Жәҳән банки атқарыўшы директорлар кеңеси ирригация ҳәм дренаж инфраструктурасын модернизациялаў, сондай-ақ, фермерлерге ирригация хызметлерин көрсетиўдиң сапасын арттырыў жойбарын әмелге асырыў ушын Өзбекстанға 200 миллион доллар муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратыўды мақуллады.
Жойбар мәмлекеттиң бес регионында суў шығынларын азайтыў ҳәм суўғарыў системаларының энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған. Өзбекстан ҳүкимети жойбарды биргеликте қаржыландырыў ушын қосымша 23,2 миллион доллар ажыратады.
Бул жойбар Жәҳән банкиниң Орайлық Азия мәмлекетлеринде суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм суў ресурсларын сақлаўға қаратылған регионаллық бағдарламасының биринши басқышы болады.
Банктиң атап өтилиўинше, Өзбекстанның қурғақ климаты ирригацияны аўыл хожалығы ушын турмыслық зәрүрликке айландырады, бул жалпы ишки өним ҳәм халықтың бәнтлигиниң дерлик 25 процентин қурайды. Суўдың тийкарғы бөлеги Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьядан алынып, кең тармақлы каналлар арқалы атызларға жеткерип бериледи. Аўыл хожалығы мәмлекеттеги барлық суў ресурсларының дерлик 90 процентин тутынғанлығы себепли, суўдан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпаға айланбақта.
Өзбекстанда музлықлар ағымының азайыўы, суў пуўланыўының артыўы, турақлы болмаған жаўын-шашын ҳәм қурғақшылықтың тезлесиўи себепли суў ресурсларының жетиспеўшилиги сезилерли дәрежеде күшейиўи күтилмекте. Прогнозларға бола, бул өзгерислер бар суў ресурсларының көлемин 30-40 процентке азайтыўы ҳәм соның менен бирге ирригация хызметлерине болған талапты 25 процентке арттырыўы мүмкин. Бул болса суў ресурсларына қосымша жүклеме болады.
Өзбекстанда ирригация инфраструктурасының үлкен бөлеги гөнерген, бул болса суўдың сезилерли дәрежеде жоғалтылыўына, ресурслардың аймақлар арасында теңсиз бөлистирилиўине ҳәм фермерлерге ирригация хызметлерин көрсетиў сапасының төменлигине алып келмекте.
Буннан тысқары, 2,4 миллион гектарға шамалас аўыл хожалығы жерлери (мәмлекеттиң барлық суўғарылатуғын майданының 56 проценти) насослар жәрдеминде суў жеткерип бериўге байланыслы. Буның ушын 1,7 мыңға шамалас насос станциялары жумыс ислейди, олар ҳәр жылы шама менен 7,2 миллиард кВт/саат электр энергиясын пайдаланады - бул мәмлекеттиң улыўма энергия тутыныўының дерлик 16 процентин қурайды.
"Жаңа жойбар арқалы Жәҳән банки Өзбекстан суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясын әмелге асырыўда ҳүкиметке жәрдем береди. Онда, соның ишинде, ирригация тараўында суў ҳәм энергияны үнемлейтуғын инфраструктураны раўажландырыў нәзерде тутылған. Режелестирилген жойбар илажлары аўыл хожалығы өнимдарлығын арттырыўға, суўдан пайдаланыўшылардың абаданлығын жақсылаўға, сондай-ақ, ирригация ҳәм агросанаат тараўларында жаңа жумыс орынларын жаратыўға жәрдем береди," - деди Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша директоры Татяна Проскурякова.
Суў хожалығы министрлиги жойбарды Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Қашқадәрья, Наманган ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында әмелге асырыў ушын жуўапкер болады. 2031-жылға барып бул аймақларда ирригация ҳәм дренаж инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм көрсетилип атырған хызметлерди жетилистириў арқалы суў хожалығы секторының нәтийжелилиги сезилерли дәрежеде артыўы күтилмекте.
Режелестирилген жойбар илажлары арасында:
Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья менен байланысқан ҳәм көрсетилген аймақлардан өткен сегиз ири магистраль каналдың 259 км узынлығын бетонлаў. Буның ушын заманагөй суўды үнемлейтуғын материаллар, соның ишинде, геомембраналардан пайдаланылады;
өз бетинше ағатуғын суў тәмийнатын тәмийинлеў ҳәм илажы барынша насослардан пайдаланыў зәрүрлигин азайтыў ушын каналлар арнасын қайта профиллеў ҳәм олардың қәддин көтериў;
көрсетилген каналлар бойлап суў бөлистирилиўин қадағалаў дәрежесин арттырыў ушын 470 ке жақын гидротехникалық қурылмаларды қурыў;
суў өлшегишли басқарылатуғын суў таслағышларды орнатыў, сондай-ақ, суў тәмийнаты процесслерин басқарыў ушын диспетчерлик басқарыў ҳәм мағлыўматларды жыйнаў системасын (SCADA) енгизиў.
Жойбардан күтилип атырған нәтийжелер:
232 мың гектар майданда ирригация хызметлериниң сапасын арттырыў, бул жерлерде аўыл хожалығы өнимдарлығын арттырыў имканиятын береди;
180 000 суўдан пайдаланыўшылар, соның ишинде, 80 000 ҳаял-қызлар ушын суўғарыў хызметлеринен және де исенимли пайдаланыўды тәмийинлеў;
жыллық суў шығынларын шама менен 540 миллион куб метрге қысқартыў, бул болса суўдан және де ақылға уғрас пайдаланыўға жәрдем береди;
жылына 165 миллион кВт/сааттан аслам электр энергиясын үнемлеў имканиятын береди, бул болса ирригация тараўында энергия нәтийжелилигин арттырады ҳәм эксплуатация қәрежетлерин азайтады.