- Дүньяда дәлиллеўди талап етпейтуғын бир ҳақыйқат бар: ҳәр қандай мәмлекеттиң раўажланыўы саламат ҳәм билимли әўладқа байланыслы, - деди Президент сөзиниң басында. - Соның ушын Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында саламат, билимли, терең пикирлейтуғын, ўатансүйгиш жасларды тәрбиялаў ушын барлық шараятларды жаратыўымыз шәрт ҳәм зәрүр.
Социаллық тараўлардағы барлық ҳәрекетлер мине усы мақсетлерге қаратылған. Соңғы 7 жылда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи ушын қаржы 7 есеге арттырылған. Быйыл 60 триллион сум ажыратылған. Мектеплерде 1 миллионға шамалас, бақшаларда 1,5 миллион жаңа орын жаратылды.
Маманлық, тил билиў, жаңа баҳалаў системасы, пән олимпиадалары сыяқлы нормалар тийкарында оқытыўшыларға 10 нан аслам үстеме енгизилди. Буннан нәтийжели пайдаланған 60 мың муғаллим ҳәзирги ўақытта 8-12 миллион сум айлық алмақта.
Бақша тәрбияшыларының айлығы 65 процентке артып, мектеп муғаллимлериниң айлығына теңлестирилди. Жаңа оқыў жылынан мектеп директорлары, орынбасарлары ҳәм бақша басшыларының мийнет ҳақысы 7-10 миллион сумнан асады.
Билимлендириў бағдарламалары ең алдынғы мәмлекетлердиң тәжирийбесине бейимлестирилмекте, сабақлықлар жаңаланбақта, мектеплерге заманагөй үскенелер алып берилмекте. Енди муғаллимлер жаңа методикаларды өзлестирип, балаларға жақсы билим бериўи керек. Буның ушын педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириўдиң сапасын арттырыў зәрүр.
Жасларды кәсип-өнерге үйретиў, дурыс тәрбиялаў, зыянлы тәсирлерден сақлаў да әҳмийетли мәселелерден.
Мәжилисте тараўдағы ҳәр бир бағдар ҳәр тәреплеме талланып, тийкарғы ўазыйпалар белгиленди. Мектеп билимлендириўин жаңа басқышқа көтеретуғын басламалар алға қойылды.
Бәринен бурын, педагогларды таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасына итибар қаратылды. Бул бағдарда Абдулла Авлоний атындағы миллий-изертлеў институты ҳәм оның 13 аймақлық орайы қайта шөлкемлестирилди. Низамий атындағы жоқары оқыў орны Миллий педагогика университетине айландырылып, оның ректоры бир ўақыттың өзинде кадрлар таярлаў бойынша министрдиң орынбасары болды. Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў орайы шөлкемлестирилди.
Енди бул имканиятлар тийкарында барлық педагогикалық жоқары оқыў орынларының жумысы түп-тийкарынан өзгертиледи. Мәселен, Термиз педагогикалық институты мысалында айтатуғын болсақ, ҳәзирги факультетлердиң орнында анық, тәбийғый, социаллық, филология, әмелий пәнлер, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириў бойынша 6 жоқары мектеп шөлкемлестириледи.
Пәнлердиң саны оптималластырылып, 20 дан 15 ке, тәлим бағдарлары 31 ден 17 ге түсириледи, оқыў жүклемеси 20 процентке қысқарады. Жақын аймақтағы мектеплер оның әмелият базасына айландырылады.
Институттың шет тили сертификатына ийе 20 оқытыўшысы усы жылы Уллы Британия, Германия ҳәм Сингапур сыяқлы мәмлекетлерге тәжирийбе арттырыўға жибериледи. Келеси үш жылда барлық профессор-оқытыўшылар сырт елде оқытылады. "Топ-100" университетлерде тәжирийбе арттырыў ҳәм билимлендириў хызметлерин алыў тиккелей шәртнама тийкарында болады.
Аймақлардағы қәнигелик арттырыў орайларының жумысы да кеңейтиледи. Олардағы профессор-оқытыўшылар АҚШ, Уллы Британия, Сингапур, Германияның алдынғы бағдарламалары тийкарында қайта таярланады.
Соның менен бирге, орта билимлендириўдеги 17 пәнниң ҳәр бири бойынша өз алдына таяныш мектеплери болады. Таяныш мектеп муғаллими Қәнигелигин арттырыў орайына келип, өз бағдарында халықаралық бағдарламалар тийкарында терең таярланады, оларға тренер статусы бериледи. Кейин бул тренерлер өзине бириктирилген аймақта 25 жетекши оқытыўшыны оқытады. Жетекши муғаллимлер болса өз мектебиндеги басқа муғаллимлердиң қәнигелигин арттырып барады.
