Жойбардың мақсети - Өзбекстан ҳәм Италия арасында мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, мәмлекетлеримиз медицина қәнигелери ушын Европада қәўипсиз ҳәм нызамлы мийнет шараятларын жаратыўдан ибарат.
Усы жылдың май айында Италия Бас министри Джорджи Мелонидиң Өзбекстанға рәсмий сапары шеңберинде миграция ҳәм мобиллик мәселелери бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылған еди.
Буннан тысқары, июль айында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент инвестициялық форумында қатнасқан Ломбардия ўәлаяты губернаторы Аттилио Фонтана менен ушырасыўда аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәселелерин додалады.
Ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Миграция агентлиги басшылары Италияға әмелий сапар менен барып, Ломбардия губернаторы Аттилио Фонтана, Италия денсаўлықты сақлаў министри Гвидо Бертолазо, сондай-ақ, бир қатар шөлкем ҳәм компаниялардың ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерди.
Сөйлесиўлер жуўмағында мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиў бойынша бес жыллық бағдарлама ислеп шығылды. Оған муўапық, 2026-жылы 3,5 мың орта медицина хызметкерин таярлаў режелестирилген.
Бул сынақ жойбары шеңберинде Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларынан 10 орта буўын қәнигеси алдыннан тилге таярлық көрмей, Италияда 3 айлық жоқары ҳақы төленетуғын жумысқа киристи. Жумыс даўамында итальян тилин үйренеди, жергиликли денсаўлықты сақлаў системасы менен танысады.
Бул сынақ бағдарламасының тийкарғы ўазыйпасы еки мәмлекеттиң медицина системасы арасындағы өзгешеликлерди үйрениў, жумыс усылларын салыстырыў ҳәм келешектеги интеграция тийкарларын жаратыўдан ибарат. Сондай-ақ, лингвистикалық таярлық ҳәм бейимлесиў ушын зәрүр болған мүддет белгиленеди.
Италиялы қәнигелер болса өзбекстанлы медицина хызметкерлериниң маманлығын баҳалайды. Биринши топар Өзбекстанға қайтқаннан соң кәсиплик талапларды есапқа алған ҳалда биргеликтеги оқыў бағдарламасы ислеп шығылады. Бул бағдарлама шеңберинде 3 мың 500 медицина хызметкери Өзбекстанда оқытылады ҳәм Италияда жумыс пенен тәмийинленеди.
Италияның жетекши ғалаба хабар қураллары бул басламаны "бирге ислесиў ҳәм инсан потенциалын раўажландырыў модели" деп атады. Сондай-ақ, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасы жоқары баҳаланып, маман қәнигелерге талап артып атырғаны атап өтилди.
Миграция агентлиги бул бағдардағы жумысларды даўам еттириў ҳәм келешекте медицина қәнигелерин жумыс пенен тәмийинлеў бойынша Европа мәмлекетлери менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў нийетинде.
Бул баслама мийнет миграциясы тараўында инсаныйлық ҳәм системалы қатнасты енгизиў, қәнигелеримиздиң халықаралық мийнет базарында мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған.




