Руўхыйлықтың қүдиретли сыры ямаса елди жанкүйер, күшли ойлаўшылар раўажландырады

    26 желтоқсан 2024 30

    Муғаллим кластағы үш төмен оқыйтуғын оқыўшыны сабақтан кейин алып қалып, темаларды өзлестириўи ушын айрықша қунт пенен шуғылланды. Нәтийже көп күтип турмады. Кластың улыўма өзлестириў көрсеткиши артты. Муғаллим усындай етпегенинде ол оқыўшылар мектепти питкергенге шекем қалақлар қатарынан шыға алмай, келешекте жәмийетте өз орнын табыўға қыйналатуғын еди.

    Бир жолаўшы жол шетинде кимдур қалдырған шығынды салынған қалтаны алып, арнаўлы орынға таслады. Егер усындай болмаса, сол бир қалта ертең шығынды таслайтуғын орынға айланыўы мүмкин еди.

    Қоңсы баланың минез-қулқында унамсыз өзгерисди көрген адам оның әкеси менен сөйлести. Перзент тәрбиясында қадағалаўдың әҳмийети түсиндирди. Өспиримде әдеп-икрамлылық пазыйлетлери пайда бола баслады. Егер усылай етпегенде жәмийетте ҳуқықбузарлар бир адаға көбейиўи мүмкин еди.

    Үлкен жәмәәтте кәсиплеслери жумысты дурыслап ислемей атырғаны ушын бақырған хызметкер ҳәммениң көзине жаман көринди. Бирақ наразылық кейпиятында болса да, ескертиўди еситкенлер өзлери билместен жумысқа мүнәсибетин өзгертире баслады. Жумыс нәтийжелилиги артты, мийнет ҳақысы көбейди. Егер сондай етпегенде "не ушын жумысымызда өним, дәраматымызда берекет жоқ" деп наразылық етип жүре берген болар еди.

    Маған берсе, бул жерде оқытыўшы, жолаўшы, қоңсы ҳәм хызметкердиң ҳәрекетин қаҳарманлық болмаса да, соған жақын көзқарас сыпатында тән алған болар едим. Олар өзин жәмийетке, әтирапқа байланыслы деп есаплағаны ушын да усындай жол тутты. Арамызда мыңлаған усындай кәсибине пидайы муғаллим, бийпәрўа болмаған жолаўшы, мәҳәллесиндеги жигит-қызларды өз перзентиндей көретуғын қоңсы ҳәм "бир адам ҳәмме ушын, ҳәмме бир адам ушын" принципине дурыс қатнас жасайтуғын хызметкерлер бар. Олардың ҳәр бири өзин жәмийеттиң толық ағзасы сыпатында сезинсе, турмысымыздағы өзгерислерди ертең емес, бүгин көремиз. Аўа, әпиўайы инсаныйлық пазыйлетлер де бүгин қаҳарманлық дәрежесине көтерилмекте. Ҳәзирги ўақытта биреўге жақсылық етсе, жәрдем қолын созса, аўырын жеңиллетсе, буны пайда, материаллық хошаметлеўдиң орны деп қабыл етиў әдеттеги жағдайға айланған.

    Ақыры биз сондай халық, миллет емес едик ғой? Бийпәрўалық, "сен маған тийме, мен саған тиймеймен" сыяқлы жаман қәсийетлер қашан бизге араласып үлгерди? Жабысқанда да қәдир-қымбатымызға сиңип кетти. Бул иллетлер сапластырылыўы ушын не ислеў керек? Бундай сораўларга жуўап табыў ушын мәселениң мәнисине тереңирек кириў талап етиледи.

    Дурыс, бүгин бул мәселени шешиў ушын миллетимиз айдынлары азлы-кем илаж излемекте, мәмлекетимизде әмелий ҳәрекетлерге кирискен. Ең жоқары дәрежеде қабыл етилген бағдарламаларда усы мақсетке көплеген бәнтлер бағышланды, арнаўлы жойбарлар ислеп шығылды. Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы декабрьде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде елимиздиң жаңа раўажланыў дәўирине қәдем қойған бүгинги күнде халқымыз, әсиресе, перзентлеримиздиң санасында Ўатанға муҳаббат, елимиздиң келешегине байланыслы, тыныш, еркин ҳәм абад турмысты қәдирлеў сезимлерин күшейтиў мәселесин де атап өткени тосыннан емес, әлбетте.

