Усы жылы аймақлар ҳәм экономика тармақларына 50 миллиард доллардан аслам инвестициялар тартыў, социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлерди қурыўға 24 триллион сум бюджет қаржыларын қаратыў, мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде 300 триллион сумнан аслам товар, жумыс ҳәм хызметлер сатып алыў режелестирилген. Бундай кең көлемли жойбарларды әмелге асырыўда экспертиза системасының жедел ҳәм сапалы ислеўин тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе.
Соның менен бирге, әмелдеги тәртип заман талапларына толық жуўап бермей атыр ҳәм исбилерменлер менен инвесторлардың ҳақылы наразылықларына себеп болмақта. Атап айтқанда, өткен жылы экспертизаға келип түскен 7 мың 750 ҳүжжеттиң үлкен бөлеги кешиктирилген ҳалда көрип шығылған. Бир қатар жағдайларда киши кемшиликлер себепли жойбарлар бир неше мәртеден қайта ислениўге қайтарылған.
Соның ушын Президент пәрманы менен Жойбарлар ҳәм импорт шәртнамаларын комплексли экспертизалаў орайы жаңадан шөлкемлестирилген Санаат кооперациясы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар агентлигиниң қурамына өткерилип, оны трансформациялаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Презентацияда тараўдағы машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша ислеп шығылған усыныслар көрип шығылды.
Орайдың жумысын санластырыў дәрежеси жетерли емеслиги, қәўип-қәтерди таллаў усылларының жоқлығы себепли хызметкерлердиң операциялық жүклемеси жол қойылатуғын нормалардан артып кетпекте. Орайда 130 қәниге жумыс ислеп атырғанына қарамастан, жойбарлар қәўиплилик дәрежеси ҳәм стратегиялық әҳмийетлилиги бойынша дифференцияланбағаны себепли ҳәр бир хызметкер ушын ҳәр еки күнде орташа бир жойбарды көрип шығыўға туўра келмекте.
Экспертизаға келип түсип атырған ҳүжжетлердиң көпшилиги баҳасы онша жоқары болмаған жойбарларға тийисли. Буннан тысқары, көплеген ҳүжжетлер алдын көрип шығылған жойбарларға уқсас болыўына қарамастан, олар экспертизаның толық циклинен өтеди, бул болса қосымша ўақыт ҳәм ресурслардың жумсалыўына алып келеди.
Презентацияда орайдың жумысына алдынғы тәжирийбе ҳәм әмелиятты енгизиў усыныс етилди.
Соның ишинде, жойбарларды қәўип дәрежеси ҳәм баҳасына қарап, дифференцияласқан ҳалда көрип шығыў тәртибин енгизиў усыныс етилди. Оған муўапық, жойбаралды ҳүжжетлерин экспертизадан өткериўде техникалық тапсырмалар көрип шығылмайды. Онда тек ғана баҳасы 15 миллион доллардан жоқары болған корпоратив ҳәм бюджет жойбарлары экспертизадан өткериледи.
Ири ҳәм мега жойбарларды параллель экспертизадан өткериў, уқсас жойбарларды тезлестирилген тәртипте, физикалық ҳәм руўхый жақтан ескирген үскенелерди әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығыў, бенчмаркинг усылынан пайдаланыў басламалары алға қойылды. Бул экспертиза процесин оптималластырады ҳәм орайға стратегиялық әҳмийетке ийе ири инвестициялық жойбарларға итибар қаратыў имканиятын береди.
Презентацияда экспертиза процесине қатнасыўшыларды хошаметлеў механизмлерин енгизиў мәселелери де көрип шығылды. Соның ишинде, биринши басқышта унамлы жуўмақ алыў ямаса жойбар бойынша пикир-усынысларды белгиленген мүддеттен алдын сапластырыў жағдайларында экспертизадан тез өтиў ҳәм шегирмелер бериўди нәзерде тутатуғын буйыртпашыларды хошаметлеў илажлары усыныс етилди.
Орайдың жумысын санластырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Буның ушын салық ҳәм бажыхана уйымлары, миллий статистика, экология ҳәм климат мағлыўматлары базалары, Қурылыс ресурслары миллий классификаторы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлардың электрон системалары менен интеграцияланған бирден-бир мәлимлеме платформасы жаратылады. Платформа жойбар ҳүжжетлерин онлайн тәризде қәлиплестириў, сондай-ақ, жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда товарлар ҳәм хызметлердиң баҳалары ҳәм техникалық параметрлерин таллаў имканиятын беретуғыны нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды экспертизадан өткериў инвестициялық орталықтың әҳмийетли буўыны екенин атап өтип, жуўапкерлерге артықша бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў ҳәм процесслерди санластырыў, бул бағдарда сапа ҳәм оперативликти арттырыў бойынша тапсырмалар берди.