Хорезмли 11-класс оқыўшысы фрилансерлик арқалы 500 доллардан аслам дәрамат таппақта

    29 қаңтар 2025 1823

    Жумыс бериўшилерге Жавоҳирдың өз жумысына көзқарасы унайтуғыны себепли оған пайдаланыўы ушын ең заманагөй технология қуралларын да алып берген.

    Үргенш қаласындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Жавоҳир Мақсудов жаслығына қарамастан бүгин заманагөй кәсиплерди үйренип, оқыў менен бирге фрилансерлик арқалы дәрамат таппақта.

    Жавоҳир 15 жасынан заманагөй кәсиплерди үйрениў мақсетинде программаластырыў, копирайтинг, графикалық дизайн, мобилография, монтаж, визуал пиар ҳәм СММ тараўларын толық үйрениўди баслаған.

    "9 жасымда әкем үйге ноутбук алып келип, оны толық үйренип, компьютерде биймәлел ислей бер, егер компьютер истен шықса, өзиң оңлап, барлық программалардың қалай ислеўин үйренип ал, деп маған тапсырған еди. Бул меннен АйТи тараўын қатаң үйрениўге түртки болды", - дейди қаҳарманымыз.

    Ҳәзирги ўақытта Жавоҳир заманагөй кәсиплерди үйрениўден соң, креатив пикирлеў қәбилети, дөретиўшилик потенциалы себепли «KHISO» Olympiads School, «Урганч соҳил бўйи уйлари» қурылыс компаниясы, «Unify» оқыў орайы ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң Хорезм ўәлаяты басқармасында фрилансер сыпатында жумыс алып бармақта.

    Жумыс бериўшилерге Жавоҳирдың өз жумысына көзқарасы унайтуғыны себепли оған пайдаланыўы ушын ең заманагөй технология қуралларын да алып берген.

    Жавоҳирден тил билиў дәрежеси ҳаққында сорағанымызда, ол IELTSʼ дан 6,5 балы бар екенлигин айтты. Ҳәзир болса Жавоҳир Вестминстер халықаралық университетине оқыўға кириў ушын таярлық көрмекте. Оның мақсети АйТи ди және де терең үйрениў, оның жаңа қырларын ашыў ҳәм жасларға үйретиўден ибарат.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates