Регулятордың атап өтиўинше, экономикалық белсендилик күтилгенинен жоқары болып, инфляция төменлеў динамикасын даўам еттирмекте. Атап айтқанда, 2025-жылдың декабрь айында жыллық инфляция 7,3 процентти, базалық инфляция болса 5,7 процентти қурады.
Соған қарамастан, хызметлер инфляциясының жоқарылығы ҳәм азық-аўқат баҳаларындағы итималлы қәўип-қәтерлер пул-кредит сиясатын әмелдеги қатаң дәрежеде сақлап қалыўды талап етпекте.
2025-жыл даўамында ишки валюта базарындағы унамлы орталық ҳәм экспорт түсимлериниң артыўы нәтийжесинде миллий валюта - сум 6,9 процентке беккемленди.
Бул процесс импорт инфляциясы басымын төменлетиўге ҳәм сыртқы қарызға хызмет көрсетиў қәрежетлерин азайтыўға хызмет етти. Сондай-ақ, алтын баҳасының жоқарылығы экспорт ҳәм бюджет дәраматлары ушын әҳмийетли таяныш болып қалмақта.
Жаңаланған прогнозларға бола, 2026-жылдың жуўмағы менен инфляция 6,5 процент әтирапында болыўы, экономикалық өсиў пәтлери болса 6,5-7 процентти қураўы күтилмекте.
Орайлық банк келеси шереклерде инфляциялық күтилмелер турақлы төменлеген жағдайда, тийкарғы ставканы төменлетиў имканиятын көрип шығыўы мүмкин. Тийкарғы мақсет - орта мүддетте инфляцияны 5 процентлик таргет дәрежесине түсириў ҳәм халықтың сатып алыў қәбилетин қорғаў болып есапланады. Регулятор басқармасының тийкарғы ставка бойынша гезектеги мәжилиси 2026-жыл 18-март күнине белгиленди.