Сөйлесиўлер даўамында тәреплер Өзбекстан пуқараларын Болгарияға шөлкемлескен түрде жумысқа жайластырыў, қәнигелерди таярлаў процесслери, сондай-ақ, лицензияланған жеке меншик бәнтлик агентликлери менен бирге ислесиў механизмлерин додалады.
Болгария тәрепи транспорт ҳәм логистика тараўында кадрларға талап бар екенлигин мәлим етти.
Диагностика үскенелери ҳәм электрон системалардан пайдаланған ҳалда қысқа ўақытлы бейимлесиўден кейин жумысқа кирисе алатуғын механик ҳәм техникалық қәнигелердиң маманлығы ҳәм атқаратуғын ўазыйпаларына қарап, 2500 евроға шекем мийнет ҳақы алыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.
Айдаўшылар ушын Европа Аўқамы қағыйдаларына муўапық таярлықтан өтиў әҳмийетли шәрт болып есапланады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў, тәжирийбе-сынақ жойбарын баслаў ҳәм қәнигелер таярлаў ушын арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойды.