Атап өтилгениндей, Сенат ағзаларының орынларда өз сайлаўшылары менен ушырасыўларында, соның ишинде, көшпели қабыллаўларда, Сенатқа келип түсип атырған мүрәжатларда ҳәм социаллық тармақларда мәмлекетлик уйымлар, кәрхана ҳәм шөлкемлер мийнет нызамшылығына жетерли дәрежеде әмел етпей атырғаны ақыбетинде соңғы ўақытлары пуқаралар тәрепинен наразылықлар билдирилмекте. Соны есапқа алып, бул мәселе Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен үйренилген.

Соның ишинде, 2023-2024-жылларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал ҳәм халық қабыллаўханаларына келип түскен бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықларына байланыслы мүрәжатларды үйрениў көрсеткениндей, айырым мәмлекетлик уйымлар, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң мүрәжатлар менен ислесиў жумысы қанаатландырарсыз болып қалмақта.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына усы мәселелер бойынша 167 314 мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар саны 2024-жылда (80 816) 2023-жылға (86 498) салыстырғанда дерлик 6 мыңға ямаса 7 процентке азайған болса да, мийнетке ҳақы төлеў және мийнет ҳәм бәнтлик тараўындағы басқарыўға байланыслы мәселелерге байланыслы мүрәжатлар саны артқан.

2024-жылы судларда көрилген ислер бойынша орынларда мийнет нызамшылығына әмел етпеў ақыбетинде ҳуқықы бузылған пуқаралар пайдасына жумыс бериўшилерден 166 млрд сум мийнет ҳақы, 22 млрд сум мәжбүрий прогул ушын ҳақы, 20 млрд сум руўхый зыян ҳәм 17 млрд сум мәмлекетлик бажы өндирилген болып, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм уйымлар айырым басшыларының нызамсыз буйрықлары нәтийжесинде жәми 225 млрд сум муғдарында ямаса 2023-жылға салыстырғанда 86 млрд сумнан көп муғдарда зыян жеткерилген.

Мийнет келиспеўшиликлериниң көпшилигин мийнет ҳақыны өндириў, жумысқа тиклеў, пуллы компенсация өндириў, мийнет дем алысы, жумысқа қабыл етиўди нызамсыз түрде бийкарлаў менен байланыслы келиспеўшиликлер қураған.

Халықтың ҳақылы наразылықларының көбейиўи, әдалатсызлық бойынша пуқаралардың шағымлары санының кескин артқаны сенаторлар тәрепинен сынға алынды.

Додалаў нәтийжесинде бул мәселе бойынша парламентлик сораў жибериў бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.