Қанша машақатларды мойнына алып, илим үйреткен перзентимиз жетискенликлерге ерисе баслағаннан соң, сарплаған қәрежетлеримиз ҳәм қыйыншылықларымыз көзимизге көринбейди. Баламыздың ертеңги күнинен арқайынбыз. Муҳаммад Тәжибаевтың ата-анасы бул жағымлы сезимди бираз алдын сезди. Муҳаммад өспирим ўақтында-ақ ири табыслары менен танылды.
Елимизде мәлимлеме технологиялары тараўын раўажландырыўға үлкен итибар берилмекте. Соның ишинде, Президент сыйлығы ушын “President Tech Award” таңлаўы өткерилип келинбекте. Сыйлық қоры 1 миллион доллар болған таңлаўда Аmazon, Google сыяқлы ең ири компаниялардың қәнигелери төрешилик етеди. Бул таңлаўдың қаншелли әҳмийетли екенине және бир дәлил. Мине усындай ири таңлаўда қаҳарманымыз ең жас қатнасыўшы сыпатында қатнасты. 15 жасар қатнасыўшыға тийисли жойбар 50 мың АҚШ долларына ылайық деп табылды. Бул көплеген ата-аналардың мәлимлеме технологияларына қызығыўшылығын күшейтти.
Ең жақсы инвестиция билимлендириўге бағдарланған қаржы екенин түсинип жетиўине хызмет етти.
2021-жылдан берли мәлимлеме технологиялары тараўын үйренип киятырған Муҳаммад Тожибоев ҳәр қыйлы веб-бағдарламалар ислеп шығады. Ол Python бағдарламасын өзлестирген. Енди өз алдына жасалма интеллект бойынша елимизди дүньяға танытыў мақсетин қойған.
- Өзбекстанды мәлимлеме технологиялары орайына айландырыўдай арзыўды әмелге асырыў биз, жасларға байланыслы екенлигинен бәрқулла руўхланамыз. Таңлаўда қолға киргизген қаржымыз болса оған үлес қосыў ушын керекли инвестиция болды, - дейди жигит.
Айтпақшы, Муҳаммад өзине тийисли сыйлықтың белгили бир бөлегин Намангандағы өзи 9-классқа шекем оқыған мектепке мәлимлеме технологияларын оқытыўды раўажландырыў ушын жәрдем сыпатында саўға етти.
Муҳаммад авторлық еткен жойбарлардан бири - жоқарыдағы таңлаўда тән алынған бағдарлама PCP (Poison Cuts Poison) - "Зәҳәрди зәҳәр кеседи" деп аталады. Мақсет мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм кибержынаятшылықтың тамырын қурытыў болып табылады. Платформаларда гүманлы ҳәрекет басланғанда бул бағдарлама иске қосылып, пайдаланыўшының жүзин, яғный жанлылықты тексереди. Бунда системаға реал жағдайда кирип атырғанлардың инсан ямаса бот екенлиги жүзи арқалы анықланады. Егер жүзди таныў имканияты болмаса, пайдаланыўшы даўысы арқалы тексериледи. Сондай-ақ, бағдарлама хакерлердиң мәнзилин табыў ҳәм мағлыўматларын ишки ислер уйымларына жибериў имканиятын да береди.
Бул жойбар Намангандағы мәмлекетлик уйымларда сынақтан өткерилгенде 86 процентлик нәтийже көрсетти. Оннан қәлеген веб-сайтларда, компьютер системаларында пайдаланыў мүмкин. Себеби, ол барлық веб-сайтлар ушын керекли қәўипсизлик системасы. Егер бағдарлама иске қосылса, көплеген электрон платформалар менен интеграцияланыўы, глобал базарға шығыўы арқалы мәлимлеме технологияларының экспортына салмақлы үлес қосыўы мүмкин.
Муҳаммад Тәжибаев БМШтың бир қатар онлайн курсларында да табыслы оқыған. Олардан бири "жасыл" санаат сиясаты ҳәм оның бәсекиге шыдамлылық және структуралық өзгерислердеги әҳмийетине бағышланған. Және бири БМШтың ықлым өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўға қаратылған басламалары шеңберинде шөлкемлестирилген. Излениўшең жигит бул курслар арқалы глобал машқалалар ҳаққында кең түсиникке ийе болып, турақлы раўажланыў бағдарындағы билимлерин беккемледи. Ҳәзирги ўақытта Муҳаммад “Aisha AI” ҳәм “Iqro AI” жойбарлары үстинде ислемекте. Бул жойбарлар күтилгениндей нәтийже берсе, Өзбекстандағы ең ири жасалма интеллект системасына айланады.
Жас талант ийесиниң әдебиятқа да жақынлығы, әдебий илажларда миллет пидайыларының образын жаратыў тилеги күшли. Оның инсан санасы, стратегиялық пикирлеўи ҳәм жәмийеттеги орны ҳаққындағы пикирлерден ибарат "Ойын қағыйдалары" китабы баспаға таярланбақта. Китап сиясат, бизнес, жеке раўажланыў ҳәм инсан психологиясы сыяқлы әҳмийетли темаларды қамтып алады.
Елимизде Муҳаммад Тәжибаев сыяқлы қәбилетли, излениўшең жаслардың қатары күн сайын кеңейип бармақта. Мәмлекетимизде талантлар өз ўақтында анықланып, қоллап-қуўатланбақта. Бул болса жасларда өзине болған исенимди арттырып, айдын келешекке қарай исенимли қәдем таслаўына себеп болмақта.
Муножат РАҲИМЖАНОВА,
Журналист.