Өзбекстан Азия суў кеңесине ағза болады

    3 наурыз 2025 1454

    Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Шавкат Хамраев Камбоджа пайтахты Пномпен қаласында болып өткен Азия суў кеңеси директорлар кеңесиниң 22-мәжилисинде қатнасты.

    Мәжилис шеңберинде семинар ҳәм Қубла Корея жетекши компанияларының суўдан пайдаланыў тараўындағы алдынғы технологиялары ҳәм инновациялық шешимлерин көрсетиўши көргизбе болып өтти.

    Азия суў кеңеси директорлар кеңесиниң 22-мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Хамраев Өзбекстанның усы шөлкемге ағза болып кириўи ушын арза тапсырды. Мәжилис қатнасыўшылары бул басламаны қоллап-қуўатлады.

    Пномпенга сапары ўақтында Өзбекстан Суў хожалығы министри бир қатар рәсмий ушырасыўлар өткерди. Атап айтқанда, Азия суў кеңесиниң Президенти, K-water корпорациясының бас директоры Юн Сок Дэ менен сөйлесиўде бирге ислесиў перспективалары додаланды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates