Ҳәр жылы өткерилетуғын Доха форумы майданында Өзбекстан тәрепинен алға қойылған баслама - Термиз қарым-қатнасына бағышланған арнаўлы сессия болып өтти

    Дохада халықаралық тенденциялар, дипломатиялық басламалар ҳәм турақлы раўажланыў стратегияларын додалаў ушын жетекши глобал платформа - ҳәр жылы өткерилетуғын Доха форумы өз жумысын жуўмақлады.

    2002-жылы шөлкемлестирилгенинен берли форум дүнья жетекшилери, халықаралық шөлкемлер, таллаў орайлары ҳәм академиялық жәмийетшилик ўәкиллерин бирлестиретуғын мәканға айланды. 2025-жылы "Әдиллик әмелде: ўәделерден раўажланыўға қарай" темасында өткерилетуғын илаж дүньяның 150 мәмлекетинен сегиз мыңға шамалас қатнасыўшыны жыйнады.

    Форумда тийкарғы итибар дүня қурылысы, регионаллық байланыслылық ҳәм турақлы раўажланыў мәселелерине қаратылды. Бул глобал додалаў орайында Өзбекстан тәрепинен алға қойылған ҳәм Аўғанстанды жедел тартыў арқалы Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықтың жаңа архитектурасын қәлиплестириўге қаратылған Термиз қарым-қатнасына бағышланған арнаўлы сессия айрықша орын иеледи.

    Сессия Өзбекстан Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) тәрепинен Қатардағы Жоржтаун университети филиалының Халықаралық ҳәм регионаллық изертлеўлер орайы менен биргеликте өткерилди.

    Өзбекстан Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев, Аўғанстан Сыртқы ислер министрлиги жанындағы Стратегиялық изертлеўлер орайының директоры Абдул Хай Канит, Қатар сыртқы ислер министриниң арнаўлы ўәкили Файсал Абдуллоҳ Ал-Хензаб, сондай-ақ, Қатардағы Жоржтаун университетиниң тарийх бойынша профессоры Валид Зиёд сөйлесиўлердиң қатнасыўшылары болды.

    Додалаўды Халықаралық ҳәм регионаллық изертлеўлер орайының директоры Заҳра Бабар алып барды.

    Сессияда шығып сөйлеген СРИИ директоры Э.Арипов илаждың усындай абырайлы платформа шеңберинде өткерилиўи Өзбекстанның трансрегионаллық процесслердиң интакери ҳәм драйвери сыпатындағы орны артып баратырғанының тән алыныўы екенин атап өтти. Халықаралық жәмийетшилик тәрепинен Термиз сөйлесиўине итибар, деп атап өтти ол, Аўғанстанның конструктивлик қатнасыўысыз Орайлық ҳәм Қубла Азияда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм экономикалық раўажланыўдың турақлы архитектурасын қәлиплестириў мүмкин емеслигин түсиниўди сәўлелендиреди.

    Э.Арипов форум шөлкемлестириўшилерине терең миннетдаршылық билдирип, кейинги жылларда Аўғанстан бойынша дипломатияда тийкарғы дәлдалшылардан бирине айланған Қатардың ролин айрықша атап өтти. Оның атап өтиўинше, Қатар майданы сиясий емес, профессионал ҳәм ашық сөйлесиў ушын айрықша шараят жаратпақта.

    Басламаның мазмун-мәниси ҳаққында сөз етип, Институт директоры Термиз сөйлесиўи тек ғана экспертлик платформа емес, ал Аўғанстанда халықаралық қатнасықтың жаңа философиясын қәлиплестиретуғын стратегиялық концепция екенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, бул философияның тийкарында Өзбекстан Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң сыртқы сиясатындағы әҳмийетли қатнасы жатады: турақлылыққа басым ҳәм жеккелениў арқалы емес, ал раўажланыў, өз-ара байланыслылық ҳәм бирге ислесиў арқалы ерисиледи. Термиз қарым-қатнасы жумыс орынлары, транспорт коридорлары, билимлендириў имканиятлары, гуманитарлық бағдарлар ҳәм узақ мүддетли экономикалық стимуллар жаратылған жерде тынышлық күшейеди, деген исенимнен келип шығады.

    Э.Арипов Өзбекстан кейинги жыллары Аўғанстан бойынша прагматикалық, экономикалық тийкарланған шешимлерге итибар қаратып, халықаралық күн тәртибин өзгертиўге салмақлы үлес қосқанын атап өтти. Өзбекстанның "Айритом" халықаралық саўда орайын шөлкемлестириўден баслап БМШтың гуманитарлық хабын ҳәм билимлендириў бағдарламаларын иске қосыўға шекемги басламалары регионаллық жуўапкершиликке тийкарланған әмелий көзқарастың нәтийжелилигин көрсетти. "Бул Аўғанстанның раўажланыўы пүткил Орайлық Азия - Қубла Азия макроаймағының қәўипсизлиги ҳәм турақлы өсиўиниң тийкарғы факторы екени ҳаққында улыўма түсиникти қәлиплестириў имканиятын берди", - деди ол.

    Сөзге шығыўшы сөйлесиў орайы ретинде Термиз қаласының таңланғанына айрықша итибар қаратты. Термиз тарийхый цивилизациялар кесилиспеси, стратегиялық транспорт түйини ҳәм экономикалық бирге ислесиў ушын заманагөй майдан екенин атап өтти.

    Э.Арипов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бул басламаның стратегиялық мақсети - Аўғанстан тәбийғый байланыстырыўшы халқа ўазыйпасын атқаратуғын "Орайлық Азия - Қубла Азия" өз-ара байланыслы кең мәканын жаратыў екенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, глобал тәшўишлер ҳәм геосиясий бөлеклениў шараятында әйне өз-ара байланыслылық турақлылықтың жаңа дәрегине ҳәм өзине тән "дүньяға инвестиция"ға айланбақта. Регионаллық транспорт коридорларын раўажландырыў, тәртип-қағыйдаларды үйлестириў, саўда ағымларын санластырыў, билимлендириў ҳәм энергетика жойбарларының синергиясы бул макроаймақты Евроазия регионының тийкарғы өсиў мәканларынан бирине айландырыў имканиятын береди.

    Э.Арипов Термиз сөйлесиўиниң гезектеги мәжилиси келеси жылдың бәҳәринде өткерилиўи режелестирилип атырғанын мәлим етти. Ол Өзбекстан турақлы экспертлик-дипломатиялық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын ҳәрекетлерди бирлестириўди даўам еттиретуғынын атап өтти. Тараў қәнигелери арасында турақлы пикир алысыўды тәмийинлеў ҳәм анық нәтийжелерге тез пурсатта ерисиўге қаратылған әмелий усынысларды қәлиплестириў имканиятын беретуғын "Аўғанстан - Орайлық Азия" арнаўлы экспертлик бағдарламасын иске қосыў келеси қәдем сыпатында қаралмақта.

    Сөзиниң жуўмағында СРИИ директоры барлық мәпдар бирге ислесиўшилерди Термизге барып, Термиз сөйлесиўиниң бир бөлеги болыўға мирәт етти ҳәм "бүгинги күнде бул баслама тек ғана процесс емес, ал регион мәмлекетлериниң ашық-айдынлығы, өз-ара пайдасы ҳәм улыўма келешеги ушын жуўапкершилигине тийкарланған дүньяның стратегиялық көзқарасы" екенин атап өтти.

    Өз гезегинде, Аўғанстан тәрепи Өзбекстанның регионда узақ мүддетли қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

    - Өзбекстан қәўипсизлик мәселелерин сиясатластырыўға емес, ал экономикалық сөйлесиў ҳәм регионаллық байланысларға тартыўға тийкарланған конструктивлик ҳәм Қабул ушын ең мақул көзқарасты көрсетти, - деп есаплайды Аўғанстан Сыртқы ислер министрлиги жанындағы Стратегиялық изертлеўлер орайының директоры Абдул Хай Канит. Бул, оның айтыўынша, саўда, транзит байланысларының артыўына, адамлар арасындағы байланыслардың кеңейиўине хызмет етти.

    Аўған дипломатының атап өтиўинше, "Аўғанстанның ҳәзирги сыртқы сиясий концепциясы халықаралық жәмийетшилик пенен экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм регионаллық байланысларға интеграцияласыўға қаратылған".

    Қатар сыртқы ислер министриниң арнаўлы ўәкили Файсал бин Абдуллоҳ ал-Ханзаб та Өзбекстанның Аўғанстан ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасындағы өз-ара байланыс каналларын сақлап қалыўға қаратылған басламаларын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

    Мәмлекетлердиң өз-ара байланыслылық ҳәм аймақлараралық интеграцияны беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин бирлестириўге хызмет ететуғын Термиз қарым-қатнасының әҳмийети айрықша атап өтилди.

    Жоржтаун университетиниң профессоры Валид Зиёд бул пикирди қоллап-қуўатлап, Орайлық ҳәм Қубла Азия тарийхый жақтан бир пүтин мәдений, экономикалық ҳәм интеллектуаллық байланыслылық мәканы болып, оның орайында Аўғанстан турғанын атап өтти.

    Усы мүнәсибет пенен, оның сөзлерине бола, Өзбекстан Президентиниң конструктивлик регионаллық сиясаты жойтылған байланыслылықты тиклеў ушын имканиятлар ашты.

    Өзбекстанның Аўғанстанға тийкарынан келиспеўшиликлер ҳәм қәўип-қәтерлер көзқарасынан қараў бойынша гөнерген геосиясий үлгилерден ўаз кешиўге байланыслы позициясына айрықша итибар қаратты. Оның сөзлерине бола, регионның узақ мүддетли турақлылығы Аўғанстанды регионаллық процесслердиң толық қатнасыўшысы сыпатында тән алыў, гуманитарлық, билимлендириў ҳәм мәдений тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўди талап етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates