Президент Шавкат Мирзиёевтиң "Мотуридия - кеңпейиллик, турақлылық ҳәм ағартыўшылық тәлийматы" атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция қатнасыўшыларына қутлықлаўы

    "Мотуридия - кеңпейиллик, турақлылық ҳәм ағартыўшылық тәлийматы" атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция қатнасыўшыларына

    Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары, ҳүрметли мийманлар!

    Дәслеп, сиз, әзизлерди илим-ағартыўшылық ҳәм раўажланыўға үлкен үлес қосқан Өзбекстан жеринде, оның ең әййемги қалаларынан бири - әййемги Самарқандта уллы ойшыл Имам Абу Мансур Мотуридий туўылғанының 1155 жыллығына бағышлап өткерилип атырған халықаралық конференцияның ашылыўы менен шын кеўилден қутлықлайман.

    Жанажан Ўатанымызға, уллы алым ҳәм ойшыллар жери болған гоззал Самарқанд қаласына хош келдиңиз!

    “Калом илмининг султони”, “Мусулмонлар эътиқодини тузатувчи” деген жоқары ҳүрметке ерискен Имам Мотуридий орта әсирлерде - идеялық гүреслер ҳәўиж алған оғада қыйын дәўирде ислам дининиң адамгершилик мәнисин кеңнен ашып беретуғын бийбаҳа илимий-ағартыўшылық шығармалар жаратқаны, ҳәр қыйлы зыянлы ағымлар ҳәм жаўызлыққа қарсы мәртлерше гүрес алып барғаны, әлбетте, ҳақыйқый руўхый мәртлик үлгиси болып есапланады.

    Уллы ўатанласымыз тийкар салған мотуридия мектеби ҳәм тәлийматы болса исеним бағдарында әсирлер даўамында кеңпейиллик, турақлылық ҳәм ағартыўшылық тымсалы болып киятырғаны мақтаўға ылайық.

    Бул мәңгилик тәлиймат муқаддес динимиздиң жақсы идеяларын қәлбекилестириў, олардан ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўға қаратылған бузғыншы ҳәрекетлер жаңа түрлерде даўам етип атырған бүгинги күнде және де айрықша әҳмийетке ийе болып атырғанын сиз, ҳүрметли конференция қатнасыўшылары, әлбетте, жақсы түсинесиз ҳәм биз оны жоқары қәдирлеймиз.

    Ҳүрметли дослар!

    Жаңа Өзбекстанда ислам цивилизациясының раўажланыўына бийбаҳа үлес қосқан уламалардың үлгили өмир жолы ҳәм бай илимий-руўхый мийрасын ҳәр тәреплеме терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларды Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

    Елимизде Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Имам Термизий сыяқлы уллы ойшылларымыздың атлары менен аталатуғын халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы жумыс алып бармақта.

    Өткен қысқа ўақыт ишинде усы илимий орайлар тәрепинен Қураны кәрим ҳәм басқа да муқаддес диний дәреклердиң сырт ел фондларында сақланып атырған сийрек ушырасатуғын қолжазбалары табылып, олардың нусқалары елимизге алып келингени, илим ҳәм ағартыўшылықтың раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы инсанлардың көплеген шығармалары өзбек тилине аўдарылғаны бул тараўда алып барылып атырған жумыслардың көлеминен дәрек береди. Соның ишинде, Имам Мотуридийдиң “Таъвилот ал-Қуръон” ҳәм “Китоб ат-тавҳид” китаплары биринши мәрте өзбек тилине аўдарылып, кең жәмийетлик итибарына усынылғанын атап өтиў керек.

    Биз халықаралық илимий-изертлеў мәкемелери, сизлер сыяқлы мусылман дүньясында үлкен абырайға ийе болған илимпазлар менен биргеликте Имам Мотуридийдиң көп қырлы өмир жолы ҳәм илимий мийрасын, бул тәлийматтың бүгинги күндеги әҳмиетин және де терең үйрениўге айрықша итибар қаратпақтамыз.

    Усы мақсетте Имам Мотуридийдиң 1155-жыллық туўылған сәнесин кеңнен белгилеў ҳаққында қарар қабыл етип, бул бағдарда әмелге асырылатуғын жумыслар, соның ишинде, уллы ойшыл бабамыздың Самарқандтағы естелик комплексин кеңейтип, және де абат зыярат орнына айландырыў бойынша ўазыйпаларды анық белгилеп алдық.

    Бизге белгили, 2020-жылы Самарқанд қаласында өткерилген халықаралық конференция қатнасыўшыларының усынысы тийкарында Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанында Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилген еди.

    Бүгинги күнде уллы бабамыз қалдырған бай илимий-ағартыўшылық мийрастың әҳмийети дүнья көлеминде барған сайын артып баратырғанын есапқа алып және бул Орайдың статусын ҳәм абырайын және де арттырыў мақсетинде, жақында қол қойылған Пәрманға муўапық, Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы Министрлер Кабинети жанында қайта шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтпекшимен.

    Бул орай Имам Мотуридий ҳәзиретлериниң ислам дининиң раўажланыўына қосқан бийбаҳа үлеси ҳәм мотуридия тәлийматын терең үйрениўде дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлериндеги илимпаз ҳәм уламаларды бирлестиретуғын халықаралық платформа болып хызмет етеди, деп исенемен.

    Пурсаттан пайдаланып, өз өмирин мине усындай ийгиликли иске бағышлап киятырған сиз, әзизлерге Имам Мотуридий ҳәм Өзбекстан жеринен жетисип шығып басқа да уллы ойшылларымыздың бай илимий-диний мийрасын үйрениў жолындағы машақатлы мийнетиңиз, излениў ҳәм изертлеўлериңиз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирип, бәршеңизге беккем денсаўлық, келеси жумысыңызда жаңа табыслар, конференция жумысына болса табыслар тилеймен.

    Шавкат Мирзиёев,

    Өзбекстан Республикасы Президенти