Кластерде пахта жетистириўден баслап оны терең қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыўға шекемги қосымша қун шынжыры толық қәлиплестирилген. Атап айтқанда, пахта ҳәм туқымгершилик, май ислеп шығарыў, талшық ҳәм ийирилген жип таярлаў, таяр кийим-кеншек ислеп шығарыў бойынша 25 миллион долларлық жойбарлар әмелге асырылған. Аўыл хожалығы ҳәм санаат интеграциясына тийкарланған бундай қатнас жоқары қосымша қун жаратыў имканиятын береди.
Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде кәрхана жылына 5,5 мың тонна ийирилген жип ҳәм 1 миллион дана таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болды. Бул көрсеткишлер 10 миллион долларлық экспорт потенциалын тәмийинлеп, кластердиң ишки ҳәм сыртқы базардағы орнын беккемлеўге тийкар жаратады.
Кәрхана жумысының және бир әҳмийетли тәрепи - халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге үлес қосыў. Ҳәзирги ўақытта 1 мың турақлы жумыс орны жаратылған болып, мәўсимлик жумыслар дәўиринде қосымша 3 мың адамның бәнтлиги тәмийинленген.
"Мароқанд сифат" кластериниң қайта исленген тоқымашылық шығындысынан ийирилген жип ислеп шығарыўға қәнигелескен кәрханасы алдынғы ҳәм нәтийжели басламалардан бири болып есапланады.
Жойбар шеңберинде биолаборатория ҳәм тигиўшилик цехлары жумыс алып бармақта. Бул жерде өндирис процесинде пайда болатуғын шығындыларды қайта ислеўге айрықша итибар қаратылады.
Атап айтқанда, тигиў цехларында пайдаланылған гезлеме қалдықлары тасланбайды. Заманагөй жоқары тезликте ислейтуғын үскенелерде олар қайта исленип, ийирилген жип формасына қайтарылады. Бул бағдардағы жыллық талшық ислеп шығарыў қуўатлылығы 5 мың тонна. Бул ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў көзқарасынан үлкен әҳмийетке ийе.
Бул жойбардың улыўма баҳасы 7 миллион доллар болып, 3,3 гектар майданда жайласқан. Кәрханада 500 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Соның менен бирге, өндиристе энергияны үнемлейтуғын технологиялардың бар екенлиги оның экономикалық нәтийжелилигин және де арттырады.
Ҳәзирги ўақытта кәрхана аймағында қуяш панеллери орнатылған болып, бул өндирис процесинде қайта тиклениўши энергия дәреклеринен нәтийжели пайдаланыў имканиятын бермекте. Бул кәрхананың энергия жумсалыўын азайтыў менен бирге, "жасыл экономика" принциплерин әмелге асырыўға хызмет етпекте.
Президент Шавкат Мирзиёев тигиўшилик цехындағы жумыс процесин көзден өткерди, жумысшылар менен қызғын сәўбетлести.
- Сиз бенен ушырасқанымнан қуўанышлыман. Бул жерде жаратылған шараятлар, шөлкемлестирилген жумыс орынлары халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбар - елимиздеги кең көлемли өзгерислердиң бир бөлеги. Сөзсиз, жумыс орынларына талап артып бармақта. Соның ушын буннан былай да жедел ислеймиз, ҳәр бир аймақта жаңа имканиятлар жаратыўға ҳәрекет етемиз, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы жерде Президентке Нарпай районында суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, насос станцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыўға бериў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында презентация өткерилди.
Нарпай районында 8 насос станциясы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик секторға берилди. Өткен дәўирде 12,3 миллиард сум инвестиция есабынан 21 насос агрегаты жаңаланып, жыллық электр энергиясының жумсалыўы 68,1 миллион киловатт сааттан 34,1 миллион киловатт саатқа шекем қысқарды.
Улыўма, Самарқанд ўәлаятының суў хожалығына жаңаша илимий көзқараслар енгизилмекте. Усы мақсетте илим ҳәм әмелияттың өз-ара байланысын тәмийинлеў ушын ўәлаят ҳәкимине илимий кеңесгөй бириктириледи. Сондай-ақ, тараўда дуал билимлендириў жолға қойылып, суў хожалығы, аўыл хожалығын механизациялаў, гидротехника ҳәм гидроэнергетика, кадастр бағдарлары бойынша 72 студент ушын 6 айлық үзликсиз әмелият шөлкемлестириледи.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге бул жумысларды избе-из ҳәм системалы даўам еттириў бойынша тапсырмалар берди.