    Жағдайға тек қара көз әйнектиң артынан қараў да дурыс емес. Әдил талқыласақ, жетискенликлер салмақлы, нәтийжелер көп. Президентимиздиң 2021-жыл 26-марттағы "Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарынан соң көпшилик бағдарларда түпкиликли бурылыс жүз берди. Кең көлемли реформалар ҳәм дөретиўшилик жумыслардың нәтийжесинде халқымыздың сана-сезими, көзқарасы өзгерди. Елимизде ҳуқықый мәмлекет, пуқаралық жәмийетин қурыўда ийгиликли ҳәм инсаныйлық принципине тийкарланған "Миллий тиклениўден - миллий раўажланыўға қарай", деген турмыслық идея әҳмийети барған сайын артып бармақта.

    Бул бағдардағы әҳмийетли жумысларға қарамастан, социаллық, экономикалық ҳәм сиясий тараўлардағы жаңаланыўлар процесинде руўхый-ағартыўшылық реформалардың нәтийжелилигине тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар сақланып қалып атырғаны жоқары дәрежелерде тән алынбақта. Гәп мине усы бослықты толтырыў үстинде бармақта.

    Атап айтқанда, руўхый-ағартыўшылық процесслерди шөлкемлестириўде бир пүтин система жоқ екенлиги, халқымызды, әсиресе, жасларды руўхый қәўип-қәтерлерден қорғаў бағдарында жетерли дәрежеде шөлкемлестириўшилик-әмелий ҳәм илимий-изертлеў жумысларының орынланбай атырғаны, бул бағдарда мәмлекетлик шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары сондай-ақ, жеке меншик сектордың социаллық бирге ислесиўи нәтийжели жолға қойылмай атырғаны да рас.

    "Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарар менен бүгин жәмийетимиздеги машқалаларды шешиў, руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў, көлемин кеңейтиў, мәмлекет халқы, бәринен бурын, жаслар қәлбинде реформаларға қатнас сезимин күшейтиў, тараўдағы жумысларды муўапықластырыўдың бирден-бир системасын жаратыў мақсет етилген.

    Буның ушын руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынған. Соның ишинде, жәмийетте саламат дүньяқарас ҳәм дөретиўшиликти улыўма миллий ҳәрекетке айландырыў, шаңарақ, билимлендириў шөлкемлери ҳәм мәҳәллелерде руўхый тәрбияның үзликсизлигин тәмийинлеў, ел-журт тәғдирине бийпәрўалық, жергиликли, шаңарақлық, коррупция, шаңарақлық қәдириятларға бийпәрўалық ҳәм жаслар тәрбиясына жуўапкершиликсизлик сыяқлы иллетлерди сапластырыўға қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, халықтың интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланыў мәдениятын арттырыў, идеялық ҳәм мәлимлеме ҳүжимлерине қарсы идеологиялық иммунитетти күшейтиў, мәденият, әдебият, кино, театр, музыка ҳәм көркем өнердиң барлық түрлери, баспа-полиграфиялық өнимлер, ғалаба хабар қуралларында руўхый-әдеп-икрамлылық нормалары, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлардың үстинлигине ерисиў мәселесине үлкен итибар қаратылған.

    Бүгин ғалаба хабар қураллары менен бир қатарда социаллық тармақлар да жеделлести. Жәмийетлик пикирди қәлиплестириўге уқыплы бул тармақлар арқалы кирип киятырған ҳәр қыйлы мәлимлеме жәмийетимиздеги айырым жаслардың санасын зәҳәрлеўи, жат идеялар тәсирине түсип қалған жигит-қызлардың нәшебентлик жолына кириўи, қумар ойынларына араласыўы, радикализм, экстремизм ҳәм басқа иллетлер менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ислеп атырғаны, бундай шараятта жаслардың руўхый иммунитетин күшейтиў, оларды миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, зыянлы иллет ҳәм жат идеялар тәсиринен сақлаў әҳмийетли екенлиги әлле қашан анық болып үлгерди.

    Көрип турмыз: дүнья жүзилик жетискенликлер, үлкен ҳәм бурын ҳеш болмаған жетискенликлер, нәтийжелер ҳаққындағы мағлыўмат хабарлар лентасынан бир демде өтип кетеди. Бирақ, қандайда бир надурыс ҳәрекет, жол қойылған қәте ҳәм кемшилик, қандайда бир белгили сиясатшы ямаса көркем өнер шебериниң орынсыз ҳәрекети ямаса контексттен жулып алынған қандайда бир сөзи ҳаққында дүньяға дәстан етеди. Мәселениң тийкарғы мәнисин ашып бериў, себеплерин таллаў, бундай жағдайлар қайтадан жүз бермеўи ушын не ислеў керек екенлиги бойынша пикир-усыныслар орнына усы кеўилсиз жағдайлар ҳаққында тамақ жыртатуғын дәрежеде жар салынады. Буннан мақсет не? Турақлылыққа, тынышлыққа, адамлардың кеўлине қәўип салыў ма?

    Мәселен, жаз айларында бир топар кеўилли белсенди жигит-қызлар айырым ўатанласларымыздың тәбияттың салқын, таўлы аймақларында дем алып, әдетте жкологиялық мәденият жетиспеўшилиги себепли қалдырып кететуғын, ҳәр жерге таслап жиберетуғын ҳәр қыйлы шығындыларды тазалаў акциясын өткерди. Оларды ҳеш ким мәжбүрлемесе де, өзин усы жәмийеттиң раўажланыўы ҳәм тәбияттың тазалығын сақлаўға байланыслы деп сезди.

    Тилекке қарсы, болар-болмас гәп-сөзлерди байрақ қылып желбирететуғын айырым сайтлар, блогерлер бул ийгиликли басламаға жетерли дәрежеде әҳмийет бермеген, қоллап-қуўатламады, жаслардың пидайылығы ҳаққында ҳеш ңарсе айтпады. Бирақ, қайсы бир министр ямаса тараў басшысының бираз қызып, тийкарында тема бойынша қызып кетип айтқан сөзлерин айлар даўамында додалады. Ҳәр қыйлы анализлер, түсиниклер ҳәм кесентлер арқалы көпшилик арасында қарама-қарсы көзқарас оятыўға урыныўлар бақланды.

    Усы жыл 27-октябрьдеги сайлаўда жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларға өзин байланыслы деп билген 541 жаслар жетекшиси өз кандидатурасын даўысқа қойды. Нәтийжеде олардан 2 и ўәлаятлық және 117 и районлық ҳәм қалалық кеңеслердиң депутатлығына сайланды. Жаслар жетекшилериниң бундай жетискенликлерге ерисиўи оларға билдирилген исеним ҳәм имканият нәтийжеси болса да, оған "белсенди" ғалаба хабар қураллары жетерли дәрежеде итибар қаратпады.

    Бул ўақыя да бир неше жас өспиримниң автомобилде жоқары тезликте ҳәрекетленип, өзин сүўретке алып, социаллық тармақларға жайластырғаны сыяқлы айырым ўақыялар көлеминде қалып кетти. Тармақлардың барлығы усындай көринислер менен толып кетти. Бақлаўшылар оларды қаралаў, айырым жерлерде ақлаў менен бәнт болды.

    Тармақлардың күши сонда, ўақыялар қандай ракурста үгит-нәсиятланса, сондай формада ой-пикирге сиңип барады. Әтирапымыздағы ҳәдийселерге арқәйын ҳәм бийпәрўалық пенен емес, ал сергеклик пенен қараў зәрүр. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, "Ҳәммемизге белгили болыўы керек, қай жерде бийпәрўалық ҳүким сүрсе, ең әҳмийетли мәселелер өзлигине таслап қойылса, сол жерде руўхыйлық ең әззи ноқатқа айланады. Ҳәм керисинше - қай жерде сергеклик ҳәм жанкүйерлик, жоқары ақыл ҳәм ой-пикир ҳүким сүрсе, сол жерде руўхыйлық қүдиретли күшке айланады".

    Нодир МАҲМУДОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы