Мәмлекеттиң келешеги, экономиканың раўажланыўы, бәринен бурын, билимли әўладқа байланыслы. Усы мақсетте елимизде бақша ҳәм мектеплер қурыў, заманагөй оқыў бағдарламаларын қолланыў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша көп жумыслар исленбекте.
Муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақысына 10 нан аслам үстемелер енгизилди. Бүгин өз үстинде ислеген 60 мыңнан аслам педагог 10-12 миллион сум айлық алмақта. Жаңа баҳалаў системасы бойынша унамлы нәтийже көрсеткен 300 мектептиң пүткил жәмәәти 40 процентке шекем үстеме алады. Усы айдан мектеп директорлары, бақша басшылары ҳәм олардың орынбасарларының айлығы да 10 миллион сумнан артты.
Жыл басынан берли халықаралық пән олимпиадаларында елимиздиң ул-қызлары 195 медалды қолға киргизген. Шет тили ийелери тартылған мыңнан аслам мектепте тил бойынша сертификат алған оқыўшылардың саны бир жылда 2,5 есеге көбейген.
Мәжилисте тараўдағы реформаларды даўам еттирип, билимлендириўдиң барлық бағдарларында үлкен өзгерис ислеў зәрүрлиги атап өтилди.
Быйыл мектепке шекемги билимлендириўдеги орынлардың санын 182 мыңға көбейтиў режелестирилген. Олардың 82 мыңы жаңа бақшалардың үлесине туўра келеди. Қалған 100 мың орын ески бақшаларды оңлаў арқалы ҳәм жеке меншик сектордың қатнасыўында шөлкемлестириледи.
Буның ушын мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўы 80 проценттен төмен болған район ҳәм қалаларда бос жерлер аукционға шығарылады. Оларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бақшалар қурыў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығылады. Бундай мәкемелерге субсидия бериў, тәрбияшылардың мийнет ҳақысын бир бөлегин қаплаў тәртиби енгизиледи.
Жаңа имарат, шараят пенен бирге бақша хызметкерлериниң потенциалы да соған жараса жоқары болыўы керек. Жаз мәўсиминде 118 мың тәрбияшының қәнигелиги арттырылды. Лекин, бул еле аз. Мәмлекетлик бақшалардағы тәрбияшылардың 38 проценти, жеке меншик бақшаларда 24 проценти жоқары мағлыўматқа ийе.
Сонлықтан жаңа оқыў жылынан орта арнаўлы мағлыўматлы тәрбияшылар ушын 5 күн ислеп, 1 күн оқыйтуғын бакалавр тәлим түри енгизиледи. Бул арқалы бақшаларға ҳәр жылы дерлик 10 мың жоқары мағлыўматлы қәниге кирип келеди.
Келеси жылы ҳәр бир ўәлаятта бақша тәрбияшыларының педагогикалық шеберлигин арттырыўға методикалық жәрдемлесетуғын "Жаңа әўлад" бақшалары қурылады.
Мәжилисте мектеп билимлендириўиндеги шараят пенен байланыслы мәселелер көрип шығылды.
Кейинги үш жылда қәбилетли оқыўшылар ушын 201 қәнигелескен мектеп шөлкемлестирилген. Бирақ 12 синде қурылыс-оңлаў жумыслары еле жуўмақланбаған.
Алыс аймақлардағы 74 мың оқыўшы мектепке 5-7 километрден қатнап атыр. Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрьядағы 100 мектепке бийпул автобус қойылған. Бул зәрүрлик басқа ўәлаятларда да алға қойылмақта.
Өткен жылдан баслап 1-классларда информатика сабақ саатлары жолға қойылды. Кейинги оқыў жылынан жоқары классларға жасалма интеллект бойынша сабақлар киргизиледи. Оның ушын 2 мың класс ханасы компьютер ҳәм интерактив доскалар менен тәмийинленетуғыны айтылды.
Қәбилетли жасларға шараят жаратыў ушын ўәлаятларда мәлимлеме технологияларына қәнигелескен Ал-Хорезмий, инженерлик бойынша Мырза Улығбек, тәбийғый пәнлер бағдарында Ибн Сина мектеплериниң филиаллары шөлкемлестириледи. Олар аймақлардағы техника жоқары оқыў орынларына бириктириледи. Жақсы нәтийжеге ерискен питкериўшилер олардың 2-курсына қабыл етиледи.
Келеси жылы мектеп оқыўшылары арасында ең абырайлы 2 - халықаралық химия ҳәм информатика олимпиадалары биринши мәрте Өзбекстанда болып өтеди.
Жуўапкерлерге бул бағдардағы ўазыйпалар бойынша көрсетпелер берилди.
Жаслардың тәрбиясы ҳәм бәнтлиги мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, енди жас категориялары бойынша миллий тәрбия модели жаратылады. Бул арқалы балалар заманагөй компетенцияға ийе қәниге, миллий қәдириятларға садық инсан болып тәрбияланады.
Балалар контентин раўажландырыў орайы, Қори Ниязий атындағы тәрбия педагогикасы миллий институты тәрепинен ҳәптелик темаларынан келип шығып, қызықлы видеороликлер ислеп шығылады. Олар "Миллий тәрбия" платформасына жайластырып барылады.
Жаслардың қәбилетин жүзеге шығарыў, оларды ҳәр тәреплеме қәлиплестириўде мектептен тысқары билимлендириў ҳәм спорттың әҳмийети үлкен. Сонлықтан бул системаны жаңа басқышқа алып шығыў, оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы өткериў бойынша Президент қарарына қол қойылды.
Оған бола, орынлардағы 219 "Бәркамал әўлад" мектеби, "Ёшлик" спорт жәмийети, Оқыўшы жаслар орайы ҳәм Өзбекстан балалар шөлкеми негизинде республика, аймақ ҳәм районларда "Келажак" орайлары шөлкемлестириледи. Бул орайлар мектеплер менен үзликсиз байланысты жанландырып, оқыўшыларды инженерлик, илим, мәденият, көркем өнер, китапқумарлық, спорт ҳәм экология бағдарлары бойынша дөгереклерге тартады.
Буның ушын ҳәр бир орта мектепте мәсләҳәтши лаўазымы енгизиледи. Олар оқыўшылардың қәбилети ҳәм қызығыўшылығына қарап, тил, кәсип, инженерлик, дөретиўшилик, көркем өнер ҳәм спорт дөгереклерин шөлкемлестиреди. Бул дөгереклер ҳәм олимпиадаларда ерискен нәтийжелери бойынша жаслардың "санлы портфели" қәлиплестирилип, электрон аттестатында көрсетиледи.
Мәмлекетимиз басшысы жасларымызды кәсип-өнерли етип, турақлы дәрамат табыўы ушын шараят жаратыў ең әҳмийетли мәселе екенин атап өтти.
Елимизде 450 мың оқыўшыны қабыл ете алатуғын 598 техникум бар. Бирақ оларға жаслардың қызығыўшылығы, кәсип табыў көрсеткиши жоқары емес. Соның ушын, Президент ҳәм қәнигелескен мектеплердиң тәжирийбеси тийкарында, барлық техникумларға халықаралық стандарт бойынша заманагөй кәсипке оқытыў орталығын алып кириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул жумысларды бирден-бир сиясат тийкарында алып барыў ушын Кәсиплик билимлендириў агентлиги шөлкемлестириледи. Енди инвесторлардың буйыртпасы менен техникумларда кадрлар мақсетли таярланады. Техникум менен дуал тәлимди жолға қойған кәрханаларға жеңиллетилген кредит ажыратылады.
Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында кәсипке үйретиўши устаханалар шөлкемлестириў, шет тиллерин оқытыўды кеңейтиў мәселелерине де тоқтап өтилди.
Мәжилисте жуўапкерлер ҳәм педагоглар менен пикирлесиў болды.