Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиўлер алдында мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин жаңа Конституция бойынша референдум табыслы өткерилгени менен қутлықлады.

Аймақларда турақлы өткерилип атырған рәсмий емес ушырасыўлар еки тәреплеме ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди ашық-айдын ҳәм конструктивлик додалаўға хызмет етип атырған жақсы дәстүрге айланғаны атап өтилди.

Қазақстан Президентиниң өткен жылы ноябрь айындағы Өзбекстанға сапары даўамында ерисилген келисимлердиң әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Барлық дәрежедеги байланыслар, соның ишинде, ҳүкиметлераралық ҳәм парламентлераралық бирге ислесиў жеделлести.

Өткен жылдың жуўмақларына бола 5 миллиард долларға жеткен товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта. Автомобиль қурылысы, инфраструктураны раўажландырыў, логистика, электротехника, қурылыс материаллары ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.

Химия, геология, энергетика, автомобиль компонентлерин ислеп шығарыў ҳәм басқа да тараўлардағы бир қатар жаңа басламалар көрип шығылды.

Транспорт-логистика байланыслылығын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Шегара инфраструктурасын модернизациялаў, тарлықларды сапластырыў ҳәм сыртқы базарларға шығыўды тәмийинлейтуғын нәтийжели транспорт коридорларын қәлиплестириў бойынша қоспа илажларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, тәреплер Қамбарата ГЭСин қурыў, "жасыл" энергияны экспорт етиў бойынша басламаларды алға қойыў сыяқлы ири регионаллық жойбарларды жеделлестириў мәселелерин додалады.

Суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм регионаллық экологиялық басламаларды, соның ишинде, шегара алды аймақларда "Таза ҳаўа" жойбарларын алға қойыў бойынша биргеликте жумыс алып барыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жетекшилер инновациялық ҳәм жоқары технологиялық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, космослық технологиялар, санластырыў, электрон саўда ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша умтылысларын билдирди.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириў, соның ишинде, мәденият күнлери, жаслар форумларын өткериў, креатив экономика ҳәм туризм тараўларында шерикликти беккемлеўге келисип алынды.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық сиясат мәселелери бойынша да пикир алысты.

Ушырасыўда Бас министрлердиң орынбасарларының саўда-экономикалық күн тәртибиниң әҳмиетли тәреплери, соның ишинде, жақын келешекте өз-ара саўданы 10 миллиард долларға жеткериў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққындағы мәлимлемелери тыңланды.

Сөйлесиўлер жуўмағында ҳүкиметлерге ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша "жол картасы"н қабыл етиў тапсырылды.