Атап өтилгениндей, кейинги жылларда инсан ҳуқықларын қорғаўдың нызамшылық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый базасын беккемлеў, инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандартларды миллий нызамшылыққа имплементациялаў ҳәм халықаралық миннетлемелерди орынлаў, сондай-ақ, пуқаралардың әдил судлаўға болған исенимин арттырыў ҳәм олардың қәнигели юридикалық жәрдем алыў ҳуқықының кепилликлерин күшейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул нызам да мине усы реформалардың логикалық даўамы болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясында ҳәр бир шахс өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленген.
Бирақ кем тәмийинленген шахсларға Конституциялық судқа мүрәжат етиўде мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў әмелдеги нызамда өз көринисин таппаған.
Бул нызамда шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған, толық ямаса айырым бөлеги мәмлекет есабынан көрсетилетуғын қәнигели юридикалық жәрдем көрсетиўди буннан былай да жетилистириў нәзерде тутылған. Атап айтқанда:
- Конституциялық суд шағым менен мүрәжат еткен пуқараның арзасы бойынша мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетип атырған адвокаттың қатнасыўын тәмийинлеў илажларын көреди;
- кем тәмийинленген пуқаралар, егер олар Конституциялық судқа белгили бир ис бойынша суд тәрепинен өзине қолланылған нызам Өзбекстан Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққындағы арза менен мүрәжат еткен болса, мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыў ҳуқықына ийе.
Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи ҳәр бир шахстың өз ҳуқықлары менен еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усылларда қорғаў ҳуқықына байланыслы Конституцияның 55-статьясында беккемленген норманың орынланыўына, сондай-ақ, пуқаралардың нызам менен бузылған конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин тиклеў ушын Конституциялық судқа мүрәжат етиў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.









