ийе. Ўақыт ҳәрекеттеги материя ҳәм кеңислик сыяқлы мәңгилик, демек, ол ақыры жоқ мәңгилик. Ўақыт ҳәм заман дегенде мәңгилик ҳәм салыстырмалылықты айырыў зәрүр.
Аристотелдиң шәкирти Феофраст (Теофраст деп те атайды) "Ең жақсы ашкөзлик ўақытқа болган ашкөзлик", дейди. Жаңа Өзбекстан жаслардың қолында, бирақ айырым жасларымыздың қәлбинде мийнетке муҳаббат аз, қолларында болса китап орнына телефон. Китап оқымаған студент қандай кәсип ийеси бола алады? Ҳәтте олардың көпшилиги жумбақ, тымсал, қосық, монолог айтыўды билмейди. Китап оқыў арқалы Беруний жердиң қәлеген ноқатында турып қубланың қай жерде екенлигин, жер радиусын, минераллардың салыстырмалы салмағы, аўырыў қалдырыўшы дәрилердиң муғдарын анықлаған. Ибн Сино инсан саламатлығы өлшемлерин, тәбиятқа басым өткериўдиң "руқсат етилген ҳәм руқсат етилмеген" көлемлерин, саламат турмис кешириў принциплерин тапқан. Бул алымлардың жеке өмири үйренилгенде, олардағы әҳмийетли пазыйлет өмирлериниң ҳәр бир минутын абайлап өткергенинде екени белгили болады. Олар тек өзлериниң ўақытларын ғана емес, басқалардың да ўақытларын ҳүрмет еткен.
Илим үйрениў, китап оқыў, жаңа көнликпелерди ийелеў, жумысымыз, ўақтымыздың ҳақыйқый қунын арттырады. Ҳәр күни "мен бүгин неге еристим?" деп ойлаўды әдет қылсақ, бул өз ҳәрекетлеримизди талқылаўға ҳәм керексиз ислерди азайтыўға ийтермелейди.
Ўақыт жоқ, әзизлер!
Жобир ЭЛОВ,
Бухара ўәлаяты бас имам-хатиби,
Мир Араб жоқары медресеси ректоры:
- Ўақыт ең қымбатлы ҳәм ең тез жумсалыўшы байлық, жойтқаннан соң қайта табылмайды. Сол себепли ҳәр бир мәўритти өнимли өткериў, мақсетке бағдарланған ҳалда пайдаланыў турмыста табысқа ерисиўдиң тийкарғы шәрти болып есапланады.
Алла инсан өмири ушын зәрүр барлық нәрселерди, соның ишинде, өмирин, ўақтын белгилеп, есаплап, шегарасы, қәдир-қымбаты менен жаратады. Бул ҳаққында Қураны кәримде хабар берип былай дейди: "Оның дәргайында ҳәр бир нәрсе өлшеўли". Ислам дининде ўақыттың қәдири жоқары болғаны ушын да таңда ерте ояныўға шақырылған. Адамзаттың күнделикли турмысы ерте таңнан басланып, қуяш күн шыққанша болған ўақытта берекет бар екенлигине айрықша әҳмийет берилген.
Айырым данышпанлар "Жеркенишлиликтиң белгиси ўақытты зая етиў", "Ўақтың кетти - бахтың кетти", деген. Аўа, ўақытты ғанимат көрмеў үлкен гүна. Ўақыттың қәдирине жетиў, оны бийкарға өткермеў ушын не ислеў керек? Бәринен бурын, ўақытты сезиў ушын руўхый пикирлеў зәрүр. Жаратқанның берген инамларына шүкиршиликти орынлаўға бир инсанның өмири жетпейди. Солай екен, ўақытты зая етиўге пурсат жоқ, әзизлер! Бийҳуўда өткерилген ҳәр бир минут ақыретте инсанның зыянына ҳүжжет болатуғынын аңлаўымыз шәрт.