Буннан тысқары, университет, орай ҳәм мектеплерден муғаллимлер сырт елге тәжирийбе арттырыўға жибериледи.
Бүгинги күнде жеке меншик жоқары оқыў орынларына кең жол ашылған. Бирақ оларда педагогика бағдарындағы студентлердиң 70 проценти мектепке шекемги билимлендириў, баслаўыш билимлендириў ҳәм филология бойынша оқып атыр. Ҳеш биринде химия, биология ҳәм физика бойынша муғаллим таярланбайды. Мектеплеримизде анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша муғаллим жетиспейди.
Сонлықтан, ендигиден былай, жеке меншик жоқары оқыў орынларындағы педагогикалық бағдарлар мәмлекетлик институтлар менен бирдей болады. Олардағы педагоглар ҳәм студентлердиң билими сыртқы диагностикадан өткериледи. Бул арқалы мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларында педагог таярлаў сапасы қадағалаўға алынады.
Мәмлекетимиз басшысы жасларды абырайлы сырт ел университетлеринде оқытыў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Перзентлеримиз оғада қәбилетли екени, тек оларды дурыс бағдарлап, мақсетли таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы мақсетте "Президент талантлы перзентлери миллий бағдарламасы" басланады, Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп шөлкемлестириледи. Оған 8-класс питкериўшилеринен 60 адам таңлап алынып, рейтинги жоқары оқыў орынларына мақсетли таярланады.
Буннан тысқары, Президент ҳәм қәнигелескен мектеплерден 208 мәсләҳәтши улыўма билим бериў мектеплерине бириктириледи. Бул мәсләҳәтшилер мектеплерден ҳәр жылы ең потенциаллы 3 мың оқыўшыны селекциялап, АҚШтың Гарвард, Йель, Колумбия, Корнел сыяқлы "Печак лигасы" жоқары оқыў орынларына таярлайды.
Билимге қуштарлаықтың тийкарын салыўда мектепке шекемги билимлендириўдиң орны жүдә әҳмийетли. Бүгинги күнде елимизде 7 мың мәмлекетлик ҳәм 31 мыңнан аслам жеке меншик бақшалар жумыс алып бармақта. Алты жасар балалардың 96 проценти мектепке таярлаў топарларына қамтып алынған. Келеси жылы бул сан 100 процентке шығады.
Енди алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында мектепке таярлаў топарлары ҳәм баслаўыш билимлендириў оқыў бағдарламалары өз-ара үйлеседи. Буның ушын бақша балаларын математика, тәбийғый пәнлер ҳәм технология бағдарларында сын көзқарастан ҳәм креатив пикирлеўге үйрететуғын бағдарламалар ислеп шығылады.
Сондай-ақ, бақша тәрбияшыларының маманлығын, шеберлигин ҳәм психологиялық таярлығын арттырыў ушын кәсиплик сертификатлаў системасы енгизиледи.
Мәжилисте оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы өткериў илажлары да белгиленди.
Усы мақсетте "Бәркамал әўлад" мектеплери, "Ёшлик" спорт жәмийети ҳәм Оқыўшы жаслар орайы бирден-бир системаға бирлестириледи. Олар оңланып, заманагөй бағдарларға сай үскенеленеди, шет тиллери, жасалма интеллект, программаластырыў ҳәм анимация сыяқлы жаңа дөгереклер ашылады.
Оқыўшылар арасында туризмди раўажландырыў бойынша да жаңа система болады. Қарақалпақстан, Хорезм, Самарқанд,
Бухара ҳәм пайтахттағы "Бәркамал әўлад" орайларында кеминде 100 орынлық "Балалар туристлик базасы" шөлкемлестириледи. Ҳәр жылы 1 миллион оқыўшы ушын Өзбекстан бойлап саяхатлар шөлкемлестириледи.
Балаларды зыянлы мәлимлемеден қорғаў - ҳәммени ойландырып атырған машқала. Сонлықтан, Президент қарарына муўапық, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанында Балалар коньтентин раўажландырыў орайы шөлкемлестирилди. Ол жергиликли дөретиўшилерге миллий коньтентлер жаратыў бойынша буйыртпа береди, тараўда кадрлар таярлаўды шөлкемлестиреди.
Сондай-ақ, жазғы дем алыста жасларды дем алыў орынларына ҳәм пайдалы шынығыўларға тартыў, спорт жарыслары, интеллектуаллық ойынлар ҳәм көркем өнер кешелерин өткериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.









