Аймақта әмелге асырылған салмақлы жумыслар экономиканың раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығында көринбекте. Кейинги сегиз жылда ўәлаятқа 7 миллиард доллар сырт ел инвестициясы киргизилген, 8 мыңға шамалас жаңа кәрхана иске қосылған. Экспорт етилип атырған өнимлердиң түри 2 есеге көбейип, 1 мыңнан артқан.
Мийнетке жарамлы халықтың 82 проценти киши бизнес ҳәм исбилерменлик арқалы күн көрмекте. Халықтың реал орташа дәраматы 3 есеге артып, 15,5 миллион сумға жетти. Әҳмийетлиси, бундай өзгерислерди наманганлылар өзиниң күнделикли турмысында сезинбекте.
Мәжилисте бул пәтти даўам еттирип, нәтийжелиликти және де арттырыў имканиятлары талланды. Атап айтқанда, жылдың ақырына шекем 4 миллиард 200 миллион доллар инвестиция алып келиў, экспортты 1 миллиард долларға жеткериў, 323 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў, 26 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў ўазыйпасы атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы мәҳәллелерди абат етиў бойынша әҳмийетли басламаны алға қойды. Оған бола, елимизде "Раўажланыў ҳәм жетекшилик мәканы" бағдарламасы әмелге асырылады. Бул бағдарламаға Ферғана, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы 4 еўден, қалған аймақлардағы 2 еўден район, сондай-ақ, республика бойынша ең "аўыр" 328 мәҳәлле киргизиледи.
Ең жақсы үлги көрсетип, халқын разы еткен аймаққа "Президент районы" ҳәм "Президент мәҳәллеси" статусы берилип, оларға және қосымша имканиятлар усынылады.
Қысқа ўақыт ишинде Наманганда кәмбағаллық 2,5 есеге азайған. Исбилерменлик жойбарларының көбейгени, орташа айлық 4,5 миллион сумға жеткени есабынан еки жылда миграциядағы 62 мың адам қайтқан.
Реформалар штабына ўәлаяттағы сулыў орынлар бойынша мастер-реже ислеп шығып, әмелге асырылатуғын жойбарлар есабынан кейинги жылы 50 мың адамды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў тапсырылды. Поп, Тўрақўрғон, Уйчи, Учқўрғон ҳәм Чусттан өткен дәрья ҳәм сай аңғарларының 40 километр бөлегинде де 650 сервис объектин қурып, 10 мың адамды дәраматлы етиў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.
Бүгинги күнде ўәлаят санаатының үштен бир бөлеги, экспортының ярымы тоқымашылық тараўына туўра келеди. Наманганлы исбилерменлер бренд пенен ислесиў бойынша республикада жетекши.
Инвестиция алып келиў ҳәм брендлер менен бирге ислесиўди кеңейтиў ушын бир айда ўәлаятта өз алдына жойбарлаў офиси ашылады. Халықаралық сертификат алған текстиль кәрханалары 50 ге жеткериледи.
Жуўапкерлерге жылдың ақырына шекем Варшава ҳәм Лондонда кеминде 1 мың квадрат метрлик саўда үйлерин шөлкемлестириў тапсырылды. Улыўма етип айтқанда, ўәлаятта быйыл тоқымашылық өнимлериниң экспортын 500 миллион долларға жеткериў, еки жылда 1 миллиард долларлық 25 ири жойбарды иске қосыў мүмкин екени атап өтилди.
Жыл басынан берли ўәлаятқа 1 миллион 200 мың сырт ел, 2 миллион жергиликли турист келген, туризм экспорты 200 миллион доллардан артқан.
Соған сәйкес түрде туризм инфраструктурасын да раўажландырыў керек. Бирақ Намангандағы ең тартымлы аймақлардан бири - Чартақ районының имканиятлары толық иске қосылмай атыр. Туристлер ушын онлайн мағлыўмат алыў, орынды алдыннан бәнт етиў, мәдений дем алыў сыяқлы әпиўайы хызметлер де жолға қойылмаған.
Соның ушын, Чартақ жыл даўамында хызмет көрсететуғын ойпатлықтың туризм хабына айландырылатуғыны айтылды. Бундай жойбарлар инфраструктурасы ушын 50 миллион доллар ажыратылады.
Жәҳән банки менен Орта қалаларды раўажландырыў жойбары шеңберинде быйыл "Фурқат" бағы реконструкцияланып, аймағы дерлик 2 есеге кеңейтиледи. Чартақсай бойлап 11 километр узынлықта пиядалар ҳәм велосипед жоллары қурылады.
Жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Чартақсай ҳәм Үлкен Наманган каналының жағаларының 7 километри бетонластырылып, 30 гектар жер пайдалы майданға айландырылады. Бул жердеги көп жыллық бағлар менен үйлескен ҳалда санаторий типиндеги ири сервис объектлери қурылады.
"Чартақ" суў сақлағышы әтирапындағы 60 гектарда туризм комплекси, мийманхана, ресторан, дем алыў ҳәм кеўилашар орынлар шөлкемлестириледи. Поп районындағы Арашан көли әтирапында 1 мың 200 гектар майданда жылына 1 миллион туристти қабыллайтуғын ири туризм комплекси қурылады.
Тараў ушын кадрлар таярлаў мақсетинде кейинги оқыў жылынан Австрияның Кремс университети менен Наманган мәмлекетлик университетинде қоспа факультет шөлкемлестириледи.
Президентимиз социаллық инфраструктураны раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Үйши, Үшқорған ҳәм Нарын районларын ўәлаят орайы ҳәм басқа да районлар менен байланыстыратуғын тийкарғы жол тығылыс болып киятырған еди. Сол себепли, 63 миллиард сум есабынан Нарын дәрьясы үстинен 480 метр узынлықтағы жаңа көпир қурылмақта.
Сондай-ақ, Қарадәрья үстинде 63 жыл алдын қурылған Наманган ҳәм Әндижан ўәлаятларын байланыстырыўшы 180 метрлик ески көпирди реконструкциялаў басланды. Буның нәтийжесинде транспорт қатнаўы 2 есеге артады, жолға кететуғын ўақыт 1,5 есеге қысқарып, тығылыс азаяды. Бул көпирлер келеси жылы иске түсириледи.
Ўәлаят орайын пайтахт пенен байланыстыратуғын, күнине 15 мың транспорт ҳәрекетленетуғын "Пунгон-Наманган" жолының 75 километри реконструкцияланады. Бул жол 246 миллион доллар есабынан 4 полосалы, бетон қапламалы етип қурылады.
Ўәлаяттағы 30 мәҳәллеге орайласқан ишимлик суўы жетип бармағаны, тармақлардың 21 проценти оңлаўға мүтәж екени көрсетип өтилди. Канализацияға байланыслы мәселелер бойынша да мүрәжатлар көп.
Соның ушын быйыл ўәлаятта суў системасын жақсылаўға 800 миллиард сум ажыратылды. Жуўапкерлерге жылдың ақырына шекем 130 километр суў ҳәм канализация тармағы, 11 суў объектиниң қурылысын жуўмақлап, пайдаланыўға тапсырыў ўазыйпасы қойылды.
Наманган қаласының халқын ишимлик суў менен тәмийинлейтуғын 70 жыл бурын қурылған "Курашхана" суў имараты бүгинги күнде 50 проценттен аз қуўатлылықта ислемекте. Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте бул имарат реконструкцияланатуғыны белгиленди.
Жақында Наманган халқы бир миллионлы қалаға айланады. Бул шараятта бақшаларды көбейтиў оғада әҳмийетли екени атап өтилди.
Бул бағдарда исбилерменлерге бир қатар жеңилликлер жәрияланған еди. Олардан үнемли пайдаланып, Наманган қаласында быйыл 5 мың, келеси жылы 15 мың орынлық бақша шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ўәлаяттағы 49 техникумда сырт ел стандартлары ҳәм дуал билимлендириў енгизилетуғыны айтылды.
Кейинги үш айда "Фаол ҳаётга қадам" бағдарламасы шеңберинде 3 мыңға шамалас жәрдемге мүтәж инсанларға қараў хызмети жолға қойылды. Нәтийжеде бул менен бәнт болған 350 адам жумысқа жайластырылды. Социаллық қорғаў миллий агентлигине енди деменция ҳәм Паркинсон кеселлигинен аўырған адамлар ушын да күтип турыў хызметин жолға қойыў тапсырылды.
- Бүгин сизлер менен қала ҳәм районларды раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў бойынша жаңа шеклерди белгилеп алдық. Егер бирлессек, буннан да үлкен нәтийжелерге ерисе аламыз. Жумыстың көзин билетуғын, исбилермен ҳәм мийнеткеш наманганлылар менен ўәлаятты елимиздиң ең абат ҳәм абадан аймақларынан бирине айландырамыз, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте белгиленген ўазыйпалар бойынша аймақ ҳәм тармақлардың басшылары мәлимлеме берди, исбилерменлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен сөйлесиў болды.












