Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген бул орай тарийхымызда биринши мәрте ислам цивилизациясының бийбаҳа мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўға бағышланған сийрек ушырасатуғын экспонатлар, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў бағдарларын бир жерге жәмлеген комплекс болды.
Саўлатлы комплекс миллий архитектуралық дәстүрлер ҳәм заманагөй безеў усылларының үйлесимлилигинде қурылған. Оның төрт тәрепинде бийиклиги 34 метрли порталлар, орайлық бөлегиниң үстинде бийиклиги 65 метрли гүмбез қурылған.
Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон Президент Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте ислам дүньясының ең уллы руўхый естеликлеринан бири - Усман мушафы сақланып атырған Қураны кәрим залына барды. Қуранның ең әййемги қолжазбалары қатарына киретуғын бул бийбаҳа нусқа айрықша тарийхый ҳәм мәдений әҳмийетке ийе болып, регионымыз халықларының цивилизациялық өзлигин қәлиплестирген терең руўхый дәстүрлердиң дәлийли болып есапланады.
Президентлер, сондай-ақ, "Исламға шекемги цивилизациялар", "Биринши Ренессанс дәўири", "Екинши Ренессанс дәўири" ҳәм "Жаңа Өзбекстан - жаңа Ренессанс" бөлимлери менен танысты.
Оларда уллы бабаларымыз - Имам Бухарий, Имам Термизий, Абу Мансур Мотуридий, Баҳауддин Нақшбандий ҳәм басқа да уллы ойшыллардың бай илимий-ағартыўшылық мийрасы кеңнен сәўлелендирилген. Экспозицияда, сондай-ақ, саманийлер, қараханийлер, хорезмшаҳлар, темурийлер ҳәм басқа да династиялар дәўирине тийисли қолжазба басылымлар, олардың ески өзбек тилине аўдармалары да орын алған.
Жетекшилер регион мәмлекетлери арасындағы мәдений-цивилизациялық байланысларды беккемлеў, ағартыўшылық жойбарларды алға қойыў ҳәм улыўма гуманитарлық қәдириятларды қәлиплестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Өзбекстанның бай улыўмалық мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бағдарындағы кең көлемли ҳәрекетлерине жоқары баҳа берилди. Орай регион еллериниң илимий, билимлендириў ҳәм мәдений бирге ислесиўи ушын жаңа шеклерди ашып беретуғын заманагөй изертлеў орайы болып хызмет ететуғынына исеним билдирилди.