Ҳасан Басрий раҳимаҳуллоҳ ҳикметлеринен биринде былай делинеди: "Ҳәр күни таң атқанда Ҳақ тәрепинен бир жаршы: "Эй адам баласы! Мен жаңа күнмен, сениң барлық ислериңе гүўаман. Меннен салиҳ әмеллер қылып пайдалан, себеби қыяметке шекем қайтпайман", деп жар салады. "Қыямет жақынлаған сайын ўақыт қысқарады", дейди. Яғный руўхый жақтан ўақыттың тез өтиўи инсанлар турмысында берекет, мазмун ҳәм ҳақыйқый пайдалы бәнтликтиң азайыўы менен байланыслы болыўы мүмкин. Соның ушын да ўақыттың қәдирине жетейик, бир-биримизге муҳаббатлы болып жасаў ушын ўақтымызды жақынларымыздан, дос ҳәм туўысқанларымыздан аямайық.
Ең әҳмийетли ресурс
Мәмлекетимиз басшысының "Бүгин жойытылған ўақыт ҳәм имканиятларды ертең тиклеп болмайды", деген сөзлериниң негизинде үлкен мәни бар. Себеби, жаңа Өзбекстанда жасаў тек ғана гүўа болып турыў емес, ал белсенди қатнасыўшы болыў керек. Қатнасыў ушын ең әҳмийетли ресурс ўақыт болып есапланады. Ўақыт тек ғана календардағы күн емес, ал елимиз келешеги ушын жуўапкершилик, жеке раўажланыўға қойылған норма да болып есапланады. Бир данышпан "Ўақыт жалқаўдың душпаны, ғайратлының досты", деген екен. Өтип атырған ўақтымызды мазмун менен толықтырыў ямаса бийкарға өткериў, әлбетте, өзимиздиң қолымызда екенин умытпайық.
Ҳәзир "Ўақтым жоқ, жумысым көп, үлгере алмай атырман", деўди әдет етип алғанбыз. Ҳеш нәрсеге шыдамаймыз, ҳәттеки жақынларымызға ўақыт ажырата алмай қалдық. Себеп - ўақыттың жетиспеўшилиги. Дурыс, бүгин заман жеделлик пенен алға умтылып атыр. Соған сәйкес қәдем таслап атырмыз. Бирақ бир майдан тоқтап ойланып көрейик, ырастан да ўақтымыз жоқ па?
Саатлап социаллық тармақларда отырыўға ўақтымыз бар. Пайдасыз гүрриңлер, биймәни сериаллар, майда-шүйде бузық сөзлерди тыңлаўға, қымбат кафе-ресторанларға барыўға ўақыт табамыз. Ата-анамыздың ҳал-жағдайын сораўға, шаңарағымыз бенен сейил етиўге, перзентлеримиз бенен шын жүректен сөйлесиўге, дос ҳәм кәсиплеслеримизден ҳал-жағдай сорасыўға болса негедур ўақтымыз жоқ.
Ойлап көрсеңиз, машқала ўақытта емес, қәлбимиздеги қәдирлеў сезими төменлегенде, жақынларымыз бенен сөйлесиў кейинги режемизге өтип кеткенинде. Ҳақыйқатында да, мине усы жақынлар, дослар, устазлар турмысымыздың ең әҳмийетли бөлеги болып есапланады. Соның ушын "ўақтым жоқ", деп өзимизди алдамайық. Егер жүректе шын нийет болса, ўақыт табылады.
Бир минутлық хабар, еки минутлық қоңыраў, бес минутлық зыярат инсанның кеўлин абат, руўхый дүньясын шад етеди. Кимниңдур жүрегин жылытады, кимгедур қәтержамлығын қайта алып келеди. Биз инсанлар аманат өмирдиң ийелери. Өз ўақтына, ғәниймет демлерине, қайтарылмас пурсатларына ҳүкимдар бола алған инсан өзи қәлеген тәризде ўақытты басқара алады, басқалар ушын да ўақыт табады. Себеби ўақыт инсанның өз инвестициясы.
Заманласым, әсирлесим, бир күн келип кеш болып қалмастан бурын, әрман кеўлимизди өрлеместен бурын бир-биримиз ушын азғана болса да ўақыт табайық, тек ғана ҳал сорасайық, жүрегимиз соғып тур екен, еле ўақтымыз бар!..
Гуличехра ДУРДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы








