Регионда суў мәселелери додаланды

    2025-жыл 14-август күни Қазақстанның Астана қаласында Мәмлекетлер аралық суў хожалығын муўапықластырыў комиссиясының 90-мәжилиси болып өтти.

    Онда Суў хожалығы министри Ш.Хамраев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы қатнасты.

    Илажды Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары К.Бозумбаев рәсмий ашып берди.

    Мәжилисте Қазақстан Суў ресурслары ҳәм ирригация министри Н.Нуржигитов, Тәжикстан Республикасы Энергетика ҳәм суў ресурслары министриниң биринши орынбасары Д.Шоди ҳәм Түркменстан Суў хожалығы мәмлекетлик комитетиниң баслығы Д.Генджиев (онлайн) өзлериниң шығып сөйлеген сөзлери менен қатнасып, әҳмийетли мәселелер бойынша пикир билдирди.

    Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Хамраев Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёевтиң суў хожалығы тараўына айрықша итибар қаратып атырғанын атап өтип, усы жыл август айында Суў кодекси ҳәм Суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2025-2028-жылларға мөлшерленген бағдарламасы тастыйықланғанын айтып өтти.

    Мәжилисте регионымызда суўды үнемлейтуғын инновациялық технологияларды кең көлемде енгизиў мәселеси бүгинги күнде барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырғаны атап өтилди.

    Сондай-ақ, 2025-жылғы вегетация мәўсиминде бақланып атырған суў жетиспеўшилигин жумсартыў мақсетинде Өзбекстан тәрепинен әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

    2025-жыл вегетация мәўсими аўыр өткенине қарамастан Өзбекстан тәрепи Қазақстан алдындағы миннетлемелерин толық орынлағаны атап өтилди.

    Соның менен бирге, ирригация системаларын модернизациялаў мәселелерине бағышланған семинар шөлкемлестириў, трансшегаралық суў ресурсларын нәтийжели басқарыў бағдарында тәжирийбе алмасыў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў бойынша биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги билдирилди.

    Мәжилисте комиссияның атқарыўшы уйымлары есапланған "Әмиўдәрья" ҳәм "Сырдәрья" бассейнлери суў хожалығы бирлеспелери, Илимий-мәлимлеме орайы ҳәм секретариатының басшылары, сондай-ақ, Аралды қутқарыў халықаралық қоры атқарыў комитетиниң баслығы, Қырғыз Республикасының Қазақстандағы елшиси, Жәҳән банки, Азия Раўажланыў банки, Швейцария халықаралық бирге ислесиў шөлкеми, Германия халықаралық бирге ислесиў агентлиги, БМШ Европа экономикалық комиссиясы сыяқлы шөлкемлердиң жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

    Региондағы бар суў ресурсларынан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши Мәмлекет басшыларының саммитлеринен келип шығатуғын ўазыйпалар додаланды.

    Аралды қутқарыў халықаралық қорының шөлкемлестириўшилик структурасы ҳәм шәртнамалық-ҳуқықый базасын жетилистириў бойынша жумысшы топардың жумысы ҳаққындағы мәлимлеме мағлыўмат ушын қабыл етилди.

    "Әмиўдәрья" ҳәм "Сырдәрья" бассейнлери суў хожалығы бирлеспелери басшыларының Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бассейнлеринде 2025-жыл вегетация дәўири ушын суў сақлағышлардың лимитлери ҳәм ислеў режимлеринен пайдаланыў нәтийжелери ҳаққындағы есабатлары тыңланды.

    Соның менен бирге, Қазақстан ҳәм Өзбекстан тәреплери арасында 2026-жыл вегетация дәўири басланғанға шекем мәмлекет шегарасындағы Чордара суў сақлағышына суў кириўин биргеликте анықлаў мақсетинде биргеликтеги гидропост орнатыўға, сондай-ақ, гидромет хызметлери арасында ҳәрекетлерди муўапықластырыўды жақсылаў бойынша биргеликтеги илажлар көриўге келисип алынды.

    Мәжилис шеңберинде халықаралық финанс институтлары, соның ишинде, Азия раўажланыў банки ҳәм Жәҳән банки, сондай-ақ, басқа да сырт ел донор шөлкемлериниң ўәкиллери менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилди.

    Ушырасыўлар ўақтында сырт елли экспертлер менен трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў, гидротехникалық объектлерди автоматластырыў ҳәм санластырыў, сондай-ақ, усы бағдарларда әмелге асырылатуғын жойбарларды қаржыландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

    Қазақстан Республикасы Суў ресурслары ҳәм ирригация министрлигиниң ўәкиллери ҳәм Тәжикстан Республикасы Энергетика ҳәм суў ресурслары министрлигиниң басшылары менен 2025-жыл 30-май күни қол қойылған "Баҳри Точик" суў сақлағышының 2025-жыл июнь-август айларында жумыс режимин белгилеў бойынша қол қойылған Баянламаның орынланыў жағдайы қосымша түрде додаланды. Ушырасыў жуўмақлары менен барлық тәреплер Баянатта келтирилген мәселелердиң өз мүддетлеринде әмелге асырылыўы тәрепдары екенлигин атап өтти.

    Сондай-ақ, Түркменстан суў хожалығы мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Д.Ишанкулиев пенен Суў хожалығы мәселелери бойынша өзбек-түркмен Ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясының гезектеги мәжилисинде көрип шығылатуғын мәселелер бойынша сөйлесиў алып барылды.

    Мәмлекетлер аралық суў хожалығын муўапықластырыў комиссиясының гезектеги 91-мәжилисин Түркменстанда өткериўге келисип алынды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates